Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet14/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

1.2. Усыныс.
Түсиник берилип атырған статьяның үшинши бөлиминде 
«усыныс» түсинигиниң мазмуны ашып берилген: мəмлекет ҳəм 
жəмийет искерлигин жетилистириўге тийисли усынысларды өз 
ишине алған мүрəжат.
Мүрəжаттың бул түри – халық ҳəкимиятының ең салмақлы 
көринислеринен бири болып, ол арқалы физикалық ҳəм 
юридикалық шахслар өзлериниң мəмлекет ислерин басқарыўда 
тиккелей қатнасыў ҳуқықын əмелге асырады. 
Усыныс мүрəжат етиўшиниң қандай да бир ҳуқықларының 
бузылыўына да, əмелге асырылыўына да байланыслы емес, ол 
əмелдеги тəртипке өзгерислер киргизиўге қаратылған болады. 
Усыныс, Өзбекистан Республикасы Конституциясының 32-ста-
тьясы 1-бөлиминде белгилеп қойылған,
1
пуқаралардың жəмийет 
ҳəм мəмлекет ислерин басқарыўда тиккелей де, өз ўəкиллери 
арқалы да толық қатнасыў ҳуқықын əмелге асырыўдың ең 
əҳмийетли формаларынан бири болып есапланады.
1
Өзбекистан Республикасы Конституциясы. –Т.: Өзбекистан, 2014. –13-б.


34
Негизинен, усыныс түриндеги мүрəжатта пуқараның 
нызамшылықты 
жетилистириў, 
мəмлекетлик 
ҳəкимият 
органларының ҳəм пуқаралардың өзин өзи басқарыў 
органларының жəмийеттеги демократиялық қайта өзгерислерде 
искерлигин оптималластырыў бойынша идеялары баян етиле-
ди. Мəмлекетлик органларды шөлкемлестириўди ҳəм олардың 
искерлигин, ҳуқықый ҳүжжетлерди жақсылаўға, ҳəм жергилик-
ли, ҳəм республикалық əҳмийеттеги социаллық-экономикалық 
раўажландырыў мəселелерин шешиўге қаратылған конкрет 
илажлар көрсетилиўи, усыныс етилиўи мүмкин.
Усыныс киргизе отырып, пуқара жеке мақсетти гөзлемейди, 
өз ҳуқықларының бузылыўынан қорғаныўға умтылмайды, ал 
мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў органлары, пуқаралардың 
өзин өзи басқарыў органлары тəрепинен шешимлер қабыл 
етилиўине тəсир жасаўға ҳəрекет етеди, яғный өзиниң ең баслы 
пуқаралық ҳуқықларынан бири – мəмлекетлик ҳəм жəмийетлик 
ислерди басқарыўда тиккелей қатнасыў ҳуқықын əмелге асы-
рады. 
Усыныс пуқараның сиясий процессте қатнасыўының 
тəсиршең қуралы болып есапланады. Бирақ оған итибар 
қаратылыўы, қабыл етилиўи ҳəм əмелге асырылыўы ушын 
усыныс пухта ойланылған ҳəм конкрет, пайдалы ҳəм əмелий 
жақтан орынланыўы жеңил болыўы лазым. 

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling