Операторлар менен ислеў. Жумыстың мақсети: Microsoft Visual Studio 2010
Download 0.6 Mb.
|
1 2
Bog'liq1-Амелий жумыс кк
- Bu sahifa navigatsiya:
- 1-Мысал.
- Элементлер панели
- Label
- Text-Label1 ди X=
- Label2 ни Y=
- Button1
1-ӘМЕЛИЙ ЖУМЫС. ПРОГРАММАЛАСТЫРЫЎ ТИЙКАРЛАРЫ. ОПЕРАТОРЛАР МЕНЕН ИСЛЕЎ. Жумыстың мақсети: Microsoft Visual Studio 2010 орталығында C# тилинде сызықлы ҳәм тармақлы алгоритмлерге программа дүзиў. 1-Мысал. x,y,z мәнислери ушын берилген арифметикалық аңлатпаны есаплаўшы программа дүзиў. Мысалдың орынланыў тәртиби: Берилген мысалды ислеў ушын төмендеги избе-изликти орынлап барыўымыз керек. Пуск-Программы- Microsoft Visual Studio 2010 орталығына киремиз. Проектти сақлаў. Форма айнасыныӊ көриниси төмендегише болыўы керек. 1-сүўрет. Форма айнасы Оның ушын Элементлер панели айнасынан Стандарт элементлерди басқарыў бетин таңлаймыз. Бул беттеги Label, TextBox ҳәм Button компоненталарын форма айнасына жайластырамыз. Label компонентасын таңлап Form1 айнасына тышқан жәрдеминде тартып қоямыз. Бул процессти 4 мәрте қайталаймыз. Label1 сөзин өзгертиў ушын Қәсийетлер айнасынан Text-Label1 ди X= ге өзгертемиз. Қәсийетлер айнасынан Font - тышқанды шертип шрифтти өзгертемиз. (Times New Roman, обычный, 12) ОК түймесин басамыз. Label2 ни Y= ге өзгертемиз. Label3 ти Z= ге өзгертемиз. Label4 ти НӘТИЙЖЕ ге өзгертемиз. TextBox1 ди үлкейтиў ушын Қәсийетлер айнасынан Multiline-true ға ҳәм ScrollBar-Both ға өзгертемиз. Сол беттен Button1 компонентасын таңлап Form1 айнасына тышқан жәрдеминде тартып қоямыз. Button1 компонентасыныӊ атын өзгертиў ушын Қәсийетлер айнасынан Text - Button1 ды ОРЫНЛАЎ сөзине өзгертемиз. Форма айнасыныӊ баслама қатарына 1-Әмелий жумыс деп жазыў ушын Қәсийетлер айнасынан Text -Form1 яғный Form1 ди өширип 1-Әмелий жумыс деп жазамыз. Form1 айнасының үстинде турып тышқанның шеп түймесин еки рет шертемиз. Нәтийжеде Код айнасында private void Form1_Load(object sender, EventArgs e) ўақыяларды қайта ислеўшиси пайда болады. Оның ишине төмендегилерди жазамыз: Download 0.6 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
1 2
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling