Кийикбай
|
-Жипек сабыр ет.
|
Жипек
|
-Жетер. Сен сол ғарры қызды не қыласаң, суйеги қатып кеткен оның.
|
Кийикбай
|
-Суйеги қатып кеткенде не, кемирейин деп атырман ба?
|
Жипек
|
-Нашар баланың суйеги қатып кетсе туўыўы қыйын болады ямаса туўмайды. Саған бала керек емес пе?
|
Кийикбай
|
- Керек ғой. Қанша болса да, яқ демеймен.
|
Жипек
|
-Туўғанда да ғарры төл туўады. Баланы өзим туўып беремен саған.
|
Кийикбай
|
-Қой Мақпалдың кеўлин қабарталмайман. Бурын айтсаң болады-ғо. Енди ўәделесип қойғанбыз, оны қалай бузаман.
|
Жипек
|
-Ўәде-түўе адамның тумсығыда бузылады. Еки бастан кәрханаң жабылады. Жумыстан қутыласаң. Сонша жайда бир өзиң не қыласаң. Сатып жиберейик. Нөкистен жай алайық. Сен инглис тилинен муғаллим боласаң, мен оқыўға киремен. Сен излеген яр дийдары Мақпал емес, алдыңда турған Жипек. Суўылдап көкирегиңдеги самалды тартып турған Жипекпен ғой. Мақпал менен Жипектиң парқына баратуғын ўақтың боды ғо Кийик.
|
Кийикбай |
-Жипек мен сени қарындасымдай жақсы көремен. Бундай ойды қаяқтан таптың. Я мен сени үмитлендиргендей бир нәрсе қылдымба?
|
Жипек
|
-Кийик мени кешир.
|
Кийикбай
|
-Кеширгендей ҳеш нәрсе болмады. Жипек, Жипек мына қызға не болған-ай. (Жипек шығып кетеди.)
Оҳ муҳаббат, сен не деген қудиретлисең. Мени де делбе қылған сениң усы мухаббатың ғой, Мақпал. Уҳ, журегим бунша алып ушып баратырғаны неси екен-ай. Қолым иске баражақ емес. Бийтаныс бир лаззетли сезимлер көкирегиме сыймай баратыр.
|
| МУЗЫКА |
|
Усы ма мухаббат журегимди куйдирген,
Усы ма мухаббат яр дийдарын суйдирген,
Усы ма мухаббат басгенемди ийдирген,
Бурын ашық болғанлар,
Мени өзлериң қоллаңлар!
Усы ма мухаббат питпейтуғын азабы,
Усы ма мухаббат сағынышы мазалы,
Усы ма мухаббат тарқамаған базары,
Бурын оны коргенлер,
мен ғәрипке жәрдем бер!
|