International journal of word art


СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART


Download 342.6 Kb.
Pdf ko'rish
bet10/13
Sana24.12.2022
Hajmi342.6 Kb.
#1055351
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
3325-Текст статьи-6739-1-10-20211102

СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART
№2 | 2020
181 
жыллары 
дөретилген 
эпикалық 
характердеги 
дөретпелер 
1930-жылларға 
келип, 
Ж.Аймурзаевтың «Қызкеткен» (1932), «Жумагүл» (1933), «Гүрес» (1934-1935), «Гүресте 
жеңдик» (1936), Қ.Әўезовтың «Қазыў» (1935), М.Дәрибаевтың «Айпара» (1935-1936), 
«Айымжамал» (1935), «Қалжан» (1937), «Шегарада» (1938), Д.Назбергеновтың «Саға» 
(1935), «Колхоз қызы» (1935), «Жаслық жыры» (1938) шығармалары негизинде поэмалардың 
жаңа жанр сыпатында қәлиплесиўине белгили тәсир жасады. Бул поэмалардың қурылысында 
тийкарынан эпикалық сюжет ҳәм эпикалық қаҳарманлар белгили орын ийеледи. 
Екинши жәҳән урысы жылларында Ж.Аймурзаевтың «Перзент» (1942), «Қошқар батыр» 
(1942), «Мениң жолдасларым» (1943), Д.Назбергеновтың «Сырлы көйлек» (1942), «Еки 
батыр» (1944), Ә.Турымбетовтың «Дослық ҳаққында» (1943), Т.Сейтмамутовтың «Жетимнен 
жетилгенлер» (1941), С.Қурбаниязовтың «Оксана» (1941), А.Бегимовтың «Ана» (1942), 
«Туўылған жер» (1945) ҳ.т.б. поэмалары дөретилди ҳәм шайырлар баслы дыққатын 
фольклорлық ҳәм классикалық әдебияты дәстүрлеринен үнемли пайдаланыў арқалы жаңа 
типтеги қаҳарман образын жаратыўға ҳәм ўақыяларды тәсирли етип сүўретлеўге умтылды. 
Бул поэмаларда эпикалық ўақыялар көбирек объектив түрде сүўретленип, қаҳарман образы 
менен характери тәриплеў усылында берилди. Сонлықтан болса керек, усы дәўир қарақалпақ 
поэмаларын арнаўлы үйренген илимпаз Ә.Насруллаев көркем сөз ийелери Ж.Аймурзаев, 
Т.Сейтмамутов, А.Бегимов, Д.Назбергенов ҳәм М.Дәрибаевлардың поэмаларының формасы 
жағынан фольклорлық шығармаға жақын болғанлығын ҳәм оларда қаҳарманды тәрийплеў 
көп орын алғанлығын айрықша белгилеп өтеди [10:99]. 1953-1964-жыллардағы қарақалпақ 
поэмаларын изертлеген илимпаз Қ.Султановтың изертлеўинде де 1920-жылларға шекемги 
ҳәм оннан соңғы жыллардағы шайырлардың шығармаларында образ дөретиўдиң ең негизги 
принциплеринен бири – тәрийплеў болғанлығы атап өтилген [16:15]. Демек, 1930-1950-
жыллардағы поэмаларда сүўретлеўдиң тәрийплеў усылының үстемлик етиўи, олардың жанр 
тәбиятында эпикалық қәсийетлериң басым болғанлығын көрсетеди. Себеби, «тәрийплеўдиң 
күшейиўи баянлаўды бөрттиреди»[10:98]. Усылардан келип шығып, XX әсирдиң дәслепки 
шерегинде қарақалпақ әдебиятында эпикалық поэмалар пайда болып, қәлиплескенлигин 
белгилеп өтиўимизге болады. 
1941-1945-жыллары кең эпикалық сюжетке қурылған С.Қурбаниязовтың «Оксана» 
(1941), А.Бегимовтың «Ана» (1942), «Туўылған жер» (1942), Ж.Аймурзаевтың «Қошқар 
батыр» (1942), Д.Назбергеновтың «Еки батыр» (1942) шығармалары көп планлы, көлемли 
эпикалық поэмалардың қәлиплесиўине тийкар болды. Бул ҳақкында екинши жәҳән урысы 
дәўириндеги қарақалпақ поэзиясы бойынша арнаўлы изертлеў жумысларын алып барған 
әдебиятшы Қ.Жәримбетов былай жазады: «бундай типтеги поэмаларға (эпикалық поэмаларға 
Ш.С.) қурамы эпикалық элементлерге ийе болған сюжетли қосықлар менен фундамент 
қойылды. Сюжетли лириканың тийкарында поэма-очерк, документальлық поэма деп 
аталатуғын оператив формадағы поэмалар туўылады» [7:14]. 
1945-жылдан соң әдебияттың басқа жанрлары сыяқлы қарақалпақ поэмалары халық 
өмиринде жүз берген жаңа өзгерислерди жырлаўға, урысты қаралап, тынышлық, 
парахатшылықты, халық хожалығын қайта тиклеў темаларын көркем сүўретлеўге 
бағдарланды. Елде тынышлық орнатылған, парахат турмыстың жаңалықларын кең 
жәмийетшиликке жеткерип бериўде шайырлар өмирдиң кең эпикалық сюжетлерин объектив 
түрде көркем сүўретлеў менен шекленип қалмастан, лирикалық қаҳарманның ишки 
туйғылары арқалы сәўлелендириўге баслы дықкат аўдарды. Бул 1950-жыллардан кейинги 
қарақалпақ поэмаларының қурылысында лиризмниң тереңлесиўине ҳәм дәслепки лирикалық 
поэмалардың пайда болыўына алып келди. Поэма дөретиўдеги усындай жаңалықты, 
изертлеўши Қ.Султановтың «қарақалпақ совет поэмаларының 1930-40-жыллардағы тарийхы 
лироэпик, эпикалық поэмалар менен белгиленеди. Елиўинши жылларға келе лирикалық 
поэмалардың дөрелиўи айрықша дыққатқа миясар»[16:20], – деген пикирлери айқын 
дәлиллейди. 
Қарақалпақ әдебиятында шын мәнисиндеги лирикалық поэмалардың пайда болыўына 
халқымыздың талантлы шайыры И.Юсупов өткен әсирдиң 1940-жылларының ақырында 



Download 342.6 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling