К. Рахманов Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Яр дийдары


Шамурат -Аўа, Мақпалды узатамыз деп отырмыз. Арыслан


Download 273.5 Kb.
bet16/24
Sana24.12.2022
Hajmi273.5 Kb.
#1063512
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   24
Bog'liq
К.Рахманов. Яр дийдары

Шамурат

-Аўа, Мақпалды узатамыз деп отырмыз.

Арыслан

-Ҳаў, тойдың үстине келген екенмен ғой. Кимге?

Шамурат

-Бизлер де билмеймиз. Мақпалдың өзиниң тапқаны.

Арыслан

-«Ғарры қыз бай таңлағыш» дейтуғын еди, өзи тапқан болса, жигитлердиң сейдини шығар? Бул дөгеректе ондай бойдақ жигитлер қалды ма екен, бала? Мендей бирең-сараны қалған болмаса…

Мақпал

-(кулип жибереди) Сонда сен жигитлердиң сейдинисең бе? Бойдақлардың маңлайысаң ба?

Арыслан

-Мен қара маңлайыман! Енди сол маңлайды ағартыўым керек.

Шамурат

-Қой, олай деме, балам, турмеге қамалып атырған жалғыз сен бе?

Айжан

-Сәл жерде жаладан кетип қалдың-аў, балам.

Шамурат

-Қәйдем, ҳәр ким ҳәр нәрсе айтады.

Арыслан

-Яқ, жала емес, ақ көкирекшиликтен кеттим. «Ақ көкиректиң аты озбайды, тоны тозбайды» дегендей… Ақ көкирекшиликтиң өзи ақмақшылық дегени рас екен. «Атаңа да исенбе» деген рас гәп екен. Енди гөне патлақты қозғадыңлар. Енди гөне патлақты қозғадыңлар, айтып берейин бастан. Усы ўаққа шекем тисимнен шығармап едим… Әй, Мақпал бир шийше әкел. Мениң келиўимниң ҳүрметине.


Download 273.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling