Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


бириншиден, электрон санлы имза; екиншиден


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet21/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

бириншиден, электрон санлы имза;
екиншиден, юридикалық шахстың аты яки электрон 
ҳүжжетти жибериўши – физикалық шахстың фамилиясы, исми, 
əкесиниң исми;
үшиншиден, электрон ҳүжжетти жибериўшиниң почта ҳəм 
электрон мəнзили;
төртиншиден, электрон ҳүжжет дүзилген сəне.
Нызам ҳүжжетлеринде яки электрон ҳүжжет айланысы 
қатнасыўшыларының келисими менен электрон ҳүжжеттиң 
басқа реквизитлери де белгилениўи мүмкин.
5. Аноним мүрəжатларды анықлаў.
Түсиник берилип атырған статьяның алтыншы бөлиминде 
нəзерде тутылған режеге муўапық, физикалық шахстың фа-
милиясы (исми, əкесиниң исми), оның жасаў орны туўралы 
мағлыўматлар яки юридикалық шахстың толық аты, оның 
жайласқан жери (почта мəнзили) туўралы мағлыўматлар 
көрсетилмеген ямаса олар туўралы жалған мағлыўматлар 
көрсетилген, сондай-ақ, имза (электрон санлы имза) менен 
тастыйықланбаған мүрəжатлар аноним мүрəжатлар деп есапла-
нады.
Барлық тийисли реквизитлердиң көрсетилиўи тек мүрəжат 
мазмунын толық үйренип шығыў ушын ғана емес, ал оны ҳəр 
тəреплеме көрип шығыў ҳəм конкрет адресатқа, яғный мүрəжат 
етиўшиге тийисли жуўап жибериў ушын да зəрүр.
Бул қағыйданың мəжбүрийлигиниң себеби соннан ибарат
мүрəжат етиўшини идентификациялаў имканиятын беретуғын 
мағлыўматлар көрсетилмеген мүрəжат аноним мүрəжат деп 
есапланады ҳəм көрип шығылмайды. Бул реже түсиник бери-
лип атырған Нызамның 20-статьясында нəзерде тутылған.
6. Мүрəжат етиўши физикалық ҳəм юридикалық шахслар 
ўəкиллериниң ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин 
қоса тигиў.


44
Түсиник берилип атырған статьяның жетинши бөлиминде 
көрсетилгениндей, мүрəжат етиўши физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың ўəкиллери арқалы берилген мүрəжатларға олардың 
ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қоса тигиледи. 
Ўəкиллик ПКниң 10-бабында (129-144-статьялар)
1
нəзерде 
тутылған нормаларға муўапық əмелге асырылады. Олардың
ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжет – исеним хаты бо-
лып есапланады. ПКниң 134-статьясына
2
муўапық, бир шахс 
(исеним билдириўши) тəрепинен екинши шахсқа (исенимли 
ўəкилге) үшинши шахслар алдында ўəкиллик етиў ушын бе-
рилген жазба ўəкиллик исеним хаты болып есапланады. Исе-
нимли ўəкил өзине исеним хаты менен берилген ўəкилликлер 
шеңберинде ис жүргизеди. ПКниң 138-статьясына муўапық, 
юридикалық шахс тəрепинен берилетуғын исеним хаты баслық 
тəрепинен имзаланып, оған усы юридикалық шахстың мөри ба-
сылады.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling