Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжатларды көрип шығыў тəртиби


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet49/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

18-статья. Мүрəжатларды көрип шығыў тəртиби
Мəмлекетлик органға келип түскен мүрəжатлар усы ор-
ган тəрепинен яки оның мүрəжатларды көрип шығыў бой-
ынша миннетлер мойнына жүкленген лаўазымлы шахслар 
тəрепинен көрип шығылады.
Қойылған мəселелерди шешиў өз ўəкиллиги шеңберине 
кирмейтуғын 
мəмлекетлик 
органға 
келип 
түскен 
мүрəжатлар бес күнлик мүддеттен кешиктирместен тийис-


97
ли органларға жиберилип, бул туўралы мүрəжат етиўшиге 
жазба ямаса электрон формада хабар етиледи.
Мүрəжатларды көрип шығыў ушын тийкарсыз рəўиште 
басқа мəмлекетлик органларға өткериў ямаса қарарлары 
яки ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) үстинен шағым етилип 
атырған органларға ямаса лаўазымлы шахсларға жибериў 
қадаған етиледи.
Егер мүрəжатларда оларды тийисли органларға жибериў 
ушын зəрүр мағлыўматлар болмаса, бул мүрəжатлар 
мүрəжат етиўшиге бес күнлик мүддеттен кешиктирместен 
тийкарланған түсиндирме менен қайтарылады.
Мүрəжатты толық, қалыс ҳəм өз ўақтында көрип 
шығыў ушын қосымша мағлыўматлар, мағлыўматнамалар 
ҳəм материалларға зəрүрлик пайда болған жағдайда, 
усы мүрəжатты көрип шығып атырған мəмлекетлик 
органның лаўазымлы шахсы мүрəжат еткен физикалық 
яки юридикалық шахстан, сондай-ақ, өз ўəкилликлери 
шеңберинде басқа мəмлекетлик органлардан қосымша 
мəлимлемени сорап алыўы мүмкин. Егер мəлимлеме 
мəмлекетлик сырды яки нызам менен қорғалатуғын 
басқа сырды қурайтуғын мағлыўматларды өз ишине 
алған болмаса, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
ҳуқықларына, еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине, 

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling