Аддиктив минез-қулықтың психологияда үйренилиўи
Download 48 Kb.
|
Аддиктив минез-кулык
- Bu sahifa navigatsiya:
- «Педагогика» факультети 4-курс студенти
- Пайдаланылған әдебиятлар
АДДИКТИВ МИНЕЗ-ҚУЛЫҚТЫҢ ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ Нурымбетова Э.Ж. «Психология» кафедрасы үлкен оқытыўшысы Жарылкасынова С. «Педагогика» факультети 4-курс студенти Аддиктив минез-қулық деп тири жанзатларға кирмейтуғын объектлерден ғарезлилик айтылады, «ғарезли минез қулық термининиң» парқы, бунда ҳәм тири ҳәм тири емес объектлерден ғарезлигинде (мысалы, басқа адамнан ғарезлиги). Аддиктив минез қулықтың тийкарғы түрлерине психоактив затлардан ғарезлиги (чай, кофе, алкоголь, темеки, наркотик), интернет, деструктив секталардан ғарезлик киреди. Усы атап өткен объектлер менен ғарезли минез қулық формалары төмендегише бөлинип шыққан: -химиялық ғарезлилик (темеки, токсикомания, наркоғарезлик, дәриден ғарезлик, алкоголь); - аўқатланыў қағыйдаларының бузылыўы (ҳәдден тысқары аўқатланыў, аш жүриў, аўқатланыўдан кешиў); - гэмблинг - ойыннан ғарезлилик (компьютер ойыны, қумар ойыны) ; -диний деструктив минез-қулық (диний фанатизм, сектаға берилиў). Инсанлардың өмир тәрзи өзгерген сайын ғарезли минез-қулық түрлери пайда болады, мысалы, ҳәзирги ўақытта компьютерден ғарезлилик. Ғарезли (аддиктив) минез-қулық -минез –қулық формаларының шегарадан шығыўы. Аддиктив минез-қулықтың дәрежеси ҳәр қыйлы болады – нормал минез-қулық формасынан психикалық ҳәм соматикалық патология менен өтетуғын биологиялық ғарезликтиң аўыр формасына шекем. Усыған байланыслы, айрым авторлар аддиктив минез-қулық пенен әпиўайы әдетлерди айрып шығарады, яғный екиншиси ғарезлилик дәрежесине жетпеўи ҳәм ҳеш қандай қаўип туўдырмаўы мүмкин, мысалы, ҳәдден тысқары аўқатланыў яки темеки шегиў. Инсан ғарезли конкрет объектти таңлаўда оның организмине тәсири менен белгиленеди. Инсанлар, аддикция объектине индивидуал жантасыўы менен айырылып турады. Алкогольды көпшилик инсанлардың таңлаўы, ол- ысытыў, аяз аўрыўларың емлеўде, исенимниң артыўында кең қолланады. Ғарезли минез-қулық формалары бир бирине өтиў қасийетине ийе. Мысалы, көп стажлы темеки шегиўши, темеки шегиўден бас тартса, ҳәдден тысқары аўқатланыўға умтылады. Героиннан ғарезли адам жеңил наркотиклер ҳәм алкогол менен өзин қоллап турады. Сондай қылып, көрип шығылған минез-қулық формалары парқларына қарамастан психологиялық механизми бирдей. Усыған тийкарланып, аддиктив минез-қулық улыўма қасийетлерге ийе. Дәслеп, шахстың ғарезли минез-қулқы психофизикалық жағдайын өзгертиўге умтылыўында белгили болады. Бул умтылыў инсан тәрепинен жеңип болмайтуғын, қанаатланбайтуғын болып түйиледи. Бул инсаннын өзи менен өзи гүреси сыпатында, ал гейде- өзин өзи басқарыўдың жойтылыўын билдиреди. Аддиктив минез-қулық тосаттан пайда болмайды, ол аддикцияның үзликсиз раўажланыў ҳәм қалиплесиў процесси. Аддикция индивидуал тәризде басланыў, ғарезликтиң күшейўи ҳәм тамамланыў басқышыда болады. Минез-қулық мотивациясы ҳәр басқышта ҳәр қыйлы. Ғарезли минез-қулықтың және бир қасийети циклға бөлинетуғынлығы. Бир циклдың өзгериў ўақтын көрип шығамыз: - аддиктив минез-қулықка ишки таярлық; - қалеўиниң ҳәм зорығыўдың күшейўи; - аддикция объектин актив излеў ҳәм күтиў; - объектти табыў ҳәм қандайдадур кеширмелерди бастан өткериў; - күшсизлениў; - ремиссия ўақты ( ўақтынша руўхый дем алыў). Кейин бул цикл индивидуал белги ҳәм тезликте қайталанады. Мысалы, бир аддиктиң өзи бир ай, басқасы-бир күн болыўы мүмкин. Бул жағдай кеселликке ямаса өлимге алып келмейди (мысалы, алкоголизм ямаса наркомания), бирақ нызам шегарасында шахсий өзгерислерди ҳәм социаллық дезадаптацияға алып келеди. Аддиктив установка ғарезлилик объекти жасаў мақсети болып, ал қолланыў- өмир тәрзи болып қалады. Өмир тек ғана сол ғарезли объектти алыў менен шекленип қалады. Көбинесе, аддиктив минез-қулық стрессти жеңип шығалмаслықтан пайда болады деген пикирлер де бар. Мысалы, наркотикке ғарезли өспиримлер стресске қарсы қыйыншылықтан қашыў, бийкарлаў, жекелениў реакцияларын көрсетеди. Өмирдиң мазмунын жойтыў, өзиниң өмирине жуўап бере алмаслық - ҳәм басқада қасийетлер, ғарезли минез-қулықтың пайда болыўына ҳәм раўажланыўына алып келеди. Ғарезли минез - қулық факторларын атап өтип отырып, инсанның тәбийи мүтәжликлери жатыўын айтып өтиў керек. Инсанның ғарезликке мейиллиги универсал қасийети есапланады. Бирақ, белгили шараятларда инсан ушын айрым нейтрал объектлер әҳмийетлиге айланады, ал оларға деген зәрүрлик артып баслайды ҳәм басқарыў қыйынласады. Аддиклердиң минез- қулқы шахслар ара қарым –қатнаста бирнеше әҳмийетли қасийетлер менен белгиленеди. Тосықларды бастан қыйын кешириў гедонистлик установкалар менен белгиленеди (қанаатланыўды тезлик пенен алыў, өз тилеклериниң қанатландырыў). Егерде тилеклери қанатланбаса, олар негатив эмоцияларын адамларға шығырып, ямаса машқаладан кашып қалады. Стресс жағдайы олар ушын туўры келмейди. Бул ол ушын қашып қалыўға себеп болады. Бул жоқары дәрежедеги қапа болыў, гүманланыў жағдайлары менен характерленеди, нәтийжеде конфликт келип шығыўы мүмкин. Аддиктлер көпшилик жағдайларда басқалар ортасында өзин жақсы көрсетиўге урынады. Негизинде олар менен узақ мүддет даўамында қарым-қатнаста болыў қызықлы болмайды. Аддиктлер – зерикерли, өмир тәрзи бир тәризде өтетуғын адамлар. Олар менен қарым қатнас жасаў тек жүзеки болыў мүмкин, олар терең унамлы қарым-қатнас жасаўға ийе емес ҳәм ондай қарым қатнастан олар бас тартып жүреди. Аддиктлер көпшилик жағдайларда өз сөзинде турмайды. Оларда өтирик сөйлеўге мейиллик пайда болады. Гүнасыз адамларды айыплаў әдетлери ушырап турады. Бир стереотиплик, минез-қулқының қайталаныў менен характерленеди. Гейде оларда пассив жағдайлар пайда болады, оларды қоллап қуўатлаўын қалейди. Кризис ўақытлары оларда қаўетерлениў екинши орынға түсип кетеди, ал әдетий өмирлик тәрзинде ол себепсизде пайда болыўы мүмкин. Аддиктив минез-қулықтың мазмуны соннан ибарат, реал жағдайдан шығып кетиў ушын, инсанлар жасама тәризде өзиниң психикалық жағдайын өзгертиўге умтылады. Ол ушын бул өз өзин қорғаў, руўхый тынышлық иллюзиясын жаратады. Аддиктив минез-қулықтың ҳәр қыйлы формалары бар болып: олар фармокологиялық ҳәм фармокологиялық емес түрде болады. Олар инсан саламатлығына үлкен қаўип келтиреди (физикалық ҳәм психикалық) тәрептен. Бул тек ғана оларға емес, ал қасындағы инсанлар ушын да қаўетерли жағдайды пайда етеди. Әсиресе шахслар аралық қарым қатнасқа зыян қылыўы мүмкин. Пайдаланылған әдебиятлар: Змановская Е.В. Девиантология (Психология отклоняющегося поведения). Москва, Академа-2004. Короленко Ц. П., Т.А. Донских. Аддиктивное поведение. Общая характеристика и закономерности развития.// Обозрение психиатрии и медицинской психологии. – М., 1991. - №1. - С.11 - 16. Кулаков С.А. Диагностика и психотерапия аддиктивного поведения у подростков: Учеб.-метод.пособие. – М., 1998. Download 48 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling