Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Мүрəжатлардың көрип шығылыўын қадағалаў
Мүрəжатқа жуўап хаты
Мүрəжатқа жуўап хатында мүрəжатта көрсетилген ҳəр бир мəселе бойынша ўəжлерди бийкарлаўшы ямаса тастыйықлаўшы анық тийкарлар (зəрүрликке қарап нызам ҳүжжетлери нормала- рына силтеме берилген ҳалда) болыўы керек. Мүрəжатқа жуўап хаты мəмлекетлик орган ямаса оның қурам бөлими басшысы тəрепинен имзаланады. Мүрəжатларға жуўап хаты, имканы болғанынша, мүрəжат етилген тилде баян етиледи. Физикалық яки юридикалық шахслар жəмəəт болып мүрəжат еткен жағдайда, олардың мүрəжатлары Нызам талапларына муўапық көрип шығылады. Бунда мүрəжатқа жуўап мүрəжат еткенлердиң дизиминде биринши болып турған шахсқа ямаса, олардың талабына бола, басқа шахсқа жибериледи. Мүрəжат, онда көтерилген барлық мəселелер Нызам тала- пларына муўапық көрип шығылған ҳəм мүрəжат етиўиге тий- 67 исли жуўап жиберилген жағдайда көрип шығылған деп есапла- нады. Мүрəжат етиўшиге жуўап жиберилген күн – мүрəжатты көрип шығыў тамамланған күн болып есапланады, бул туўралы мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлим мүрəжатларды ди- зимге алыў журналына ҳəм есапқа алыў карточкасына белги қояды. Аралық жуўаплар берилген ҳəм толық көрип шығылмаған мүрəжатлар орынлаўдан яки қадағалаўдан алынбайды. Егер мүрəжатты көрип шығыў процессинде мүрəжаттың дубликаты келип түссе, усы мүрəжат бурын түскен мүрəжат пенен биргеликте көрип шығылады ҳəм нəтийжеси бойынша бирден-бир жуўап бериледи. Егер мүрəжаттың дубликаты мүрəжат көрип шығылғаннан ҳəм жуўап жиберилгеннен соң келип түссе, ол жағдайда мəмлекетлик орган мүрəжат етиўшини бил туўралы хабардар етеди. Мүрəжатлардың көрип шығылыўын қадағалаў Қадағалаўға алынған мүрəжат усы мүрəжатты қадағалаўға алған басшы яки лаўазымлы шахс тəрепинен қадағалаўдан ҳəм орынлаўдан алынады. Жоқары мəмлекетлик органның қадағалаўында турған мүрəжатлар бойынша мүрəжатты көрип шыққан мəмлекетлик орган мүрəжат етиўшиге жиберилген жуўап хатының көширмесин қоса тиккен ҳалда мүрəжатты көрип шығыў нəтийжелери туўралы жоқары мəмлекетлик органға жазба түрде хабар береди. Физикалық ҳəм юридикалық шахслар өз мүрəжатларын олар көрип шығылғанға шекем ҳəм көрилип атырған ўақытта мүрəжат бойынша қарар қабыл етилгенге шекем жазба яма- са электрон формада арза бериў жолы менен қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Бундай арза түскен жағдайда мүрəжатты көрип шығыў тоқтатылады ҳəм үш күн даўамында мүрəжат мəмлекетлик органның хаты менен мүрəжат етиўшиге қайтарылады. Мүрəжатты қайтарып алыў ҳаққындағы арза мəмлекетлик органлар тəрепинен нызам бузылыўларын анықлаў ҳəм сапластырыў бойынша илажлар көрилиўин бийкарламайды. Көрип шығылған мүрəжатларды ҳəм оларға байланыс- лы материалларды сақлаў мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимде белгиленген тəртипте əмелге асырылады. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling