«Карақалпақта» Аржақ бержақ болып еки сан болған


Download 44.99 Kb.
bet1/2
Sana24.03.2023
Hajmi44.99 Kb.
#1290248
  1   2
Bog'liq
косык


« Карақалпақта »

Аржақ бержақ болып еки сан болған,


Бөлим-бөлим еллер қарақалпақта,
Үйрек ушып ғаңқылдасып ғаз қонған,
Айдын-айдын көллер қарақалпақта.

Шарўалары көшип атаў жайлаған,


Бийе саўып қатар қулын байлаған,
Қулан кийиклери секирип ойнаған,
Қыя-қыя шөллер қапақалпақта.

Қызлары бар қыя-қыя қаслары,


Ийнин жаўар өрим-өрим шашлары,
Шашбаўында алтын гаўхар таслары,
Перийзаттай қызлар қарақалпақта.

Душпанға мийримсиз исте өрнекли,


Урыста бир өзи мыңға дерекли,
Гөруғлы айбатлы рустем жүрекли,
Белли-белли беглер қарақалпақта.

« МИЙНЕТ ЕТ »


Кемтарлық жоқ уатанымда, халық абадан ел азат,


Оқыуға хәм де ислеуге ықтыярлы адамзат,
Жәхәнге тәрийпи түскен күшлериң бар кәрамат,
Мениң гүлистан елимде дәуран сүрген азамат,
Әдиули ана уатанға шын кеуилден хызмет ет.

Халық ушын тууылған ерсең, ел қәдирин бил сен ер,


Шадлы мәканымда жүрсең, зауқы сапа сүр сен ер,
Нур заманда өскениме разыман дерсең ер,
Жанымнан әзиз анам деп хүр уатанды сүй сен ер,
Қүдиретли күшлериңди көрсет халыққа хызмет ет.

Сүй уатанды сүй елиңди сыйла халыққа күш берер,


Халық хызметин бежергендей азаматқа ис берер,
Уллы исти қолға алсаң жумса күшти сал жигер,
Мийнеттиң палуаны болсаң исте танылған егер,
Ерлик даңқыңа ылайық ис ислеуди әдет ет.

Шөллерде бағлар дөретип сайран етип жүрмеге,


Душпанның ишин күйдирип шадлы өмир сүрмеге,
Жерлердиң баурын ийдирип мол зүрәәт үймеге,
Ислесең маңлай терлетип хәм рәхәт көрмеге,
Тилесең қурғын жасауды исле талап мийнет ет.
« НЕ БИЛСИН »

Қоразбан қолына түссе алғыр бас,


Қанатын қайырар қәдирин не билсин,
Бир шопан қолына түссе бир алмас,
Шақмақ тасы етер қәдирин не билсин.

Тынышлықтың қәдирин билмес хармаған,


Беглик ете билмес берим бермеген,
Шөлде ашлық машақатын көрмеген,
Үйде ыссы нанның қәдирин не билсин.

Кисиниң отына жанып писпеген,


Тойынбаған залымлардың дәстинен,
Жалғызлықта елден айра түспеген,
Үлкесинде ел қәдирин не билсин.

Кеткеннен соң аңлар адам дәулетин,


Билмес дәулет пенен кешкен нәубетин,
Шекпегенлер қәстеликтиң зохметин,
Бул гөззал саулықтың қәдирин не билсин.
Мақтымқулы айтар яру хәмдамге,
Келиң дослар шүкир етейик бул демге,
Хасла сөз мәнисин билмес наданға,
Мың мәни сөз айтсаң қәдирин не билсин.

« УАТАН ТӘРИЙПИ »


Бул уатан мәңгиликке жанымдай сырласым мениң,


Бул уатан мен гүл болсам нур берер қуяшым мениң,
Бул уатанда жасаушы адам бауырласым мениң,
Бул уатанның топрақлары хасыл гаухар тасым мениң,
Бул уатан жаным жүрегим хәмде көзим қасым мениң.

Тууылдым бул уатанда анамнан таң шағында,


Бауырман халық қууанып той баслады гүл бағында,
Уйқладым шийрин сүтин емип ана қушағында,
Жолыма гүллер төселди өсти нурлап жасым мениң,
Бул уатан жаным жүрегим хәмде көзим қасым мениң.

Мехрибан ана уатан деген сөзден шықты тилим,


Бүлбүлге қушақ ашып гулистанда өсти гүлим,
Қолыма тутып қәлем мектеп маған берди билим,
Мектептеги барлық жаслар болды заманласым мениң,
Бул уатан жаным жүрегим хәмде көзим қасым мениң.
« СЕНИ »

Ишки сырың айтпа хеш бир наданға,


Сырың елге жайып паш етер сени,
Уры газзап пенен ауыллас болма,
Малыңнан айырып аш етер сени.

Жаман адам менен отырма турма,


Хәргиз нәкас пенен сәубетте болма,
Қәдирдан достыңнан жүзиңди бурма,
Барсаң төбесине таж етер сени.

Бир ғош жигит нәзәлимге яр болса,


Хәм жамалын бир көрмеге зар болса,
Арасында бир сум шуғыл бар болса,
Жақсы достың менен қаст етер сени.

Мақтумқулы елге айтар нәсият,


Хәргиз нәкас пенен болмағыл үлпет,
Қудай берсе сауад атлы бир перзент,
Қартайған шағыңда яш етер сени.

«МАҒАН БЕР»


Бәршени жаратқан қәдир қудайым,


Берсең бул бендеңе хақлық жолын бер,
Игри жүрсем артар мениң гүнайым,
Бул қәлбиме туурылықтың нурын бер.

Бир дем еткен мағрып машрық арасын,


Пирақ бер күниме мениң жарасын,
Жахан маған хәуес етип қарасын,
Хәзрети Юсуптың хүсни көркин бер.

Түркистан Хорезм мәсканым мениң,


Бес қала теңиздиң әтирапы елим,
Айшу ишрат арзыу әйлейди кеулим,
Мағанда дәулетли инсан өмирин бер.

Жахан ғазийнесин алсам қолыма,


Сарп әйлемек ушын хақтын жолына,
Бердимурат киби хақтың қулына,
Тәңирим сахауатлы ана мехирин бер.

«МУҢ ҚАЛМАС»


Жаз қуяшы жайнап турған шағларда,


Қара талдың қабағында тон қалмас,
Опалы дос сени көрген уақларда,
Көзде қайғы көкиректе муң қалмас.

Дәуран атын минип келсе нәубети,


Ел сүйген жигиттиң тасар дәулети,
Инсанның инсанға артса хүрмети,
Гүлшанларда ашылмайын гүл қалмас.

Ийилген дарақта мол болар мийуа,


Пейли кең жигитке кең болар дүнья,
Кеулиң сениң шалқып аққан бир дәрья,
Тар әйлесең сол дәрьяда суу қалмас.

Ел исине йошландырса заманың,


Жарасықлы болар сүрген дәўраның,
Досларсыз паяны болмас дүньяның,
Хеш ким оған еки туўып бир қалмас.

«ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ»


Сорасаң елимди Қожбан бизлерден,


Қалпағы қазандай еллерим барды,
Қәте шықса кешириңлер сөзлерден,
Қытай Қоңырат атлы еллерим барды.

Жайлауым Үргениш арқасы теңиз,


Жаурыны қақпақтай маллары семиз,
Рухсатсыз бир бирине салмас из,
Бирликли Қоңыраттай еллерим барды.

Өтирикти рас етип айтпаған,


Бас кетсе де тууры жолдан қайтпаған,
Нәмахрамды хасла жолдас тутпаған,
Аты қарақалпақ еллерим барды.

Табылады излегенниң кереги,


Көлимде бар қасқалдағы үйреги,
Қуўлары ғазының пүтин бүйреги,
Дүньяның аңлары көлимде барды.

Жылўа таслап хәрне барын саз еткен,


Жигитлердиң кеўлин бәҳәр жаз еткен,
Қасын қағып жылўа билән наз еткен,
Бағлардың ишинде қызлары барды.

Сөйлегенде шекер етер сөзиңди,


Көргенде бийдимар етер өзиңди,
Бәхәри тойдырар еки көзиңди,
Ләйли Зулайхадай қызлары барды.
«БИЛЕ КЕЛ»
Эй сәудигим салланып жүз мың жылуа биле кел,
Гәмзе қақып наз билан қолын сала сала кел,
Тоты киби түрленип сөйле шийрин тилге кел,
Қызыл гүлдей ашылып сөйле шийрин тилге кел,
Гүлдиң зарын излесең мен ғәриб бүлбиле кел,

Бизден жүзин үгирип қыя-қыя бағарсаң,


Алтын гүмис зарафшан дәл гарданға тақарсаң,
Өткен кеткен бас қосып жанды отқа жағарсан,
Туттырмассаң тор қурсам қыя шөлге шығарсаң,
Далбай былғап шақырсам суңқарым сен қолға кел.

Сен де ярға бас қосып рахиблардан бийзар мен,


Юз мың машақат билан жаным алса разы мен,
Күндиз көрсем сүуретиң ақшам аху зары мен,
Бехуда ашық болмышам сол қырмызы тоны мен,
Ал қолыңа қанжарды жүрек бағрым тиле кел.

Тақат қалмас тәнимде яра көзим түскенде,


Көрсем ярдың жамалын көзлерим қамасқанда,
Сәруи дарақ үстинде бүлбүллер сайрасқанда,
Гөззаллар бағқа кирип перийлер ойласқанда,
Болсам ғәриб ашық мен сен Шахсәнем бола кел.

Кәмийне ярдың исми кәп билан лама келди,


Жим билан мим оқыдым әйне калама келди,
Көринип шықты перийлер сәруи саллана келди,
Бул сөзимниң ахыры сөзим тамама келди,
Ярдың уәспин язалы қағаз қалем ала кел.
«ӘЙЛЕР»
Ақыл болсаң яқшы билан хәмдам бол,
Ахмақ өзин надан билан яр әйлер,
Шын ашықлар назлы ярдың жамалын,
Кеше күндиз бир көрсем деп зар әйлер.

Сырлас болсаң сырым айтарем мәртке,


Кәруан жата билмес қорықлы жерде,
Уллы намысларда жарамас дәртке,
Нәмарт үйде сәлғана исти ар әйлер.

Нәмарт намыс күни асалмас дәртке,


Кеулим қарар таппас бир пинхам жерде,
Малы көп деп мийман болма нәмартке,
Жомарт пақыр болсын хәр уақ ар әйлер.

Нәмарт өз үйинде мәртше сөз айтар,


Кәр әйлемес хақтың танабын тартар,
Мәрт жигит мал тапса пейили артар,
Нәмарт пайда тапса кеулин тар әйлер.

Мақтумқулы енди өзиңди гөзле,


Яқшыны тәрийпле яманды сөзле,
Аз ишип аз уйқлап және аз сөйле,
Көп сөз ахыр ер жигитти хор әйлер.

«ЖИГИТТИҢ»


Кеңесли тон келте болмас әзелден,


Елатына аға болған жигиттиң,
Мәртебеси бәлент болар хәр жерде,
Яшы үлкенди сыйлай билген жигиттиң.

Мәсләхәтсиз питпес кәри дүньяның,


Парқы көпдур жақсы менен жаманның,
Хамрақ болар мақшер күни ийманның,
Уллылардан дууа алған жигиттиң.

Көпке жаққан истиң камалы бардур,


Ада болмас бахты ығбалы бардур,
Тез келген дәуллеттиң зауалы бардур,
Бехуда менменлик еткен жигиттиң.

Аты Ералыхан өзи уллыдур,


Әзизлер әулады заты уллыдур,
Мәгар өзи шилтенлердиң биридур,
Елатына нәзер салған жигиттиң.

Мақул болар Юсуп аға барғаның,


Әдепсизлик болар бармай қалғаның,
Мәдет болар пирден пәтия алғаның,
Елатына аға болған жигиттиң.
«БЕРДАҚТЫҢ ДУУТАРЫ»

Хаслың сениң ағаштандур,


Сөйле дуутар сөйле дуутар,
Хауазың толы армандур,
Дәртиң баян әйле дуутар.

Уллы шайыр ийең болған,


Қулағыңа бүлил қонған,
Талай тойларды атқарған,
Даңқың белли елге дуутар

Гөне заманның гууасы,


Шарқанаңда саз ағласы,
Бердақ бабамның муңласы,
Дәртиң баян әйле дуутар.

Гүмбирлеген сазға байсаң,


Дәртлеримди қозғағайсаң,
Гүңиренип не жылайсаң,
Тилиң болса сөйле дуутар.

Теберик дуутарды қолға аламан,


Қарайман да, түрли ойға таламан,
Самал шақырып сөйлеп турғандай болар,
Өзегин өрт шалып күйген қараман.

Йошлы қосық бир күш бар-ау өзиңде,


Жымбырлап енесең сана-сезимге,
Кеуиллерде бәхәр гүли ашылар,
Бақсылар хәуижге минген гезинде.

Тебериксең уллы шайырдан қалған,


Бақсы қыз Хүрлиман сенде саз шалған,
Қаражанның қашқан аттай елеуреп,
Сени сөйлеткенин сүйип қалғанман.
«БАРМЕКЕН»

Эй шопан бергил хабар жайында еллер бармекен,


Зәрре әптап түспеген бағ ишра гүллер бармекен,
Бүлбили гоя киби шийрин зибанлар бармекен,
Яру яранлар билан жүрмеге еллер бармекен,
Бармекен бармекен бармекен жан бармекен.

Аңқы бәдик тарыдек зүлплары шын шинуарен,


Таза бағ ишине кирип қырмызы гүллер терен,
Сархауыздан суу алып ол мәнзилге дая баран,
Дилбары ярын күтип турмаға еллер бармекен,
Бармекен бармекен бармекен жан бармекен.

Атланып сейилге шығып қуслар салып жүрмеге,


Яру яранлар билан бирге тамаша көрмеге,
Кешки уақта ат ойнатып суу ләбинде турмаға,
Ғаз ушып өрдек қонған айдынлы көллер бармекен
Бармекен бармекен бармекен жан бармекен.

Айтадур Зийуар Ғәрип өз кеулиниң ах шеккенин,


Неше күнлер жол жүрип ел шетине келмек бүгин,
Дейерлер пиру устазлар қалмасын ықшамлы түн,
Бизиң билан бирге жүрген яру яранлар бармекен,
Бармекен бармекен бармекен жан бармекен.

«ЖАҚСЫРАҚ»


Жумыс исле тууылған соң ел ушын,
Жаныңды аяма елде ер ушын,
Киндиктен қан тамып тууған жер ушын,
Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ.

Ғайры биреулерди етип қурдасың,


Жүрме ағызып дилбарыңның көз жасын,
Жаман болсада ол өмирлик жолдасың,
Уақытша қол берген хүрден жақсырақ.

Адам баласында болсын ар намыс,


Ең кеми мың болсын көз көрген таныс,
Мәгар билмей қолды қыйса бир қамыс,
Сол ақ қаның тыйған ардан жақсырақ.

Ер жигитке намыс керек ар керек,


Хақ кеуил қалем қас сәуир яр керек,
Мийман келсе күтип алар хал керек,
Соймаға бир ешки малдан жақсырақ.

Түргелип ертеден жумысқа шығып,


Қолыңды қабартып белиңди бүгип,
Дизеңди сызлатып мийнетин шегип,
Жеген бир зағараң палдан жақсырақ.

Терең ақыл керек сөзди дизбеге,


Тынық қыял керек бәрин сезбеге,
Суу ишинде уайымсыз жүзбеге,
Бир қайық алты жүз салдан жақсырақ.

«ХАЛЫҚ ДАНАЛЫҒЫ»


Халқым дана десем болар,
Нақыл еткен биле-биле,
Сөйлей-сөйлей шешен болар,
Көсем болар көре-көре.

Нақыл көптиң мүлки болар,


Адам сумы түлки болар,
Ийт жулдызға күлки болар,
Айға қарап үре-үре.

Халқым қалпы айтсын қалай,


Заманларды көрген талай,
Биреу өтер жылай-жылай,
Биреу дәуран сүре-сүре.

Адамның бир парасы бар,


Оқымай-ақ санасы бар,
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.

Астарлап айтар маманлар,


Буның мәнисин ким аңлар,
Атадан алтау тууғанлар,
Жетеу болар өле-өле.

Дүнья қууған байыр өтер,


Ел қыдырған сайыл өтер,
Из қалдырып шайыр өтер,
Сөз маржанын тере-тере.
«МИЙМАНДУР»

Қарақас астында бадам қабағың,


Кирпигиңниң ниги көзге миймандур,
Келгеннен қызғанба ишкен тамағың,
Нанға мүтәж емес, сизге миймандур.

Узақдур мәнзиллер, ауырдур жоллар,


Сорасса жигитлер, сөйлессе тиллер,
Бәхәрде ашылған рәңберең гүллер,
Бир пасыл ашылар, жазға миймандур.

Жигиттиң болмаса жарағы, аты,


Соны билиң, жоқдур оның ғайраты,
Қартайсаң кетер белдиң қууаты,
Жигитликтиң зоры дизге миймандур.

Мақтымқулы, тыңлар ел жоқ сөзиңди,


Сиз-бизлик сыйласық қалды изиңде,
Қанша жасасаң да жердиң жүзинде,
Адам бир бес күнлик дузға миймандур.

«ЕЛ МЕНЕН»


Аспанға ушарсаң болса қанатың,


Шад боларсаң шадлы болса елатың,
Халқың менен болса мақсет-мурадың,
Удайына бирге болсаң ел менен.

Уламаға керек тууры сөзлемек,


Хақ жол менен шәриятты гөзлемек,
Халықтың оңар жағын бәрхә излемек,
Байланысып түйин шешиу ел менен.

Опасыз дүньяда ашылған гүллер,


Қәпестеги сайрап турған бүлбиллер,
Дүньядағы бағу хәрем шәменлер,
Он мың рәуиши көрки ел менен.

Мақтымқулы мәғриптей алдыңды болжа,


Сол уақта аларсаң тилиңнен олжа,
Қысқарт сөзди сорқайнаған Күнхожа,
Удайына бирге болғыл ел менен.
«МЕГЗЕР»

Қыял етсем мениң кеулим,


Бир ертлеули атқа мегзер,
Бир достыңнан кеулиң қалса,
Ғәлет жазған хатқа мегзер.

Халайықлар ойлап қараң,


Татыуласлар кем-кем ара,
Дос болсаңыз яқы яра,
Өмириң гүлистана мегзер.

Абадандур оңлы солың,


Жетеди хәр жерге қолың,
Болса жеделли мәрт улың,
Кеулиң бәлент тауға мегзер.

Ғош жигит болса хамрайың,


Не қайғың бар не пәруайың,
Гүлистан кеуил сарайың,
Қыс күнлериң жазға мегзер.

«ЖЕККЕ БАСЛЫ»


Ол не нәрсе жекке баслы,
Парасы бир шарасы жоқ,
Ол не нәрсе бес жүз жылдур,
Мәнзили бир арасы жоқ.

Қәдир Мәулен жекке баслы,


Парасы бир шарасы жоқ,
Ай менен күн бес жүз жылдур,
Мәнзили бир арасы жоқ.

Ол не нәрсе илер кетер,


Дағы дашты жулар кетер,
Ол не нәрсе тилер кетер,
Ақпас қаны жарасы жоқ.

Әжел қусы илер кетер,


Дағы дашты жулар кетер,
Бир жаман сөз тилер кетер,
Ақпас қаны жарасы жоқ.

Айдым айтар мен хәм хажы,


Не нәрсениң болмас хәзи,
Бәрше истиң бар илажы,
Не нәрсениң илажы жоқ.

Нәжеп айтар мен хәм хажы,


Жаннан артық болмас хәзи,
Бәрше истиң бар илажы,
Бир өлимниң илажы жоқ.
«СЕН ЯР ҚАЛ ЕНДИ»

Гешти гешти мәнзил арадан гешти,


Қал минарам сәрбим ярым қал енди,
Неше бийик тағлар араға душти,
Көзи яшлы сәуир ярым қал енди.

Қапа пәлек неше ишлар қайырды,


Аш көзиңди топырақ билан толтырды,
Сени меннен мени сеннен айырды,
Көзи яшлы сәуир ярым кел енди.

Ашық Хамра душтың ярдың йолына,


Соналар ғарық болып шашмаң көринди,
Баш қойыппан Хансаяттың йолына,
Қал минайым сәрбим ярым қал енди.
«ХАНСАЯТ»

Кел қозым сени истерлер,


Истеулиң бағдадур бағда,
Қәдди бойыңды көрерлер,
Хансаят бағдадур бағда.

Сәубети бар сазлар билан,


Өрдеги бар ғазлар билан,
Үш жүз алтмыш қызлар билан,
Хансаят бағдадур бағда.

Бағ сейлине келер болсаң,


Қызыл гүллер терер болсаң,
Хансаятты көрер болсаң,
Арзыулың бағдадур бағда.

Жанымды алған қара көзи,


Шийриннен шекердур сөзи,
Мәмбетхан патшаның қызы,
Хансаят бағдадур бағда.

Ахмет сыйындым аллаға,


Жүзимди бурдым қублаға,
Дауысым жетсин Хамраға,
Хансаят бағдадур бағда.

«МУСА СЕН ЯРЫ»


Беглерим еситкил мениң арзымды,


Ышқы отына мени гириптар етти,
Бир пәрийдиң саудасына душмишәм,
Ғәмзеси жанымды бийдимар етти.

Ғалпа кийип зер ғубалар тағышам,


Бул жанған жанымды отқа яқышам,
Жүз мың жылуа әйлеп қашын қағышаң,
Ышқы отына мени гириптар етти.

Иба билан сөйлер сөзлери әдеп,


Кирпиги ништердур бағрыма қадап,
Көзлериң минаууар тислериң сәдеп,
Бир ярдың изинде қәлендер етти.

Гөруғлыбек сөйлер мәртиң сөзини,


Жанымды алды қара нәркас көзини,
Сынаптай тебрелип қаллы юзиңни,
Аты Ағаюнус бизни яр етти.
«СӘУДИГИМ»

Сизни бизни қоймас бул бағ ишине,


Сайран етсең бизиң билан сәудигим,
Шүкир енди бойың етмиш камала,
Бағман болсаң таза гүлге сәудигим.

Жәбриңе төзермен жапа әйлеме,


Бизиң билан ада уапа әйлеме,
Хәр ким менен зауқы сапа әйлеме,
Сөз жайылар елден елге сәудигим.

Қурбан болсам қашларыңа қөзиңе,


Дал бойыңа қәуметиңе өзиңе,
Садаға болсын шийрин жаным өзиңе,
Қандыр ләбиңдеги палдан сәудигим.
«ГАЛГАЛАЙ»

Ағалар бул кеше Әлепшируаннан,


Қус болып мен мында уштымда келдим,
Яр жолында жапа шегип бул жаннан,
Бир яр саудасына душтымда келдим.

Әлептен шықмышам күн ерте,


Кербала шөлине келдим күн орта,
Бәлленттен жууырып пәслерде жорта,
Бәлент-бәлент тағдан аштымда келдим.

Сазымны көтерип шықсам ойнына,


Қурбан болсам ярдың қәдди бойына,
Шахаббаз қызы Шахсанемниң тойына,
Мәулим қанат байлап уштымда келдим.
«НЕ ДАҒЫ ДОС»
қурбан болсын, гүл жүзли ярым,
Хош келдиң Ғәрибим, сапа келипсең,
Узақ жолдан келген, әзиз мийманым,
Хош келдиң Ғәрибим, сапа келипсең.

Ашықлықтың жайхун сыпат бағры бар,


Га уақтында азап пенен қәхри бар,
Гахи палы болса, гәхи зәхри бар,
Хош келдиң Ғәрибим, сапа келипсең.

Сәнем айтар сенсиз жеккедур басым,


Пирағында ағар көзимнен яшым,
Хәм бул дүнья, хәм ол дүнья жолдасым,
Хош келдиң Ғәрибим, сапа келипсең.

«НЕГЕ КЕРЕК»


Сайраған бүлбили болмаса,


Иши хауазға толмаса,
Уақтында жайнап турмаса,
Ашылған гүл неге керек.

Узақтан көзге түспесе,


Самалы қатты еспесе,
Төбеси бултқа тиймесе,
Асқар таулар неге керек.

Еки жақты тең көрмесе,


Тууры әдиллик бермесе,
Халық пенен ойнап күлмесе,
Кәтқудалар неге керек.

Халықтың арын арламаса,


Бары жоқты барламаса,
Аш хәм тоққа қарамаса,
Ондай басшы неге керек.

Ата-анасын күтпесе,


Айтқанларын етпесе,
Ата-анам демесе,
Ондай перзент неге керек.

Гүлдей болып жайнамаса,


Бүлбил болып сайрамаса,
Қууанысып ойнамаса,
Бул өмирлер неге керек.
«НАЗЛЫНЫҢ»

Бандийуаны болып қалдым,


Бир қәдди далы назлының,
Юзи гүл көзлери нәркас,
Рухсары гаухар назлының.

Айралық өлимннен бетер,


Кирпиклериң жаннан өтер,
Дизилип тур қатар-қатар,
Ақ юзде қалы назлының.

Қызыл гүллер оймақ-оймақ,


Бармекен дийдарға тоймақ,
Аузы сүтдур ләби қаймақ,
Аралас палы назлының.

Бойы буқар қамысыды,


Тиси үргиш гүмисиди,
Бәхәрде көз қамасады,
Ашылса гүли назлының.

Қаллары бардур қолында,


Сайранлап жүрсем жанында,
Хәр зулпының тар-тарында,
Тутарман далы назлының.

Гүл терилер дәсте-дәсте,


Бул сөзим жеткериң баста,
Хамра айтар болдым қаста,
Жолында излеп назлының.
«АЙРЫЛСА»

Тулпар деген ябы яңлы болмайды,


Таудан қайтпас дойнағынан айрылса,
Дәрт көбейсе тәнде дәрман қалмайды,
Жер таянып қанатынан қайрылса.

Адам улы хеш уақ ғапыл болмасын,


Ғумшаланған қызыл гүли солмасын,
Ақ жүзине сарғыш қайғы толмасын,
Халы мүшкил болар елден айрылса.

Бул дүньяның көрки адам баласы,


Сол адамның көкке жетер наласы,
Кеуилдиң көп болар қайғы қапасы,
Хош қылықлы сәуер ярдан айрылса.

Елинен айрылған бийгана болар,


Ярынан айрылған дийуана болар,
Хәррелер ушыбан пәруана болар,
Уясы бузылып палдан айрылса.

Ер жигиттиң дәулети бар басында,


Хәм ағасы хәм иниси қасында,
Хәр ким өз елинде теңи душында,
Жигит қәдири болмас елден айрылса.
«СЕН САЗЕНДЕ МЕН БАҚСЫ»

Мақтумқулы хәм Науайы белгили бабам Бердақтың,


Шығармасы дәстан болған арасында халықтың,
Жырланып киятыр мудам бақсылары алық дым,
Саз хәм сәубет десе халқым деп айтпайды жазық дым,
Қосық айтып сазыңды шерт сен сазенде мен бақсы.

Мақтауға арзымай қалмас Қарақалпақ сазлары,


Қосық айтып Хүрлимандай ел гезер сәруи назлары,
Бағ аралап сазым етер жигити хәм қызлары,
Сейиллерге алып шығып наз етер ойынпазлары,
Қосық айтып сазыңды шерт сен сазенде мен бақсы.

Ат жете алмас қууған менен шабысына тулпардың,


Қайтарған қәлпе саз болса алмасы барма суңқардың,
Шарқанадан тақтым тарын аламойнақ дуутардың,
Саусақта өнер болмаса пайдасы барма дуутардың,
Қосық айтып сазыңды шерт сен сазенде мен бақсы.

Көпалы көлге сән берер ғаңқылдасып ушқан ғаз,


Өмирге илхәм йош берер шертилгенде жақсы саз,
Саз еситсең кеуил тартып мухаббат етер пәруаз,
Ықласым сазға сән берер бақсыларды хош хауаз,
Сөйлетсең сөйлет дуутарды сен сазенде мен бақсы.
«БЕГЛЕР»

Тән жаппаға көйлек излеп жалаңаш,


Көйлек тапса айтар енди тон болса,
Хақтан бес пул тилеп жүрген қарны аш,
Бесин тапса айтар енди он болса.

Ол жигитлер шегип көп машақатын,


Мийнет пенен жыйнар керекли затын,
Жанын жағып тапса жарағын атын,
Айтар енди ада болмас нан болса.

Наны қалыңланып болса кеули шад,


Излер енди журттан асқан перийзат,
Бул ислер хәм баржай болса адамзат,
Кеули кетер енди елге хан болса,

Мақтумқулы айтар нәпси пырағын,


Қәнәәтдур жақсы өмирдиң бағы,
Дүньяға тоймас көздиң шанағы,
Қарьун байдай қанша малың кән болса.

«МИЙНЕТТИ СҮЙ»


Ким мийнетти сүйсе оны халық сүйер,


Уатан ана жердиң қәдирин билер,
Халқы ушын хызмет ислеген ерлер,
Хадал мийнетиниң рәхәтин көрер.

Хәр ким мийнет етсе жетер муратқа,


Мийнет бахыт келтиреди адамға,
Уатан ана жийиркенип қарайды,
Мийнет етпейтуғын жалқау жаманға.

Мийнет еткен мақсетине жетеди,


Ғайрат етссең жумыс өнип кетеди,
Журттан озып шыққан мийнет ерине,
Хәмме басын ийип хүрмет етеди.

Мийнет етиу әдиули ис оны ислей бил,


Мийнет пенен қыя шөлге жайнар гүл,
Мийнет етип таудай табыс дөретсең,
Хүрмет етип алғыс айтар миллион тил.
«БОЛМАСА»

Яранлар қулақ сал айтайын сизге,


Жигит геза билмес йошы болмаса,
Ақыл болсаң пәхим әйле бул сөзге,
Неге гезсин кеуил хошы болмаса.

Мәрт билан нәмәртти айырар сауаш,


Мәрт майданда керек дейди қарындаш,
Сол майданда басың кетсе геуде лаш,
Сол жигиттиң мәрт қардашы болмаса.

Нелер көрежақдур бул сум кеуиллер,


Қазан урса солар ғумшалы гүллер,
Бағларда сайраған шайда бүлбиллер,
Торғайша жоқ қонар гүли болмаса.

Қуслар уша билмес қуйрық қанатсыз,


Ашық ярға жетпес дадыу пәрядсыз,
Бир бедеу қаназат болар сыяқсыз,
Қуйрығы кекили жалы болмаса.

Сархауыз хор болар талы болмаса,


Ғош жигит хор болар яры болмаса,
Жай-жайында кемлик келип ах урар,
Мийман келсе күтер халы болмаса.

Хасла ғош жигиттиң гийнеси болмас,


Жаман адам гийне тутса умытпас,
Атқа минген менен кәтқуда болмас,
Журттан асқан ақыл ойы болмаса,

Нәмәртке бергеннен қанша асыңды,


Ағызады көзден бир күн жасыңды,
Есикке келтирер төрден басыңды,
Тилеп алған улың қабыл болмаса.

Қатарда жүргенниң бәри нар болмас,


Адам болған менен бәри бир болмас,
Еки жүзли бийопадан яр болмас,
Қылығы хызмети ақылы болмаса.

Ғош жигиттиң бир мурады ат болар,


Ат болмаса жүрегинде дәрт болар,
Сол жигиттиң ағайыны жат болар,
Бастан дәулет тайып бахты болмаса.

Бенде билмес бул тәғдирдиң пәрманын,


Әжел келсе қалмас тәнде дәрманың,
Айталмай өтерсең иште әрманың,
Тартысарға тәнде дәрман болмаса.

Мақтумқулы билсең сондай эаманды,


Басы қайырлы болса соңыра зыянды,
Ер жигиттиң иши толы әрманды,
Өзине жарасар яры болмаса.
«НЕ ТИЛЕР МЕННЕН»

Терезеден уғрын-уғрын баққан яр,


Яр қара көзлериң сениң не тилер меннен,
Шийрин жаным ышқы отына жаққан яр,
Яр қара көзлериң сениң не тилер меннен.

Яр қара көзиңе бенде болайын,


Мен сеннен айрылып қайда барайын,
Мен бир тилла жүзик сенде болайын,
Яр қара көзлериң сениң не тилер меннен.

Яр қара көзлериң сениң алар жанымды,


Кирпигиң ништедур төгер қанымды,
Сен сорасаң мен берейин жанымды,
Яр қара көзлериң сениң не тилер меннен.

Бәлент-бәлент таудан кетпес думаны,


Мүңкирдиң кеулинен хеш уақ кетпес гуманы,
Саятхан Хамраның сәугили яры,
Яр қара көзлериң сениң не тилер меннен.
«ТАРЛАН»

Минақашдур аның найза пәрлери,


Туғыр үстинде болар жайы тарланның,
Көлде сон көрсе титирер пәрлери,
Аждархаға мегзер көзи тарланның.

Силкинип-силкинип аспанға ушар,


Аспанға ушқанда пәрлерин төгер,
Бар емиш бес жүз қыз нөкер,
Сәруиден жиңишке бели тарланның.

Тарлан ушса хауа недур дуз недур,


Хауаланса бәхәр недур жаз недур,
Жемислери өрдек билен ғаз недур,
Сона сүйлим болар ауы тарланның.

Хамра дерлер бандиуаман өзиңе,


Яр қашыңа сениң шийрин сөзиңе,
Ушса саза берер жердиң жүзине,
Қантында болар сазы тарланның.

«АРЛЫМ БАР МЕНИҢ»


Дәрт парағын жазып пәряд әйлейин,
Бул дүнья бийопа дүнья нәйлейин,
Зибаным қоллағыл аз-кем сөйлейин,
Йош деген алтынан тарлым бар мениң.

Жеккелик ямандур сәубет яхшыдур,


Түйнеги шийриндур пәлек ашшыдур,
Пазийлетли жанлар дүнья нахшыдур,
Мойнымда оларға қарзым бар мениң.

Барлар кеме жаллап өрлер сағаға,


Шырлап қала берер журты жағада,
Яратқан инсап бер бийге ағаға,
Ел деген жақыбай жарлым бар мениң.
Ығбал көзгим сынып сөзим паш еттиң,
Бул жүдеу жанымды әбден аш еттиң,
Тууған халқым дейип көзим яш еттиң,
Жан деген көксимде арлым бар мениң.
«СЕН ЯР ГЕДЕЛИ»

Кеулим ғамда көзим юз мың әлемде,


Бир дем шад болмадым сен яр гедели,
Жисмим ләрзан берер жаным сетенде,
Рәхәт табалмадым сен яр гедели.

Сен кеткели анам хайран болыпты,


Мүлки әсбаплары ойран болыпты,
Сәнемниң сийнеси гирян болыпты,
Рәхәт табалмадым сен яр гедели.

Алтын билезигим салмай қолыма,


Ғам ләшкерин пайда етип жолыма,
Нәзер салмай сағу билан солыма,
Қайрылып бақпадың сен яр гедели.

Хорезм елинде ақша язылар,


Анда мупты болса мында қазылар,
Мойны қарны бағы жүйрик тазылар,
Салып алдамадым сен яр гедели.

Күйдирди яндырды айралық дағы,


Көзим әзиз болып сарғайды ағы,
Таза ашылған нурлы зарлы шарбағы,
Сайран ете алмадым сен яр гедели.

Арқа бетте бийик-бийик төбелер,


Анда жамғыр жауса мында себелер,
Сандықша-сандықша алтын түймелер,
Тақынып шықмадым сен яр гедели.
«МЕНИҢ ДУЎТАРЫМ»

Қостарың қоллаған бирин-бириңди,


Шерткенде жууасаң кеуил кириңди,
Хош хауазға жүккелескен үниңди,
Еситкенде йошланаман дуутарым.

Досларым жыйналса байрам тойларда,


Жаңа жыл, жаңа күн, жаңа айларда,
Қалада ауылда жазық жайлауда,
Шерткенде мен сазланаман дуутарым.

Қасларың сүйектен ойып безелген,


Халық ғамын жырлап келдиң әзелден,
Тарлан болып тутқан алып көтерген,
Әлхауада айланасаң дуутарым.
«ҚӘУЕНДЕР»

Әзелден мен кештим шахым барынан,


Фархад киби шеккен зар маған әйлер,
Кештим мен ярымнан хәрне барымнан,
Енди әрман билан зар маған әйлер.
Ярымның зүлпине хинжи дизилмиш,
Хақыйқат ашықпан бағрым езилмиш,
Хақ әзелден бизге тағдыр язылмыш,
Шахым әдил болса зор маған әйлер.
Қурбан болсам ярдың қәдди далына,
Хәр кимди жеткерсин өз мурадына,
Ғәрип жанды Шахсәнемниң отына,
Енди әрман билан зар маған әйлер.
«САНЕМЖАН

Сабыр әйлегил Санемжан хәлек етпе өзиңди,


Кеулим мениң инанбас алдап айтқан сөзиңди,
Ярың сениң Шахуалет сүрме етсин изиңди,
Алдап мәккарлық қылып гирян етпе өзиңди,
Енди турмай кетермен бәлким көрмей жүзиңди.

Бүгинше сабыр ет Санем сениң некең қыйылар,


Шахтан гууа әкелип ырзалығың алдырар,
Ханзаданы хан алса мурад деген сол болар,
Сени маған бермеслер әкең билсе өлтирер,
Мени дейип Санемжан берме өлимге өзиңди.

Бүгинше сабыр ет Санем мурадыңа жетерсең,


Некең қыйса Шахуалет зауқы сапа сүрерсең,
Мени десең Санемжан рас өлимге кетерсең,
Шахны таслап мениңдей бийшараны нетерсең,
Мен пақырды алдама қойғыл Санемжан сөзиңди.

Сен шахзада ол шахдур Шахуалет сени алған,


Дүнья малын тәрк етип жети ай саған той қылған,
Шахтан ярың болған соң биз пақыр сеннен қалған,
Сен деп өткен өмиримниң бәршеси болды уайран,
Әуеле излеп келгенде көрсетпедиң юзиңди.

Шахсанем сен Ғарийптен сорасаң сауалды меннен,


Мен сени излеп келиппен сүйип жан билан тәннен,
Бийкарға келген екенмен пүткиллей қол үздим сеннен,
Сен бийопа екенсең кештим Шахсанем сеннен,
Ғарийп деп қойдым сени енди көрмем юзиңни.

«Қәдирин билмес»


Жапаны шекпеген ашық,
Сапаның қәдирин билмес,
Зимистан көрмеген бүлбил,
Бәҳәрдиң қәдирин билмес.

Ис буйырса хош жақпаған,


Өзин саяда сақлаған,
Мийнет пенен от жақпаған,
Ас нанның қәдирин билмес.

Мийнет палын билмегенлер,


Мәжилисти бир көрмегенлер,
Басы топқа кирмегенлер,
Азамат қәдирин билмес.

Малы дүньясын гизнеген,


Өзин мақтап көп сөзлеген,
Бийтаныс жерди гезбеген,
Мийманның қәдирин билмес.
«Ашық болмышам»

Әй яранлар бир юзи гүл ая ашық болмышам,


Бәршалар махсуды гүлрә ная ашык болмышам,
Бил дилим бағ ишрә бир ғаўғая ашык болмышам,
Өзи ғайып зулплары ел дая ашык болмышам,
Мәнзилим бағ ишрадур сахрая ашық болмышам.

Шул пәлек салды мени ол күмпе на топрағына,


Түсти сайрым дайыма Макка Мадина дағына,
Бүлбил болдым сайрадым кирдим әремниң бағына,
Пайы бәнт болдым бүгин ғам желиниң тузағына,
Юз бәла мехнатли бир саўдая ашық болмышам.

Көңлим ишрә яр ғамдин мәнзилим сахрада хей,


Буш шашым ғам ғуссадурман дөнмишам Фархада хей,
Салды ышқың дилбарым, жаныў дилимни ады хей,
Ўа дариға гешти өмирим зая гәрдим баўды хей,
Аҳы көп атканып тапдур гөя ашық болмышам.

Билмәдим мен не бахадур не муаалим тағдур,


Алды көңлим кетти ақлым кәмадана салдур,
Нисбат етмак болмаса хумрый бүлбил зардур,
Әл ғәрез ҳәр зулпыны етмиш мың айрылсадур,
Қадди қәўмети бәләм Зийбая ашық болмышам.

Тамы зулпыны қасыңа өзимни зиндан истәрәм,


Берме ғәмдин бир заман көнлимни кандан истәрәм,
Досты уайы ўаслының мен шунша шындан истәрәм,
Бир Ғәрийп ашык менәм яр сени сендан истәрәм,
Кешейу күндиз билиң ҳуўҳая ашық болмышам.

Қалмышам ҳайран болып айрыл мәдарым йоқ мениң,


Алды жаным ышқы оты ықтыярым йоқ мениң,
Келсе ақлым дағы тар кетсе мәдарым йоқ мениң,
Баш қойып йолыңда ярым сиз мәдарым йоқ мениң,
Кирпиги оқ кашлары ол яйа ашық болмышам.

Сөйледи Мақтымқулы мен әндакана уғрадым,


Истәдим бардым фалакка ләм мәкана уғрадым,
Шын мени рәсиўа қылыпдур исме дана уғрадым,
Шара таппай жәбридин ақыр фиғана уғрадым,
Шунша сәркардан сәбил шу яра ашық болмышам.

Download 44.99 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling