Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


МЕНИҢ ЖИГИТ ЎАҚТЫМ, СЕНИҢ ҚЫЗ ЎАҚТЫҢ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

МЕНИҢ ЖИГИТ ЎАҚТЫМ, СЕНИҢ ҚЫЗ ЎАҚТЫҢ 
Б-ға 
ТАШГУ десем, дəрҳал түседи еске,
Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың ...
Туўра самолеттен түстим-де кеште,
Жатақ жайыңыздың есигин қақтым. 
Нөкисте екениңде сен мени күнде,
Ҳəтте саат сайын сағынар едиң.
Бул сапары көрип мени Ташкентте,
Салқын мыйық тартып «сенбисең» дедиң. 
Гүлшанда ашылған бир таза гүлдей,
Шырайыңа шырай қосқан екенсең.
Қуўанышымды қəйтип айтарды билмей,
Жутынып, телмирип қарай бердим мен … 
Кеттик қолтықласып көшени бойлап,
Үнсиз киятырмыз. Еснеп қоясаң.
«Жаным, айтшы, киятырсаң не ойлап?
Ертең ушырасамыз қай жерде, қашан?». 
Зер көйлек қоз шашып жанар үстиңде. 
Сен айттың: «əпиў ет, мазам жоқ…» дедиң. 
Ҳəм мəрмер текшеден сырғып түстиң-де, 
Кеттиң … Мен сен ушын бийгəна едим. 
Соңғы «Казбегимди» тутатып алып,
Узақ тентиредим Əнҳар бойына.


62 
Мəжнун тал шақасын суўларға малып,
Сениң шашларыңды салар ойыма... 
ТАШГУ десем, мудам түседи еске.
Мениң жигит ўақтым сениң қыз ўақтың...
Саған енди қайтып мəлел бермеске
Бел байлап, жанымды отларға жақтым. 
«Кел» деп шақырады ашық айналар,
Бағлар «кел, жигитим қайғырма» десер.
Жүрегимди тырнап жылар «Тəнаўвар»,
Жапырақларды тинтип самаллар есер. 
Мен ҳəр барған сайын енди Ташкентке, 
Саған көринбеўге тырысар едим.
Бир күни тосаттан мени көрдиң-де,
«Ырас-ақ сенбисең, сенбисең?» дедиң. 
Əйне сəҳəр ўақта ашылған гүлдей,
Қыз болып пəтиңе минген екенсең.
Ҳинд қолына түскен асыранды пилдей,
Үнсиз жетегиңе ере бердим мен. 
Таўыстай таранған Ташкент қызлары
Дослық иззетлерин көрсетти маған.
Ески досларымдай күлисип бəри,
Жайды алдыма студентлик дастурхан ... 
ТАШГУ - билим бағы, жаслар дослығы,
Қанша кеўиллерге нур берер жақтың!
ТАШГУ - мың-мың қыз-жигитлер жаслығы,
Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың... 
1962-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling