Лабораториялык жумыс №4
Сына тәризли қайыс түрлери ҳәм өлшемлери
Download 0.64 Mb.
|
Машина деталлары лаборатория жумысы
- Bu sahifa navigatsiya:
- Жумысты орынлаў тәртиби
Сына тәризли қайыс түрлери ҳәм өлшемлери
Сына тәризли қайыслы берилислер машинасазлықта кең қолланылады, соның ушын оның менен кеңирек танысып шығамыз. Бул узатпа 2-сүўретте көрсетилген. 2-сүўрет. Сына тәризли қайыслы берилистиң тийкарғы өлшемлери Сына тәризли қайыслы берилис жоқары сүйкелис есабына тегис қайыслы берилиске салыстырғанда тартыў қәбийлети үлкен болады. Қайыстың формасы сына тәризли болғаны шкив пенен тутасыўын шама менен 3 мәрта көбейтиреди. Шкив ойықшаларының мүйешлик профили қайыстың мүйешлик профилине мас келиўи керек, оның өлшемлери стандартластырылған. Сонны есапқа алыў керек, қайыс көнделең кесиминиң формасы ийилиўде өзгереди, тартылыў зонасында оның ени кемейеди, сығылыў зонасында болса кеңейеди. Шкив диаметри қанша киши болса, бул жағдай көбирек сезилерли болады. Бул жағдай шкивлердиң дүзилисин жаратыўда есапқа алыныўы лазым. Шкив диаметри қанша киши болса, қайыс астындағы оықшаның профил мүйешине сонша киши болыўы керек. Сына тәризли қайыслар узликсиз етип таярланады. Сына тәризли резиналанған қайыс ГОСТ1284-80 бойынша 2 түрде болады: кордгезлемели ҳәм кордшыйырма жипли (3-сүўрет). Кордгезлемели қайыста (3-а сүўрет) жүклениў бир неше қатламнан ибарат болған жип гезлемели корд қатламлары арқалы узатып бериледи. Кордшыйырма жиплиде (3-б сүўрет) жасалма талалардан ибарат болған қалың кордлы байламлар арқалы узатылады. Корд нейтрал сызықтың зонасында жайласқан болады. Оның жоқарысында (созылыў зонасы) ҳәм төменинде (сығылыў зонасы) резиналанған жастықша жайласқан. Қайыс сырытқы тәрепинен резиналанған гезлеме менен оралған болады. Кордгезлемели қайыс кең көлемде ислетиледи, кордшыйырма жипли қайыс болса аўыр шараятларда ислейтуғын орынларда ислетиледи. 3-сүўрет. Панасыман резиналанған қайыслар Жумысты орынлаў тәртиби: 1. Сына тәризли қайыслы берилис пенен танысыў 2. Жетеклеўши ҳәм жетеклениўши шкивлердиң сырытқы ҳәм ишки диаметрлерин өлшең. 3. Узатпаның узатыўлар санын есаплаң. 4. Қайыстың узынлығын анықлаң. 5. Сына тәризли қайыстың көнделең кесими өлшемлерин анықлаң. 6. сына тәризли қайыстың көнделең кесиминиң эскизин сызың. 7. Берилистиң орайлары арасындағы аралықты анықлаң. 8. Алынған нәтийжелерди 1-кестеге жазың. Қайыслы берилистиң анықланған өлшемлери 1-кесте
Download 0.64 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling