Ибрайым юсупов


Download 2.8 Kb.
Pdf ko'rish
bet15/34
Sana15.06.2023
Hajmi2.8 Kb.
#1479932
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
 
НАЗАРХАН ЕЛИНЕ 
Бес төбеден гүўлеп атлар қашқанда,
Қыйқыўын жеткизген елсең Назархан.
Жәйҳун дәрья қызыл суўдан тасқанда,
Басыўда көгерген гүлсең Назархан. 
Мәканлап пайызлы суўдың жағасын,


43
Билмедим, неше жуз жасаған жасың.
Тарийх сатырлатып айдап арбасын,
Үстиңнен жол салған елсең Назархан. 
Дәрбент жолда көп мийманды атқардың,
Сестинен оянып атқан топлардың,
Хан Жөнейид пенен Шайдаковлардың
Қырғынларын көрген елсең Назархан. 
Арқаң кең ҳаўалы таслақ даласы.
Шығысың айбатлы Шылпық қаласы.
Бадай менен Хожакөлдиң арасы.
Қутлы мәкан басқан елсең Назархан. 
Тарийх гузарында турған сақшының,
Жәриялап айтайық исин жақсының.
Ўатанысаң даңқлы Жапақ бақсының,
Саз-сәўбетти сүйген елсең Назархан. 
19-Сентябрь, 1992-жыл. Назархан. 
 
 
САҚЛАНЫҢ БҮГИНГИ БУЗЫҚ ҲАЎАДАН 
(Шайыра Зульфияға) 
Қатты бузық көрдим күнниң ырайын,
Жанға жағымсыз бир самал ызғырар,
Үй қасында бағда кеш түскен сайын,
Ойшаң қәдем басып шайыра барар. 
Жапырақларын төгип оның жолына,
Үнсиз гүзетеди мықлы шынарлар,
Ғарғалар ғақылдап анҳар бойында,
Әлле қайда муңлы майналар жылар. 


44
Гүл мәўсими питип, өткенин жаздың
Өкиниш соқпағында ойлап барар ма?
Я ерте үзилген бир сулыў саздың
Әрманлы ҳаўазы жылап барар ма? 
Мудам жаралыдур шайырдың жаны,
Лекин илтимасым, сизден, шайырам:
Умытсаңыздағы пүткил дүньяны,
Сақлаң өзиңизди мына ҳаўадан. 
Гүз емес, қыс емес, бир ийт аўара,
«Бул қай мәўсим?» деп - те сорамас ҳәзир.
Исенип болмайды бундай ҳаўаға,
Ким болғаныңа ол қарамас ҳәзир. 
Жалғызлық сазында жалғыз шархана,
Самал сүйкенсе де ол жылар бәлким. 
Өкиниш соқпағынан қайтың арқаға.
Ҳүжданыңыз пәкдур, жүзиңиз жарқын. 
Дәртли лираң менен инсанлар бахытын
Жан күйдирип жырлайсыз сиз удайы.
Гөззаллық гүлшанын, сабыр дарақтың
Кеўил бостаныңызға еккен қудайым. 
Бийби Фатманы мен ядыма алсам,
Кеўлимде ҳүрметим артады сизге.
Егер мен бир диншил мусулман болсам,
Намаз оқыр едим етегиңизге. 
Сөз бар «сақланғанды сақларман» деген,
Бәрин илажлайды дени саў адам.
Зинҳар, сәл қымтаның, өтинемен сизден,
Сақланың мына бир бузық ҳаўадан ... 
Апрель, 1991-жыл. 


45

Download 2.8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling