2019-жыл жуӱмақлары бойынша инфляция дәрежеси прогноз коридорыныӊ жоқары шегарасында болып, 15,2 пайызды қурады.
3. Өзбекистанда бугинги күндеги инфляция дәрежеси
Өзбекистанда инфляция бир айда 1,3 пайызға тезлести.
Март айы даӱамында Өзбекистанда тутыныӱ нарықлары ҳәм тарифлериниӊ орташа өсиӱ тезлиги 1,3 пайызды қурады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитети хабар бермекте.
Инфляция дәрежеси январь ҳәм февраль айларында сәйкес рәӱиште 0,6 ҳәм 0,8 пайызға теӊ болған еди.
Солай етип, 2020-жылдыӊ дәслепки шерегинде тутыныӱ базарындағы нарықлар ҳәм тарифлер орташа 2,8 пайызға көтерилди.
Бир жылда болса (2019-жылдыӊ мартына салыстырғанда) товарлар ҳәм хызметлер нарықларыныӊ орташа өсиӱ тезлиғи 13,6 пайызды қурады.
Нарықлар ҳәм тарифлердиӊ өсиӱи еӊ көп азық-аӱқат өнимлерине гүзетилди –1,9 пайыз. Азық-аӱқат емес өнимлери баҳалары 0,9 пайызға, хызметлер болса 0,8 пайызға асты.
Улыӱма алғанда, 2020-жылдыӊ I шереги даӱамында азық-аӱқат өнимлерине баҳалары 4,3 пайыз, азық-аӱқат емес өнимлери 1,7 пайыз, хызметлер 1,5 пайызға жоқарылады.
Бақланып атырған азық-аӱқат өнимлериниӊ тийкарғы гуруппалары ишинде март айы даӱамында мийӱе-палызлар (5 пайыз), гөш, қус гөши ҳәм балық (1,7 пайыз), майлар (1,3 пайыз), нан (1,2 пайыз) ҳәмде сүт өнимлери сезилерли дәрежеде қымбатлады.
2019-жылдыӊ ақырына салыстырғанда, мийӱе-палызлар (12,5 пайыз), гөш, қус гөши ҳәм балық (4,1 пайыз) өнимлери баҳаларында сезилерли өсиӱ гүзетилди.
Shet ellerde bahalar o`siwi arqali payda bolg`an inflyatsiya ne dep ataladi: - Importlang`an;
- Giperinflyatsiya;
- Ishki inflyatsiya;
- Turaqli;
Inflyatsiya kimlerge paydali: - Obligatsiya iyelerine;
- Turaqli da`ramatqa iye bolg`an puqaralar;
- Qarizdarlarg`a;
- Isbilermenler;
Дыққатларыңыз ушын рахмет!!! - Дыққатларыңыз ушын рахмет!!!
Баймуратова З.
Do'stlaringiz bilan baham: |