Лекция. Кирисиў. Кристаллографиядан тийкаргы маглыўматлар. Кристаллардың дүзилиси ҳәм кеңислик пәнжереси. Кристаллардың әпиўайы шекли симметрия элементлери
Кристаллардың әпиўайы шекли симметрия элементлери
Download 433.5 Kb.
|
Лекция 1 Kирисиу
Кристаллардың әпиўайы шекли симметрия элементлери.
Кристаллық кеңисликтиң (ямаса фигураның) геометриялық симметриясы деп базы бир симметриялық түрлендириўлердеги ӛзиниң дәслепки аўҳалындай аўҳал менен үйлесиў қәсийетине айтамыз. Симметриялық түрлендириў ямаса симметриялық операция кеңисликти (ямаса фигураны) өзи менен үйлесиўине алып келетуғын шашыратыў, бурыў (айландырыў), көшириўден турады. Кристаллардың физикалық қәсийетлериниң симметриясы менен анизотропиясы кристаллардың сыртқы көп жақлы формаларында анық көринеди. Кристалдың көп жақлы формасы тек ғана өсиў тезлигиниң анизотропиясының нәтийжеси болып табылмай, сол кристалдың өсиўинде туўдырылған сыртқы шараятлардың да нәтийжеси болып табылады (температура градиенти, қоңысылас кристаллар ямаса ыдыс дийўалларын менен тийисиў, салмақ күшиниң тәсири, орталықтың бир тексизлигиниң ақыбети ҳ.т.б.). Биз кристалдың өсиўиниң реал шараятларына кеўил бөлмей ҳәзирше тек ғана идеал кристаллық көп жақлылардың симметриясын қараймыз. Симметриялы фигура ямаса симметриялы көп жақлы деп симметриялық түрлендириўдиң нәтийжесинде өзиниң дәслепки аўҳалындай аўҳал менен үйлесетуғын фигураларды айтамыз. Симметрия элементлери деп фигураның симметриясы табылатуғын жәрдемши образларды (ноқатлар, туўры сызықлыр, тегисликлер) айтамыз. Барлық симметриялық түрлениўлерде фигураның барлық ноқатлары арасындағы қашықлықлар өзгермей қалады (яғный қысылыў, буралыў, иймейиў ҳәм сол сыяқлы өзгерислер болмайды). Симметриялық түрлениўлерди (түрлендириўлерди) еки типке айырыўға болады: 1) фигураның ең кеминде бир ноқаты өз орнында қозғалмай қалатуғын шекли ямаса ноқатлық ҳәм 2) фигураның ҳеш бир ноқаты өз орнында қалмайтуғын шексиз ямаса кеңисликтеги симметриялық түрлендириў. Шекли симметриялық түрлениўлер (ямаса түрлендириўлер) идеал кристаллық көп жақлылар симметриясына, ал шексиз симметриялық түрлениўлер структура (қурылыс) симметриясына сәйкес келеди. Биз симметрия элементлерин тәриплегенимизде Герман ҳәм Могенлер тәрепинен исленип шығылған халықаралық символлардан пайдаланамыз. Download 433.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling