Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


II бап. ФИЗИКАЛЫҚ ҲƏМ ЮРИДИКАЛЫҚ


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet35/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

II бап. ФИЗИКАЛЫҚ ҲƏМ ЮРИДИКАЛЫҚ 
ШАХСЛАРДЫҢ МҮРƏЖАТ ЕТИЎ 
ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ
II баптың атамасынан-ақ көринип турғанындай, ол 
мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў органларына мүрəжат 
етиўши шахслардың ҳуқық ҳəм мəплерин белгилеўге ҳəм 
тəминлеўге бағышланған.
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 18-статьясы-
на муўапық, усы Нызамның II бабындағы 10-статьяда мүрəжат 
етиў ҳуқықынаан пайдаланыўда ҳəр қандай кемситиўлер 
қадаған етилетуғынлығы ҳаққындағы реже белгилеп қойылған. 
Ҳəр бир мүрəжат етиўши жынысына, расасына, миллети-
не, тилине, динине ҳəм т.б. қарамастан, усы Нызамда бел-
гилеп қойылған ҳуқықларға ийе. Нызамның 11-15-статьяла-
рында төмендеги кепилликлер белгилеп қойылған: мүрəжат 
етиў ҳуқықын əмелге асырыў кепилликлери; мүрəжат етиўде 
ҳуқықлар, еркинликлер ҳəм нызамлы мəплердиң сақланыўы ке-
пилликлери; мүрəжатларды қабыл етип алыў ҳəм көрип шығыў 
кепилликлери; мүрəжатлар мүнəсибети менен аян болып 
қалған мағлыўматларды əшкара етпеў кепилликлери; сондай-
ақ, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларына 
байланыслы олардың қəўипсизлиги кепилликлери.
10-статья. Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланып 
атырғанда кемситиўге жол қойылмаслығы
Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланып атырғанда 
физикалық шахстың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, 
социаллық шығысы, ықтықаты, жеке ҳəм жəмийетлик 
жағдайы, сондай-ақ, юридикалық шахслардың меншик фор-


70
масы, жайласқан жери (почта мəнзили), шөлкемлестириў-
ҳуқықый формаларына ҳəм басқа жағдайларына қарап 
кемситиўге жол қойылмайды.
1. Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланыўда тең 
ҳуқықлылық принципи.
Түсиник берилип атырған статья Өзбекистан Республика-
сы Конституциясының 18-статьясы

мазмунына толығы менен 
сəйкес келеди, оған муўапық, Өзбекистан Республикасында 
барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳəм еркинликлерге ийе болып, 
жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық шығысы, 
ықтықаты, жеке ҳəм жəмийетлик жағдайына қарамастан, ны-
зам алдында тең .

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling