Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
1.3. Шағым.
Түсиник берилип атырған статьяның төртинши бөлиминде мүрəжаттың бундай түрине былайынша анықлама берилген: шағым – бузылған ҳуқықларды, еркинликлерди тиклеў ҳəм ны- замлы мəплерди қорғаў ҳаққында талап баян етилген мүрəжат болып есапланады. Мəмлекетлик органларға ямаса пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына шағым етиў арқалы физикалық яки юридикалық шахс өзиниң ҳуқықын, еркинлигин, нызамлы 35 мəпин қорғаўды яки бузылған ҳуқықларын қайта тиклеўди тəминлеўге умтылады. Шағым етиўши шахс нəмəлим шах- слар топарының ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў мақсетинде де ҳəрекет етиўи мүмкин. Шағым етиў ҳуқықы алып қойылмайтуғын ҳуқық болып есапланады. Бул ҳуқықты əмелге асырыў ушын басқа биреўдиң келисими де, ҳəтте басқарыў ҳүжжетлерин шығарыў да зəрүр емес. Шағым физикалық яки юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин тəртипке салыўшы нызам ҳүжжетлери ҳəм басқа нормалар менен беки- тилген физикалық яки юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплери бузылыўына байланыс- лы жүзеге келген ҳуқықый қатнасықлар тараўында, яғный усы шахслар менен мəмлекетлик органлар арасындағы қатнасықлар унамлы шеңберден шетке шыққан жағдайларда пайда бола- ды. Шағым бериўдиң мақсети – ҳуқықларды қорғаў ҳəм қайта тиклеўден ибарат. Шағым нызамлылықты сақлаўдың кепили сыпатында қаралыўы тийис, себеби ол «төменнен» сынға алыў көринислеринен бири болып есапланады. Шағым, сондай-ақ, шахстың мəмлекетлик органлар, басқа да дүзилмелер, лаўазымлы шахслар, хызметкерлердиң ҳəрекетлери яки ҳүжжетлери нəтийжесинде бузылған ҳуқықларын, еркинли- клерин ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў қуралы, усы ҳуқықларды əмелге асырыў қуралларынан бири болып есапланады. Шағым бере отырып, физикалық яки юридикалық шахслар өзлерине мəмлекет тəрепинен берилген ҳуқықларды əмелге асырады ямаса бузылған ҳуқықларын қайта тиклеўди талап етеди. Бирақ шағым бериў тек ғана қорғаў функциясын əмелге асырыў менен шекленип қалмайды. Бул институттың социаллық-ҳуқықый мазмунын изертлеў шағымның бир ўақыттың өзинде еки мəниске ийе екенлиги туўралы болжам жасаўға тийкар болады: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling