ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


Газета, журналистика ҳәм журналист атамаларының келип шығы


Download 0.52 Mb.
bet5/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   15
Bog'liq
KITAP

Газета, журналистика ҳәм журналист атамаларының келип шығыўы тарийхына қысқаша нәзер таслайтуғын болсақ, онда дәслеп, 1538-жылы Венецияда исленген гүмис теңгениң «газзета» (қара бақыр, шақа) деп аталғанын еслеп өтемиз. Сол жыллары бул елде жаңалықлар жазылған бир бетлик жарлықтың (листовканын) баҳасы 1 «газзетта»ға тең болған. Соңғылығында баспадан шыққан өним газета деп аталып кеткен. Солай етип, газета Бельгияда 1609 жылы, Англияда 1622, Францияда 1611 жылдан шыға баслады.
Журналист атамасының пайда болыўы Парижде 1665 жылы басылып шыққан ҳәм биринши болып дизимнен өткен «Журнал де Севан» («Алымлар журналы») менен байланыслы десек болады. «Журнал» сөзи күнделик, ҳәптелик дегенди аңлатып, оны шығарыўшылар журналистлер деп атальш кеткен.
Адамлар, еллер арасында социаллық әҳмийетке ийе болған мағлыўматлардың пайда болыўы, оны тарқатыў әдислериниң жетилистирилиўи адамзат тарийхында мәлимлеме (информация), хабар деп аталатуғын жаңа ҳәрекеттиң пайда болыўына себепши болды. Бирақ, соңғылығында үлкен бир системаға айланған журналистиканы тек информация тасыўшы, жаңалык жеткериўши ҳәрекеттиң көриниси деп караў надурыс болады. Европада ХVII-ХVIII әсирлерге келип, журналистика тараў сыпатында қәлиплесе баслады. Буған әлбетте, текстлерди жазыў ушын ҳәрип белгилериниң, шрифтлердиң вариантларын, баспа, типография дәскелериниң жетилискен жаңа түрлерин ойлап табыў үлкен тәсирин тийгизип барды.
Россия мәдениятының раўажланыў жолына түскен IX-X әсирлер басларында рус халқы тарийхындағы аға-инили Кирилл ҳәм Мефодийлердиң славян-рус азбукасы ҳәм жазыў системасы болған кириллицаны еңизиўи шешиўши роль ойнады. Рус императоры Петр I 1708-жылдан баслап, ески ширкеў-славян жазыўының орнына жаңа пуқаралық әлипбесин енгизип, газеталар сол шрифт пенен шыға баслады.


Германияда Иоганн Гуттенберг Мойниц қаласында (XV ә.) бөлек литрадан (ҳәрип ҳәм иркилис белгилери өз алдына қуйылған) терип қурастыратуғын шрифт ойлап тапты ҳәм текстлер сол тийкарда терилип, «Библия»ны басып шығарды. Солай етип, ол китап басып шығарыў дәўирин баслап берди. Ал, Россияда биринши печатник Иван Федоров Петр Мстиславец пенен бирге биринши русша китап «Апостол»ды (XVI әсир) шығарды. Америкада болса, жер силкиниў ҳаққында жазылған бир бетлик брошюраны 1541-жылы басып шығарып, баспахана исине тийкар салынды. Солай етип, ҳәр жер ҳәр жерде полиграфия санааты әсте ақырын раўажлана берди.
Ғалаба хабар хызметиниң тез пәт пенен раўажланыўына
ҳәр қыйлы еллерде ойлап табылған техника жаңалықлары
да күшли тәсир көрсетти. 1832-жылы телеграфтың, 1839-жылы
фотографияның, 1876-телефон, 1877-жылы адам ҳаўазын
жазып алыў, 1884-жылы телевизиялық ҳәм 1895-жылы радиотехниканың ойлап табылыўы дүньядағы мәдений, экономикалық, социаллық раўажланыў процесси менен бирге журналистикаға да пәт ендирди.
Егерде Азия еллериниң тарийхына нәзер салатуғын болсақ, кореялылар өзлериниң әййемги китап шығарыў музейин миллий мақтаныш сыпатында сақлап киятыр. Бунда дүньядағы ең әййемги басылған китап нусқалалары сақланған. Бул ел тарийхының гүўалық бериўине қарағанда, металл шрифтлер менен терип китап шығарыў Гуттенберг ойлап тапқан шрифттен 70 жыл бурын исленген. Ал, Қытайда терилетуғын шрифтлер типографияларда XI әсирде пайдаланыла баслаған. Тарийхшылар Қытайдың «Кingpao» («Пайтахт хабаршысы» газетасын дүньядағы ең биринши шыққан газета (911) деп| атайды. Ол 1361-жылдан баслап турақлы шығып турған.
Россияда Петр I 1702-жылы «Ведомости» газетасын шығарған, ал биринши журнал 1728-жылы жарық көрген.

Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling