Ибрайым юсупов


ДӘЎИРЛЕРГЕ ДАЎЫРЫҚ САЛҒАН ЖАС ҚАЛА


Download 2.8 Kb.
Pdf ko'rish
bet14/34
Sana15.06.2023
Hajmi2.8 Kb.
#1479932
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
ДӘЎИРЛЕРГЕ ДАЎЫРЫҚ САЛҒАН ЖАС ҚАЛА 
 
(Тақыятас қаласының қырқ жыллығына) 
 
Көз қыйығын салып көрсең картаға,
Бир қала бар биз жасаған арқада.
Алтын күнниң сынығындай жарқырап,
Әтирапына сәўле шашар бәрҳама. 
Тарийх берер ҳәр заманға бир заман,
Түрли муқамларға дөнип тур заман.
Жас болса да, заманында дүньяға
Оның даўырық салғанына ырзаман. 
Несибесин салып уллы несиптен,
Тербетилип жатып алтын бесикте,
Бул қаланың иңгалаған даўысын
Заманында пүткил жәҳән ееиткен. 


41
Техниканың тайнапыры мыңлаған 
Ис басларда жер қулағы шыңлаған,
Кремльдиң телефоны шыңғырлап,
Сталинниң даўысын да ол тыңлаған... 
Еске алсаң, мәзи ертек болғандай,
Кеше көргенлериң бүгин жалғандай,
Кең аймақтың энергетик жүреги,
Бүгин бунда дүрис-дүрис соғып турғандай. 
Бул жүректен таралған қан тамырлар,
Жеткен жерде жеңиллесер аўырлар.
«Ырысқыңды сат, - рәўшан ал» дегендей,
Жайнап-жаснар мың сан қала-аўыллар. 
Бул қаланың қолы жетпес қай жаққа?
Гүриш тазалап, шығарады тай пахта.
Бетон ийлеп, сыйыр саўып, от жағып,
Қызлар менен балық аршыр Мойнақта. 
Ол жарқ етсе, кеўлиң ўақты хошлықта,
Телевизор көрерсең қол бослықта,
Ургениште гилем тоқып бул қала,
«Мерседес» ке завод қурар «Дослық» та. 
Бул қаланы ҳәмме жерде яд етер,
Нуры түскен жерин шын абат етер. 
Қаратаўда ғасырлатып тас шайнап,
Ташаўызда түркмен елин шад етер. 
Ол қорықпайды базар деген бәледен.
Бир жарқ етсе, миллион манат төлеген.
Төлемесең, қараңғыда қалдырып,
Төлегенди шуғласына бөлеген... 


42
Ҳәр елат бир парқы менен айырылар,
Бул шәҳәрге дәўлет қусы қайырылар.
Қосық жазса Тақыятас туўралы,
«Нур қаласы» деп мақтайды шайырлар. 
Саўлатына таңырқанбай қоймайсаң.
Жас ҳәм сулыў дийдарына тоймайсан.
Жәйҳун дәрья бурқып аққан жағысқа
Шамшырақ тас түскен бе деп ойлайсаң. 
Қырқ жас деген бир жигиттиң дәўири,
Алпыста да сыр алдырмас тәўири.
Талай ғарры қалаларды қыздырар
Тақыятас ГРЭС - иниң ҳәўири. 
Қалағанда бул қаланың тырнағын,
Сазға қосып уллы қурылыс ырғағын,
Акация гүллеп атқан бул жерде,
Жаслығымда мен де оны жырладым. 
Жырла десең, елеберин жырлайман,
Қыялымда қуяш болып нурлайсаң,
Аққуўдай таранып Әмиў бойында,
Келешекке нур таратып турғайсаң! 
8-сентябрь, 1993-жыл. 

Download 2.8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling