Мәмлекетлик бюджеттиң мазмуны Мәмлекет бюджетиниң функциялары Мәмлекет бюджетиниң әҳмийети
Download 26.74 Kb.
|
8-Тема Мамлекетлик бюджет
8-тема. МӘМЛЕКЕТЛИК БЮДЖЕТ Мәмлекетлик бюджеттиң мазмуны Мәмлекет бюджетиниң функциялары Мәмлекет бюджетиниң әҳмийети Мәмлекет бюджетинин дәраматлары Мәмлекет бюджети жәмийеттиң раўажланыўының мәлим бир басқышында пайда болған. Оның пайда болыўы ең әўеле сиясий шөлкем сыпатында мәмлекеттиң пайда болыўы менен бирге тиккелей байланыслы. Ҳәр бир дәўирдиң социаллық системасына тийисли болған ислеп шығарыў мүнәсибетлериниң тийкарғы белгилери мәмлекет хызмети ҳәм бюджетиниң бөлистириў механизми сыпатындағы мазмунын белгилеп береди. Ҳәзирги шараятта мәмлекет бюджети социаллққ ислеп шығрарыў мүнәсибетлериниң бир бөлегин көрсетип, мәмлекеттиң ықтыярына мәмлекетте жаратылған жалпы ишки өним – миллий дараматының салыстырмалы үлкен бир бөлегин топлаў ҳәм оны жәмийеттиң раўажланыўы түрли тараўларын (экономика, ден саўлықты сақлаў, пән, мәденият, басқарыў ҳ.т.б.) раўажланыўына бағдарланған имканын беретуғын әҳмийетли бөлистириў инструменти (қуралы) болып есапланады. Қәсийетине көре мәмлекетлик бюджет мәмлекеттиң финанс системасының қурамлық бөлими болып, соған сай рәўиште финанс системасына байланыслы бәрше белги (қәсийет) лерине ийе ҳәм оған тийисли болған бәрше функцияларды орынлайды. Бир ўақыттың өзинде, мәмлекет бюджети тек өзине сай болған характерли қәсийетлерге де ийе, олар өз нәўбетинде мәмлекет бюджетин финанс системасының басқа бөлимлеринен ажралып турады ҳәм оған орайлық орынды ийелеўге имкан береди. Оның әне сондай қәсийетлеринен бири тиккелей мәмлекетке байланыслы болады. Ҳақыйқаттан да ҳәр бир мәмлекетте бәрше финанаслық мүнәсибетлердиң шөлкеми болса да, оның бул жағдайы яғный мәмлекеттиң материллық ҳәм финанслық ресурсларын бөлистириўши сыпатындағы роли тек бюджетке үлкен күш пенен көринеди. Орайластырыў мәмлекет бюджетиниң әҳмийетли қәсийети болып есапланады. Түрли аймақлық басқарыў бюджетлери көплигине қарамастан, олардың бәршеси төмендеги буўынлардың жоқары бөлимлерине избе-из бойсынған ҳалда мәмлекет бюджетине биригеди. Бир ўақыттың өзинде бюджет ресурсларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыўда демократизм менен тәмийинленеди. Себеби мәмлекет ҳәкимиятының бәрше органлары өзлериниң бюджетлик қәрежетлерине ийе ҳәм өзлерине тийисли бюджетлик ҳукуклардан пайдаланады. Мәмлекет бюджетине сай әне сол характерли белгилер қәрежетлери менен бөлистириў бюджет сиясатын әмелге асырыўушын кең имканиятларын жаратып береди. Финанс системасының басқа бөлимлеринен парықлы рәўиште, мәмлекет бюджетине еки түсиниктиң терминологиялық қосылыўы пайда болады: 1) бюджет- экономикалық (финанслық) категория сыпатында; 2) бюджет - мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси сыпатында. Айырым жағдайларда мәмлекет бюджетиниң қасийети тек мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси сыпатында көрсетиледи. Буны болса дурыс деп есаплаўға болмайды. Себеби, экономикаға тийисли болған ҳәм қандай реже ол яки бул экономикалық категорияның көрсетилиў формасынан басқа нәрсе емес. Соған муўапық рәўиште, мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси мәмлекет бюджети (улыўма мәмлекетлик финанс) категориясының пайда болыў формасы. Яғный бюджет мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси сыпатында экономикалық категория ҳәм бюджетке сай болған қәсийетлер жыйнағы болады. Экономикалық категория ҳәм мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси сыпатында олардың «мәмлекетлик бюджет» деп аталыўы предметиниң қәсийетин өзгертпейди ҳәм мәмлекет бюджетиниң экономикалық категориялар қурамынан шығарыўға тийкар бола алмайды. Буннан келип шықкан ҳалда, мәмлекет бюджети дегенде, ең әўеле еки түсиниктиң қосылыўын түсиниў керек: 1) мәмлекет аймағында жалпы ишки өнимниң бөлистирилиўи нәтийжесинде пайда болған экономика мүнәсибетлер; 2) сол категорияның пайда болыў формасы сыпатында мәмлекеттиң тийкарғы финанслық режеси. Жалпы ишки өнимди бөлистириўдин финанслық қуралы сыпатында мәмлекет бюджети басқа қәсийетлерине де ийе. Егер финанс жәрдеминде бөлистириў қунының формаларын өзгериўшең шараятта да көплеп алды-саттылар нәтийжесинде әмелге асырылса, жалпы ишки өнимниң мәмлекет бюджети арқалы бөлистириўи мәлим дәрежеде алмасыўданажралған ҳалда пайда болады. Кунының мәмлекет бюджети аркалы характерлениўи материаллық өнимниң характеринен толық ажралады ҳәм сап пайда характерленед. Тек мәмлекет бюджетинен тысқары бюджет ресурслары сарпланып атырғанда бөлистириў ҳәм алмасыў операцияларының қайта қосылып кетиўи пайда болады. Бюджет фондын қалиплестириўде еки түрли түсиниктен пайдаланылады: бюджетке толемлер (салыклар, ажратпалар, бажлар ҳ.т.б); мәмлекет бюджетиниң дәраматлары. Бул түсиниклер бир түрдеги мәнисти аңлатады. Себеби олардың екеўи де мәмлекет ҳәм қәрежетлер төлеўшилер ортасындағы пайда болған бир түрдеги бөлистириў мүнәсибетлерин көрсетип береди. Бул жерде тек мәни тәрепинен емес, бәлки муғдарлық тәрептен бирликке ерисиледи. Олардың ҳәр екеўи де миллий дараматтың жеке бөлими тийисли. Бирақ бул тусиник лердиң еки жақлама характерине ийе екенлигин умытпаў керек. Мәмлекет бюджетине төлемлер (салықлар, ажратпалар, бажлар ҳ.т.б) ең әўеле төлеўшилердиң қарежетлеринен ибарат болып, олардың дәраматларынан шегирилсе де, бир ўақыттың өзинде олар мәмлекет бюджетинде дәраматлары сыпатында сәўлеленеди. Әне сондай бөлистириў мүнәсибетлерине кирискен қатнасыўшылар ортасындағы мәплерде базы бир парқлы тәрептен пайда болған. мәмлекет бюджетиниң дәраматларын асырыўдан мәпдар болса, бул нәрсе ол яки бул дәрежеде төлеўшилердиң (юридикалық ҳәм физикалық шахъсларының) мәплери пәсейтеди. Солай етип, «бюджетке төлемлер» ҳәм «мәмлекет бюджетиниң дәраматлары» түсиниклери жоқарыда көрсетилген улыўмалыққа ийе болсада, бир ўақыттың өзинде , олар ортасында объектив парқлар да бар. Бюджетке төлемлер хожалық жүритиўши субъектлер яки төлеўшилер финансының қурамлық элементлеринен есапланады ҳәм басқа бөлистириў мүнәсибетлери менен өз-ара органикалық байланыста көриледи; мәмлекет бюджетине олар дәраматлар формасын алады ҳәм бюджеттиң субъектлер менен бюджет мүнәсибетлерин кең тараўларда басқа элементлер менен өз – ара байланысын көрсетип береди. Бул жағдайда, бөлистирилип атырған миллий дараматтың жеке бөлими еки түрли экономикалық мазмун касб ееди ҳәм финанс системасының түрли бөлимлеринде ҳәр түрли көриниске ийе болады. Мәмлекет бюджетиниң дәраматлары өзиниң жекелиги менен парқланады ҳәм олар жеке мақсетке – социаллык мүтәжликлерди қандырыўға хызмет етеди. Өндириў методлары, төлеўшиниң қурамы, төлеў мүддетлери ҳәм тағы да басқалардың парқланыўына карамастан, булардың бәри мәмлекет пул фондын қәлиплестириў бойынша мәмлекет ҳәм төлеўшилер ортасында пайда болған бөлистириў мүнәсибетлерин тасыўшыларын сүўретлейди. Бул өз нәўбетинде қәрежет төлеўшилер менен мәмлекет ортасындағы мүнәсибетлердиң бәршеси арасынан финанслық категорияның бир көриниси сыпатында айрықша мүнәсибетлерди ажратып алыўға тийкар жаратып береди. Егер финанс экономикалық категория сыпатында ендирилген болса, бюджет бул категорияның қурамлық бөлими көринислеринен бири. Бул өз нәўбетинде бюджет өзине тийисли болған (бюджетли) каегорияларын пайда етеди. Олар мәмлекет бюджети деп аталған категорияға салыстырғанда мәлим дәрежеде бойсыныўшаңлық характерне ийе болып, оның қурамлық бөлимлери сыпатында майданға шығады. Әне сондай бюджет категорияларынан бири мәмлекет бюджетиниң дараматлары болып есапланады. Download 26.74 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling