Көркем әдебият ҳӘм типологиялық байланыс бекбергенова М. Д
Volume: 03 Issue: 2 | February- 2023
Download 39.84 Kb. Pdf ko'rish
|
1 2
Volume: 03 Issue: 2 | February- 2023 ISSN: 2181-2616
115 Қарақалпақ миллий әдебиятының баслаўшылары болған С.Мажитов Лев Толстойдың балаларға арнап жазылған гүрриңлерин, Қ.Әўезов А.С.Пушкинның «Евгений Онегин» романын, классицизм дәўириниң уллы ўәкили, француз комедиясының дӛретиўшиси Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси» комедиясын, М.Дәрибаев А.С.Пушкинның, М.Ю.Лермонтовтың лирикалық қосықларын қарақалпақ тилине аўдарған. [2.40] ХХ әсирдиң екинши ярымынан баслап кӛркем аўдарма бизиң елимизде кең раўажланды. Кӛркем аўдарма әдебий формалардың пайда болып қәлиплесиўинде де белгили бир хызмет атқарды. Дәслепки қарақалпақ повестлери ХХ әсирдиң 30-жылларынан баслап пайда болды. Олардан Ж.Аймурзаевтың «Қуўат», М.Дәрибаевтың «Мыңлардың бири». Буннан кейинги жыллары Ә.Шамуратовтың «Ески мектепте», Т.Қайыпбергеновтың «Суўық тамшы», «Уйқысыз түнлер», Ш.Сейтовтың «Қашқын», Г.Есемуратованың «Жийрен» повестьлери жазылды. Эпикалық жанрдың формалары болған повесть ҳәм қысса термин түсиниги жағынан бир-бирине жақын болып келеди. Түркий тиллес халықлары әдебиятында повесть термининиң мәнисин қысса атамасы менен тең түсиниледи. Қарақалпақ классикалық әдебияты тарийхында қысса сӛзи қолланылған. Мәселен, Бердақ ӛзиниң «Ақмақ патша» дәстанын қысса деп атайды. [1.181] ХХ әсир қарақалпақ әдебиятындағы повестьлер миллий әдебий дәстүрлер ҳәм сыртқы миллий тәжирийбелер тийкарында қәлиплести. 60 – 80-жыллардағы қарақалпақ әдебияты тематикалық, формалық-жанрлық тәрептен раўажланған әдебият болып есапланады. Бул дәўирдиң сыпатлы ӛзгешелиги прозаның барлық жанрларының раўажланыўынан ибарат. Жазыўшылардың шеберлиги олардың кӛп жобалы реалистлик шығармалар дӛретиўге умтылыўы күшейди. Усы ўақытта профессионал жазыўшылар ӛсип шықты, олардың дӛретпелеринде реализм принциплери қәлиплесип ҳәм раўажлана баслады. Т. Қайыпбергенов, К. Султанов, А. Бекимбетов, Х. Сейтов, Ш. Сейтов, А. Алиев, И. Қурбанбаев, С. Салиев, К. Мәмбетов, С. Баҳадырова, К. Алламбергеновлардың ҳәзирги прозалық шығармалары миллий кӛркем ой-пикирдиң кӛтерилгенлигин, миллий кӛркем тәжирийбениң топланғанлығын кӛрсетеди. ХХ әсирдиң 60-80-жылларында жаңа очерклердиң, гүрриңлердиң, повестьлердиң, романлардың, роман-диалогиялардың, трилогиялардың, тетралогиялардың, роман-эсселердиң пайда болыўы усы дәўирдеги қарақалпақ прозасының жанрлық жақтан жетилискенин кӛрсетеди. Қарақалпақ прозасының тематикасы ҳәр қыйлы: заманагӛйлик, тарийхый социаллық тема, тарийхый тема, Екинши жәҳән урысы темаларынан ибарат болды. [8.77] Т.Қайыпбергеновтың «Блокнот сӛйлейди» гүрриңлери топламы, «Суўық тамшы», «Уйқысыз түнлер», «Тәнҳа ӛзиңе мәлим сыр» повестьлери, «Кӛздиң қарашығы» романы, А. Бекимбетовтың «Әжайып әўладлар» романы, Ю. Леонтичевтиң «Адамларға бахыт инам ет» романы, «Галка» повести, Ӛ.Хожаниязовтың «Айдана», «Жайлаўдағы бәҳәр» повестьлери, И.Юсуповтың «Ғарры туттағы гүз»гүрриң ҳәм очерклер топламы, Ж.Аймурзаевтың «Қызкеткен», «Муҳаббатым адамлар» романлары, С. Салиевтың «Тырнақ» романы, И.Қурбанбаевтың «Исеним» романы, С.Баҳадырованың «Адам қәдири», «Турмыс сабағы» повестьлери, К.Алламбергеновтың «Дәрбент» романы сол дәўирдиң әҳмийетли мәселелерине арналды. К. Султановтың «Ақдәрья» романы, Х.Сейтовтың «Мыңлаған күн отта», С. Хожаниязовтың «Отта», Ш. Сейтовтың «Кӛп еди кеткен тырналар» повести, С. Баҳадырованың «Кешиккен солдат» ҳәм басқа да кӛплеген шығармалар Екинши жәҳән урысы темасына бағышланды. Т. Қайыпбергеновтың «Соңғы ҳүжим», «Қарақалпақ қызы» романлары, А. Алиевтың «Кӛптен 116 күткен күн» повести, У. Ҳамидовтың «Естелик» повести, А. Бекимбетовтың «Гүрес» романы, С. Хожаниязовтың «Айдын жол», «Халкыңнан сыр сақлама», Х. Сейтовтың «Жол бойындағы тӛбешикке ийил» романы, Ю. Леонтичевтиң «Жасыл папка» повести, Ш. Сейтовтың «Қашқын» повести, оның «Халқабад» роман-тетралогиясы (бул «Шарбузар»), «Қыйын ӛткеллер», «Ӛрдек қырғыннан соң», «Атланшап» романларынан ибарат. С. Баҳадырованың «Тәғдир» роман- дилогиясы ҳәм басқалар тарийхый социаллық темада жазылған. Т. Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны», яғный «Маман бий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» романлары, К. Мәмбетовтың «Бозатаў», «Посқан ел» (биринши китабы), тарийхый темаға бағышланған. К.Султановтың «Әжинияз» романы, О. Бекбаўлиевтың «Тарас Аралда» повести, оның «Беруний» романы тарийхый ӛмирбаянлық жанрда жазылған. Ж. Аймурзаевтың «Жетимниң жүреги» повести мемуарлық жанрда жазылған. Әдебиятшы Ж.Нарымбетов қарақалпақ романының қәлиплесиў ҳәм раўажланыў жолларын изертлей отырып, роман термини қарақалпақлардың әдебий турмысына биринши рет отызыншы жыллардың басында, қарақалпақ әдебиятында кӛлеми бойынша бурынғыға қарағанда тарийхый дәўирди кеңнен кӛрсетиў тенденциясы айқынырақ кӛзге түсти» деп атап кӛрсеткен еди. [7. 55]. ХХ әсир қарақалпақ прозасын изертлеўшилер М. К. Нурмухамедов, И. Т. Сағийтов, Қ. Мақсетов, С. Ахмедов, Ж. Нарымбетов, С. Баҳадырова, З. А. Насруллаева, Т. Ю. Қурбанбаевалар ӛзлериниң илимий изертлеўлеринде былай деп кӛрсетти: «қарақалпақ романының қәлиплесиўине, ҳәзирги заман қарақалпақ жазыўшыларының дӛретиўшилигине кӛп миллетлик тәжирийбе, кӛркемлик тәжирийбеси тәсир жасады». [2.169] Ф.и.д. З. С. Османова үлкен тарийхый ҳәм ҳәзирги заман материалында Орайлық Азия халықлары әдебиятларының раўажландырыў нызамлылықларын бақлай отырып, бир сападан екинши сапаға ақырынлап ӛтиўдиң бир тегис әмелге асқанлығын, әдебиятлардың раўажланыўының ӛз алдына бир басқышлы болғанлығын кӛрсетти [5. 202]. Қырғыз әдебиятшысы К. Бобулов С. Айтматовтың дӛретиўшилик жолының үлкен новаторлық әҳмийетин тийкарлы түрде атап кӛрсетсе де, бирақ «миллий кӛркем мийрасты – аўыз еки поэтикалық дӛретпени, қырғыз әдебиятының ҳәзирги идеялық-кӛркем тәжирийбесинде фольклорлық дәстүрлердиң роли туўралы үзил-кесил пикирлерди бир жақлама баҳалаўлардан қутыла алмады», -деп кӛрсеткен еди. [6. 7] Миллий әдебиятларда әдебий дәстүр мәселеси ҳаққында кӛп илимий изертлеў жумыслар алып барылды. ХХ әсирдиң 60-80-жыллардағы қарақалпақ прозасындағы типология мәселеси ҳәзирги әдебияттаныў илиминиң әҳмийетли мәселелериниң бири болып табылады. Әдебиятлар 1. Бердақ Таңламалы шығармалары. Нӛкис, «Қарақалпақстан», 1987. 2. Пахратдинов Ә., Алламбергенов К., Бекбергенова М. ХХ әсир қарақалпақ әдебияты тарийхы. Нӛкис, «Қарақалпақстан», 2011. 3. Словарь литературоведческих терминов. Москва, «Просвещение», 1974. 4. Хализев В.Е. Теория литературы. Москва, «Высшая школа», 2002. 5. Нуржанов П. Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы. Нӛкис. Билим. 2008. 6. Баҳадырова С. Роман ҳәм дәўир. Нӛкис, Қарақалпақстан, 1978. 7. Нарымбетов Ж. Каракалпакский роман. Ташкент, ФАН, 1974. 8. Нурмухамедов М. Каракалпакская проза. Ташкент Фан. 1968. Download 39.84 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
1 2
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling