Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- Пайдакүнем Өмирбек
ӨМИРБЕК ЛАҚҚЫ
(Шымбай əпсаналары) Бир геллеге қонып мыңлардың бахты, Пақыр-пуқаралар қыйналған ўақты, Ашшы күлки менен журтын жубатып, Шымбай жақта өткен Өмирбек лаққы. Онда үй болмаған, ылашық болған, Бирақ қайда барса жол ашық болған. «Өмирбек келипти» десе бир үйге, Шийдиң жыртығына таласық болған. Ол қазыўға барса қашар уўайым, Жеңиллесер Кегейлиниң ылайы. Ол ораққа шықса, күнликши халқы Шадлы күлкилерге батар удайы. Оны көрсе байдың жүзи қубарар, Молла, ийшанның сəллелери шубалар, Муртын таўлап жуўап урса Өмирбек, Мен-мен деген қыз-келинлер тубалар. Оның өзи - қуўаныштың белгиси, Сөйтип атқа шыққан екен бул киси. Тотыққан пазнаны иске салғандай, Ғам кеўилди жарқыратқан күлкиси. Кел жигитлер, гəпти онша созбайын, Бир қазанға күйдирейин сөз майын. Ҳəм сол майға салған гүриш пискенше, Бес-алты аўыз орсақы сөз қозғайын. Пайдакүнем Өмирбек Дем ишинде жигитлик дем-дем екен, Жигит болды, сөйтип бизиң Өмекең. Қолтығында қайқылықтың қанаты, 67 Үйге тийер пайдасы сəл кем екен. Сонда оған ата-анасы сөйледи: «Сен, жүўермек, қайқылықты қой - деди Пайда қуўар басқалардың баллары. Ал сен мəзи собырайған бой деди. Сен жүрипсең зекиўан боп жəн-жакта, Сендей баллар күнде барып саллаққа. Ишек-қарын алып саўда қылса да. Ата-ананың аўзына ас салмақта. Деп анасы ызалы тил қатады, Бул сөз оның шымбайына батады. Таң азаннан турып алып Өмирбек, Базар бетке қарай адым атады. Аралап жүрсин бе ол базарыңды! Сатып алды бир қап ишек-қарынды. Пайдасына сатпақ болып еп пенен, Гə мақтады, гə «алың» деп жалынды. - Ал, алайық неден бала, қарының? - Қаптан... - деди, қазып сөздиң қарымын. - Қарыныңды неге бересең? - десе, - Пулға, деди, берер жери бəриниң … - Қарының таза ма?- деп сорағанға Деди: Басың бас па яки шалғам ба? Бунша ақмақ болғаның не, яшуллы. Қарын бола ма ол таза болғанда?... Ишек-қарын қалды сөйтип, «пайдаға» Кеш болғанда қаптың аўзын байлады. Жас саўдагер мол пайдаға қуўанып, Мине, үйге арқаланып айдады. «Бүгин өзим таныттым-аў талайға. Епсиз емес екенмен - деп - қалайда",- Ай-ҳай, бизиң пайдакүнем жас жигит, Келер батып белшесинен ылайға. Аяғы тайып кетип еси жарымның, Ыңқ етти ишине терең қарымның. «Өлə пайданың астында, Өмирбек!" Депти астында жатып бир қап қарынның... 1962-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling