Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмле-


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet6/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

2. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмле-
кетлик органларға мүрəжатлары ҳаққындағы нызам асты 
ҳүжжетлери.
Ең əҳмийетли нызам асты норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер 
қатарында Өзбекистан Республикасы Министрлер Каби-
нетиниң түсиник берилип атырған Нызам тийкарында 
31.03.2015-ж. қабыл етилген №73 «Мəмлекетлик органларда 
ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы 
үлги Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қарарын, сондай-ақ, 
усы Қарарға қосымша есапланатуғын «Мəмлекетлик органлар-
да ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы 
үлги Реже»ниң өзин атап өтиў зəрүр.
1
Усы Қарарда Өзбекистан Республикасы Министрлер Каби-
нети министрликлер менен ведомстволарға, Қарақалпақстан 
Республикасы Министрлер Кеңесине, ўəлаятлар, қалалар ҳəм 
районлардың ҳəкимиятларына бир ай мүддетте өзлериниң 
(усы Режеге сəйкес) физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
1
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 31.03.2015-ж. қабыл етил-
ген №73 «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы үлги Ре-
жени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қарары. //Өзбекистан Республикасының нызам 
ҳүжжетлери топламы, 6-апрель 2015-ж., №13, 15-ст.; «Мəмлекетлик органларда ҳəм 
мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары 
менен ислеў тəртиби ҳаққындағы үлги Реже» (ӨзР МК 31.03.2015-ж. №73 Қарарына 
қосымша). //Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 6-апрель 
2015-ж., №13, 154-ст.; Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 
31.03.2015-ж. №74 «Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 
өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Қарары. //Өзбекистан Республикасының нызам 
ҳүжжетлери топламы, 6-апрель 2015-ж., №13, 155-ст.


20
мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы Режеле-
рин ислеп шығыў, сондай-ақ, өзлериниң норматив-ҳуқықый 
ҳүжжетлерин усы Қарарға муўапықластырыў ўазыйпасын 
жүкледи.
Үлги Режеде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
мүрəжатлары менен ислеў тəртиби айқынластырылған ҳəм 
тастыйықланған.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling