International journal of word art


СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART


Download 342.6 Kb.
Pdf ko'rish
bet11/13
Sana24.12.2022
Hajmi342.6 Kb.
#1055351
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
3325-Текст статьи-6739-1-10-20211102

СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART
№2 | 2020
182 
дөреткен «Жолдас муғаллим» (1949) поэмасы менен тийкар салды десек те болады. Себеби, 
бул поэма сюжетиндеги халықтың социаллық өмири менен байланыслы болған турмыс 
ҳақыйқатлығы, лирикалық қаҳарманның ишки кеширмелери арқалы ашып бериледи. Яғный, 
«Жолдас муғаллим»де объектив ўақыяларға, субъектив қатнас жасаў айқын сезилип турады. 
Сонлықтан да, усы поэма бойынша әдебиятшы илимпаз С.Ахметов «поэманың және бир 
әҳмийетли жағы – оның лиризми, яғный ўақыялардың сүўретлениўинде шайырдың көз 
қарасы, қатнасы, тиккелей араласып отырыў, тәбияттың жанландырылып берилиўи деп 
есаплаўға болады»[2:229], – деп оғада дурыс пикир билдиреди.
Қарақалпақ поэмаларында лиризмниң тереңлесиўине А.С.Пушкин, В.Маяковский, 
М.Ю.Лермонтов, 
Ҳ.Олимжон, 
М.Шайхзада, 
Миртемир, 
С.Сейфуллин, 
С.Муханов, 
Қ.Аманжолов ҳ.т.б. сыяқлы көркем сөз ийелериниң дөретиўшилигиндеги ўақыяларды 
лирикалық тийкарда сүўретлеген поэмалары унамлы тәсир жасады. Қарақалпақ шайырлары 
аты аталған талант ийелериниң поэзиялық дөретпелерин түп нусқада ҳәм аўдарма 
жәрдеминде оқыў мүмкиншилигине ийе болды. Нәтийжеде, 1960-1980-жылларға келип, 
қарақалпақ поэмаларында жаңа ой-пикирге ийе инсан өмирин, оның тәғдирин, руўхый 
дүньясын, ишки психологиясын көркемлик пенен сүўретлеўге баслы дыққат аўдарылды.
Яғный, поэмалардың эпикалық сюжетинде ўақыяларды лирикалық, драмалық тәризде 
сүўретлеў усыллары пайда болды. Әлбетте, бул қубылыс көркем сөз шеберлериниң өз 
поэмаларында сүўретленип атырған ўақыялар менен инсан тәғдирин көркем излениўшилик 
пенен дөретиўге ҳәм өз оқыўшысына поэтикалық формада эмоционал тәризде жеткерип 
бериўге умтылысларын көрсетеди. 
Лекин, әдебиятта ҳәр бир талант ийесиниң өз қол таңбасы, өз ҳаўазы болғаны сыяқлы
поэма дөретиўде де шайырлардың өз стили, өз жолына ийе екенлиги байқалады. 1950-70-
жыллары поэма жанрында А.Дабылов, С.Нурымбетов, Т.Жумамуратов, Б.Қайыпназаров, 
И.Юсупов, Т.Сейтжанов, Ғ.Сейтназаровлар қалем тербеткен болса, 1960-1980-жылларға 
келип олардың қатары Т.Мәтмуратов, К.Рахманов, М.Сейтниязов, Т.Сәрсенбаев ҳ.т.б. менен 
толысып барды. Олар дөреткен поэмалардың идея-тематикасы халықтың бастан кеширген 
өмири, елдеги тарийхый-жәмийетлик өзгерислер, тарийхый инсанлар ҳәм социаллық турмыс 
пенен тығыз байланыслы болыўына қарамастан, ўақыяларды лирикалық, эпикалық, лиро-
эпикалық, лиро-драмалық сүўретлеўлери менен бири-биринен ажыралып турады.
Солай етип, қарақалпақ әдебиятында XX әсирдиң орталарынан баслап поэма дөретиўге 
үлкен қызығыўшылық ҳәм көркем излениўшилик пенен кирисилгенлиги айрықша көзге 
тасланады. Бундай излениўлер қарақалпақ поэмаларының жанрлық жақтан кеңейип, идея-
тематикалық ҳәм көркем-эстетикалық жақтан да раўажланып барғанлығын көрсетеди.
Жуўмақластырып айтқанда, XX әсирдеги қарақалпақ поэмаларының дәслепки дереклери 
XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы халық шайырлары дөретиўшилигиндеги 
сюжетли қосықлардан басланып, усы эпикалық поэзия тийкарында 1920-жыллары поэма 
жанры қәлиплести. Сол тийкарда, ХХ әсирдиң дәслепки шерегиндеги қарақалпақ 
әдебиятында эпикалық поэмалар раўажланды. Екинши жәҳән урысы дәўиринде эпикалық 
сүўретлеўлерге тийкарланған поэмалар әдеўир дәрежеде жетилисип, поэманың поэма-очерк, 
поэма-новелла, документальлық ҳәм ертек-поэма сыяқлы түрлери пайда болды. XX әсирдиң 
1950-60-жылларына келип, қарақалпақ поэмаларының жанрлық тәбиятында жаңарыў 
процесслери жүз берди. Әлбетте, бул қарақалпақ поэмаларында лиризмниң тереңлесиўине 
ҳәм лирикалық поэмалардың пайда болыўына алып келди. 1960-1980-жылларда шайырлар 
тек ғана эпикалық ямаса лирикалық сүўретлеўлер менен шекленип қалмастан, ўақыяларды 
баянлаўда ҳәм инсан характери менен писхологиясын ашып бериўде драмалық, 
романтикалық ҳәм философиялық сүўретлеўлерден де шеберлик пенен пайдаланып отырды. 
Қарақалпақ 
поэмаларының 
қурылысындағы 
бундай өзгеше 
қубылыс, 
бул 
жанр 
шығармаларының идея-тематикалық, жанрлық ҳәм стиллик жақтан жылдан-жылға 
жетилисип, өз бойына синтетикалық белгилерди сиңдирип барғанлығын көрсетеди. 
 



Download 342.6 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling