ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
- Bu sahifa navigatsiya:
- Пикир билдириушилер : Досымбетова А
- Қарақалпақстан ” баспасы 2021 КИРИСИ Ў
- « mass media »
Гулбәхар Тоқымбетова ЖУРНАЛИСТИКАҒА ҚӘДЕМ НӨКИС 2021 УДК: 821.512.133-1 ББК: 5 Қар Гулбәхар Тоқымбетова Ө—90 (Илимий-методикалық қолланба) Нөкис : “Қарақалпақстан” баспасы 2021-жыл. 37 бет. Қолыңыздағы китапта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универсиети әдебиятшы муғаллими, автор Тоқымбетова Гулбәхардың журналистика бағдары ушын өзиниң мийнет жолындағы тәжрийбесинен келип шығып жазған китабы есапланады. Китаптан журналистика ҳәм баспа тийкарларына байланыслы көплеген мағлыўматларды алыўыңыз мумкин. Пикир билдириушилер: Досымбетова А - Қарақалпақ тили кафедра доценти Машарипова Т- Журналистика кафедра доценти ISBN 978-9943-346-59-8 “Қарақалпақстан” баспасы 2021 КИРИСИЎ Келешекте қәнигели журналист болып шығыў ушын университеттиң усы кәсип бойынша жоқары билим бериўге бағдарланған бөлимине түсип оқыў нийетине ерискен ҳәр бир талабан, өзи таңлаған кәсип тараўы бойынша теориялық билимлер менен танысыўды баслайды. Оның дәслепки басқышынан баслап олар бул тараўдың илимий көнликпелери бойынша бир қатар түсиниклер ҳәм теориялық бағдарларға ийе болады. Бул, өз гезегинде узақ мүддетли оқыў дәстүрлериндеги басқа пәнлерге кирисиўге де жол ашып береди. Улыўма алғанда, «Журналистикаға кирисиў» пәни журналистиканың баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының жәмийетте тутқан орны ҳәм хызмети, инсан ҳуқықлары ҳәм сөз, баспа сөз еркинликлери, ғалабалық аудитория, журналистлик хызметтиң жәмийет алдындағы ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилиги, редакцияны басқарыў органлары, редакция жумысын шөлкемлестириў, газета шығарыў, ғалаба хабар қуралларының (радио, телевидение) еситтириў ҳәм көрсетиўлери дәстүрлерин таярлаў, интернет журналистика, информациялық-психологиялық қәўипсизлик, журналист ҳуқықлары ҳәм оның мийнетиниң нызам менен қорғалыўы, журналист мәденияты менен этикасы нормалары, журналистликке кирисиў ушын өз үстинде ислеў, материаллар топлаў, жазыў ҳәм жәриялаўға усаған хызмет гүрлериниң улыўма қағыйдалары менен танысады. Бул, лекциялар жыйнағы сизге, журналистика ҳәм журналистлик кәсипке таярлаў бойынша оқытылатуғын барлық пәнлер алдындағы илимге қысқаша кирисиў болып есапланады. Соңғы дәўирлерде оны «баспа сөз» (печать), «пресса» деген сөзлер менен алмастырыў фактлери тез-тез ушырасатуғын болды. «Журналистика» деген дөретиўшилик мийнеттиң жәмийетте өз алдына тутқан үлкен орны бар, сиясий ҳәм социаллық мәселелерди шешиўде ҳәкимият органлары менен жәмийет ағзалары ортасындағы байланыс, көп пикирлилик (плюрализм), оқыўшылар аудиториясы арқалы адамлар сана-сезимине тәсир етип, белгили бир идеяға бағдарлайтуғын үлкен илимий-теориялық ҳәм әмелий хызмет тараўы болып есапланады. Ал, баспа сөз, ғалаба хабар қураллары—радио, телевидение, кинохроника ҳ.т.б. журналистиканың тараўлары саналады. Ҳәзирги ўақытта булардың бәрин жәмлеп, ғалаба хабар қураллары (ҒХҚ) деп атаў үрдиске айланды. XX әсирдиң орталарына келип Америкада ҳәм Европаның бир қатар еллеринде «mass media» деген сөз бирлиги пайда болды. Бул, америкалылардың түсиндирме сөзлигинде халық массасына қаратылған (радио, телевидение, кабельли ТВ, газета, журнал, китап ҳәм ҳәр қыйлы дискалар) ғалаба халықлық аудиторияға түрли жанр ҳәм көринистеги информацияларды жеткериўши баспа ҳәм коммуникация қураллары деп түсиндириледи. Ҳәзирги ўақытта ғалаба хабар қуралларының үлкен корпорациялары менен бирлеспелерин «масс медиа» ямаса «медиа» деп атаў дәстүр болды. Талабанлар өзлери таңлаған қәнигелигиниң илимий тийкарларын ийелеўи, кәсиплик әмелиятта ўатандарлық ҳәм жер жүзилик журналистиканың қатаң ҳәм сыналған критерияларына сай болыўы ушын философиялық ҳәм психологиялық, әдебияттаныў ҳәм экономикалық билимлерди терең ийелеўлери тийис. Талабанлар бул кәсиптиң теориялық ҳәм әмелиятта топланған сырларын оқыў сабақлықлары ҳәм қураллары арқалы үйрениў менен бирге, дүньядағы ең уллы ақыл-закаўат ийелериниң пүткил инсаният руўхый өмириндеги машқалаларға арналған мийнетлерин, биринши гезекте мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде ҳәрекет етип турған, ғалаба хабар қураллары ҳәм журналист хызметин тәртиплестирип турған нормативлик актлер, журналистлердиң изертлеўлери ҳәм социалогиялық изертлеўлер нәтийжелерин, ғалаба хабар редакциялары әсирлер бойы топлаған тәжирийбелерди терең үйрениўлери керек болады. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling