39
бириншиден, физикалық шахстың (пуқараның,
сырт ел
пуқарасының, пуқаралығы болмаған шахстың)
фамилиясы,
исми, əкесиниң исми;
екиншиден, оның жасайтуғын орны туўралы мағлыўматлар;
үшиншиден, мүрəжаттың мазмуны баян етилген болыўы.
ПКниң 19-статьясына муўапық,
1
егер
нызамнан яки мил-
лий салт-дəстүрден басқаша тəртип келип шықпаса, пуқара өз
фамилиясы ҳəм исми менен, сондай-ақ, əкесиниң исми менен
ҳуқық ҳəм миннетлерге ийе болады ҳəм оларды əмелге асыра-
ды.
Нызамда нəзерде тутылған жағдайларда ҳəм тəртипте
пуқара қупыя (ядтан тоқылған) исмнен пайдаланыўы мүмкин.
Пуқара нызамда белгиленген тəртипте өз исмин өзгертиўге
ҳақылы. Пуқараның өз исмин өзгертиўи бурынғы исми менен
алған ҳуқық ҳəм миннетлерди бийкар етиў яки өзгертиў ушын
тийкар болмайды.
Исмин өзгерткен пуқара өзиниң бурынғы исмине
рəсмийлестирилген ҳүжжетлерге өз
есабынан тийисли
өзгерислер киргизилиўин талап етиўге ҳақылы.
Пуқара туўылған ўақытта алған исмин, сондай-ақ,
өзгертилген исмин пуқаралық ҳалаты ҳүжжетлерин
жазып
қойыў ушын белгиленген тəртипте дизимнен өткериўи керек.
ПКниң 21-статьясына муўапық,
2
пуқараның турақлы яки
көбирек жасап турған жери оның жасаў орны болып есаплана-
ды.
Оның жасаў орны туўралы мағлыўматлар пуқараға жуўап
жибериў ямаса мүрəжаттың басқа мəнзилге жиберилгенин
хабарлаў ушын зəрүр. Буннан тысқары, мүрəжатта пуқара ме-
нен байланысыў ушын телефонлар да көрсетилиўи көрсетилиўи
мүмкин.
1
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. – Т.: Адолат, 2012. –13-б.
2
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. – Т.: Адолат, 2012. – 14-б.