Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге асырыўдың
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
2. Мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге асырыўдың
ықтыярлылығы. Түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлиминде бекитилген режеге муўапық, мүрəжат етиў ҳуқықы ықтыярлы түрде əмелге асырылады. Ҳешким бирер-бир мүрəжатты қорғаўға ямаса оған қарсы қаратылған ҳəрекетлерде қатнасыўға мəжбүр етилиўи мүмкин емес. Физикалық ҳəм юридикалық шахслар мүрəжат етиў ҳуқықын жеке басламасы менен əмелге асырады. Ҳəр бир кон- крет жағдайда физикалық ҳəм юридикалық шахслар мүрəжат 24 етиў ҳуқықынан пайдаланыўы яки пайдаланбаўы мүмкин. Олар еркин ҳəм ықтыярлы түрде ҳəрекет етеди. Мүрəжат етиў ҳуқықын еркин əмелге асырыў қандай да бир тосқынлықлар, шəртлер қойыўға (мүлклик, отырықлылық, ар- мияда хызмет етиў ҳəм т.б.) жол қойылмайтуғынын аңлатады. Физикалық яки юридикалық шахс қəлеген мəмлекетлик органларға, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына ҳəм қəлеген лаўазымлы шахсларға қəлеген мазмундағы мүрəжатты бериўи мүмкин. Өз ҳуқықын еркин əмелге асырыў оны ықтыярлы түрде əмелге асырыў менен тиккелей байланыслы. Ҳешким пуқараны мəмлекетлик органларға, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына яки лаўазымлы шахсларға мүрəжат етиўге ямаса мүрəжат етиўден бас тартыўға мəжбүрлемеўи тийис. Бирақ пуқараның мүрəжат етиў конституциялық ҳуқықын əмелге асырыўы барысында басқа шахслардың ҳуқық ҳəм ер- кинликлерин бузыўға жол қойылмаслығы ҳаққындағы прин- цип сақланыўы лазым. Усы режеге түсиник берилип атырған статьяның үшинши бөлиминде көрсетилген, мүрəжат етиў ҳуқықының əмелге асырылыўы басқа физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин, сондай- ақ, жəмийет ҳəм мəмлекет мəплерин бузбаўы керек де- ген конституциялық реже де (Өзбекистан Республикасы Конституциясының 20-статьясы) 1 сəйкес келеди. Ҳеш бир жəмийет адамға шекленбеген дəрежеде еркинлик бере алмайды. Бундай шеклеўлердиң бири басқа шахслардың ҳуқық ҳəм еркинликлери болып есапланады. Бул шеклеў ин- сан ҳуқықлары бойынша халық аралық ҳүжжетлерде ҳəм Өзбекистан Республикасы Конституциясында белгилеп қойылған. 1 Өзбекистан Республикасы Конституциясы. –Т.: Өзбекистан , 2014. – 9-б. 25 Мəселен, Пүткил жəҳəн инсан ҳуқықлары декларациясы 1 инсанның ҳуқық ҳəм еркинликлерин нызамлы түрде шеклеў критерийи сыпатында басқалардың ҳуқық ҳəм еркинликле- рин миннетли түрде тəн алыўды ҳəм ҳүрмет етиўди (29-ст.), ал пуқаралық ҳəм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы Халық аралық пакт 2 – басқа шахслардың ҳуқық ҳəм еркинликлерин қорғаўды (ст.21) атап көрсетеди. Тап усындай талап Өзбекистан Респу- бликасы Конституциясының 20-статьясында да бекитилген. Мүрəжат етиўшиниң субъектив ҳуқықы шеклериниң ны- зам менен белгилениўи усы шахстың рухсат етилген минез- қулқ шеңберинен шетке шықпаўы ҳəм басқа шахслардың, жəмийеттиң ҳəм мəмлекеттиң нызамлы мəплерине зыян келтирмеўи ушын зəрүр. Тек усы шəртти орынлаған жағдайда ғана барлық физикалық ҳəм юридикалық шахслар өзлериниң ҳуқық ҳəм еркинликлерин тосқынлықсыз əмелге асырыўы мүмкин. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling