Көркем әдебият ҳӘм типологиялық байланыс бекбергенова М. Д


Download 39.84 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/2
Sana04.04.2023
Hajmi39.84 Kb.
#1323931
  1   2


114
КӨРКЕМ ӘДЕБИЯТ ҲӘМ ТИПОЛОГИЯЛЫҚ БАЙЛАНЫС 
 
Бекбергенова М. Д 
Әжинияз атындағы НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти, филология 
илимлериниң кандидаты 
 
Аннотация: Мақалада ХХ әсирдиң 60-80-жыллардағы қарақалпақ прозасындағы 
типологиялық жақынлық, уксаслық мәселелери сөз етиледи. Жазыўшылар Т.Қайыпбергенов, К. 
Мәмбетовтың, К. Султанов, О.Бекбаўлиев, Ж. Аймурзаевлардың повесть ҳәм романларындағы 
жанрлар ҳәм образлардың типологиясы салыстырмалы түрде талқыға алынған. Сондай-ақ 
жәҳән әдебияты ўәкиллериниң шығармаларындағы сюжетлердиң, мотивлердиң типологиялық 
байланыслары ҳаққында үйренилген. 
Гилт сөзлер: типология, повесть, роман, очерк, гүрриң, сюжет, мотив, образ, әдебий 
байланыс, жанр. 
Жәҳән әдебияты тарийхында темалардың, сюжетлердиң, образлардың, мотивлердиң қайталаныў 
қубылысы ушырасып туратуғынлығы мәлим. Миллий әдебиятлар арасындағы ӛз-ара байланыслар 
ҳәм қатнаслар әдебий жӛнелистиң раўажланыўына, тематикалық кеңликке, жаңа кӛркем 
дӛретпелердиң пайда болыўына тийкар салады. Ҳәр бир әдебий шығарманың дӛретилиўи 
жазыўшының жеке ӛзиңшенлик дүнья таныўы, кӛз қарасы ҳәм турмыс тәжрийбеси, кӛркем 
талантына байланыслы болады. Қарақалпақ әдебияты тарийхында темалардың, яки болмаса 
сюжетлердиң басқа халықлардың әдебиятларындағы кӛркем шығармалар менен жақынлығы 
уқсаслығы ушырасады. Бул қубылыс типологиялық байланыслар деп аталады. Мәселен белгили 
бир тарийхый шараятларда Асан Бегимовтың «Балықшының қызы», Т.Қайыпбергеновтың 
«Қарақалпақ қызы» романларындағы ғәрезсизликти әрман еткен еркин қарақалпақ қызы образы 
басқа түркий халықлар әдебиятында С.Муқановтың «Ботакӛз» романындағы Ботакӛз, Айбектиң 
«Қутлы қан» романындағы Гүлнар образлары ҳәм т.б. кӛплеген уқсас образларды пайда етти. Бул 
типологиялық жақынлықлардың тарийхый шараятлардың уқсаслығынан келип шығыўы болып 
табылады. [4.372] 
Әдебияттаныў илиминде әҳмийетли машқалалардың бири бул миллий әдебиятлар арасындағы ӛз-
ара типологиялық қатнас мәселеси. Әдебий байланыслардың еки түри бар. Бириншиси - кӛркем 
сӛз шеберлериниң жеке ӛз-ара қатнаслары, бир-бириниң дӛретиўшилиги менен жақыннан таныс 
болыўы. [3.414] Мәселен, Т.Қайыпбергенов ҳәм Ш.Айтматов, И.Юсупов ҳәм А.Арипов ҳәм т.б. 
Екиншиси – жазыўшылар яки шайыр ҳәм драматурглердиң басқа тиллердеги кӛркем 
шығармаларды оқып, танысыўы. Гейбир жағдайларда кӛркем аўдарма менен шуғылланыў 
нәтийжесинде жаңа дӛретпелер пайда болыўы мүмкин. Қарақалпақ жазыўшы ҳәм шайырларының 
кӛпшилиги жәҳән әдебиятының ғәзийнесиндеги уллы дӛретпелерин ӛз ана тилине аўдарған. 
SYNERGY: JOURNL OF ETHICS AND GOVERNANCE

Download 39.84 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling