Лабораториялык жумыс №4


Download 0.64 Mb.
bet1/7
Sana16.02.2023
Hajmi0.64 Mb.
#1203575
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Машина деталлары лаборатория жумысы


1-лабораториялық жумыс
Резьбалы бирикпелердеги суйкелис коэффициентин
анықлаў


Жумыс орны: ДМ-27М үскенеси.
Жумыстың мақсети:
1. Болтты ҳәр қыйлы шамада тарттырыўда пайда болатуғын резьбадағы сүйкелис күшиниң теориялық есапланыўын үйрениў;
2. Болтты ҳәр қыйлы шамада тартылыўда гайка ернеклериндеги пайда болатуғын сүйкелис күшиниң теориялық есапланыўын үйрениў.
3. ДМ-27М үскенесинде тәжрийбе жолы менен резьбадағы ҳәм гайка ернегиндеги улыўмалық сүйкелис күшлерин тартыў күшине ҳәм тербелисли тирек подшипнигин қолланыў жолы арқалы гайка ернегиндеги сүйкелисти болдырмаў есабынан, тек резьбадағы сүйкелис күшине байланыслы анықлаў;
4. Тәжрийбе нәтийжелерин талықлап шығыўды үйрениў;
5. Есаплаў ҳәм тәжрийбе жуўмақларын салыстырыў ҳәм исленген жумыс ҳаққында инженерлик жақтан жуўмақ шығарыўды үйрениў.


Теориялық бөлим
Гайканы қатырыўда резьбада ҳәм шайба ямаса бетлесиўши детал бетлери менен гайка ернегиниң арасында сүйкелисли қарсылық күши пайда болады.
Теориялык жақтан бул еки күште есаплаў жолы менен анықланыўы мүмкин, ал тәжрийбе жолы менен тек улыўмалық күшти ҳәм резьбадағы сүйкелис күшин анықлаўға болады. Гайканың ернегиндеги суйкелис күши тербелисли тирек подшипнигин қоллағалы себепли есапқа алынбайды деп қабыллаймыз.
Резьбадағы сүйкелисти резьбаның орамлары бойынша қыя тегисликте көтерилип баратырған ползунға теңеўге болады.



бул жерде: pрезьба адымы


– резьбаның орташа диаметри.
Тартыў күшиниң ҳәм гайканы қатырғандағы пайда болатуғын шеңберлик күштиң тең тәсир етиўшиси усы шәртли қыя тегисликтиң нормалынан сүйкелис мүйеши  ға өзгерген, сонлықтан төмендегише алынады.

ДМ-27М үcкенеси динамометрлик ключ жәрдеминде резьбадағы сүйкелис күшин (гайканың ернегиндеги сүйкелисти тирекли шарикли подшипник арқалы болдырмаў есабынан), реьбадағы улыўма сүйкелис күшин ҳәм гайканың ернегиндеги сүйкелис күшин тәжрийбе жолы менен анықлаўға арналған.


Есаплаў бөлими
1. Жумысты орынлаў ушын болтты гайкасы менен оқытыўшының көрсетпеси бойынша таңлап алынады (2-кесте).
ДМ-27М үскенесиндеги болтлардын өлшемлери
2-кесте




Download 0.64 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling