Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


бириншиден, мəмлекетлик органлар искерлигин сын көз- қарастан анализлеў ҳуқықы; екиншиден


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet2/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

бириншиден, мəмлекетлик органлар искерлигин сын көз-
қарастан анализлеў ҳуқықы;
екиншиден, мəмлекетлик органлар ҳəм олардың лаўазымлы 
шахсларынын искерлигин жақсылаў бойынша усыныслар 
бериў ҳуқықы;
үшиншиден, пуқаралардың өз ҳəрекетлери менен (жəмəəт 
болып мүрəжат етиў жолы менен) мəмлекетлик органлардың 
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин яки басқа шешимлерин 
қабыллаў ҳəм бийкарлаў яки өзгертиў ҳəм қосымшалар 
киргизиў ҳаққында баслама көтериў ҳуқықы;
төртиншиден, мəмлекетлик органлардың конкрет ҳуқық 
ҳəм еркинликлерди əмелге асырыўға жəрдем бериўин талап 
етиў ҳуқықы;


бесиншиден, өзиниң бузылған ҳуқықларын, еркинликле-
рин, сондай-ақ, басқа шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин 
ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў (қайта тиклеў) туўралы мүрəжат 
етиў ҳуқықы;
алтыншыдан, мəмлекетлик органлар ҳəм олардың лаўа-
зымлы шахслары тəрепинен өзине белгили болған нызам 
бузыўшылықлар туўралы хабар бериў ҳуқықы ҳəм басқа да 
ўəкилликлер.
Түсиник берилип атырған Нызамға муўапық, физикалық ҳəм 
юридикалық шахслар жеке өзи ямаса өзиниң нызамлы ўəкили 
арқалы тек мəмлекетлик органларға, олардың лаўазымлы шахсла-
рына ҳəм пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына мүрəжат 
етиў ҳуқықына ийе. Бул дизимге коммерциялық шөлкемлер, 
жеке исбилерменлер, мəмлекетлик емес кəрханалардың, 
мəкемелердиң ҳəм жəмийетлик бирлеспелердиң басшылары 
кирмейди, себеби олар мүрəжатларды көрип шығыў ҳəм олар 
бойынша шешимлер қабыл етиў ҳуқықына ийе субъектлер сы-
патында түсиник берилип атырған Нызам юрисдикциясына 
кирмейди.
Инсан ҳуқықлары бойынша
Өзбекистан Республикасы
Миллий Орайының директоры А. Саидов 


10

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling