Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Физикалық ҳəм юридикалық шахс ҳаққындағы


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet43/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

2. Физикалық ҳəм юридикалық шахс ҳаққындағы, 
мүрəжатқа тийисли болмаған мағлыўматларды анықлаўға 
жол қойылмаслығы.
1
Сонда.


88
«Мəлимлеме еркинлиги принциплери ҳəм кепилликлери 
ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясына

ҳəм Өзбекистан Респу-
бликасы Министрлер Кабинетиниң 07.11.2011-ж. қабыл етил-
ген №296 қарары менен тастыйықланған қупыяластырылыўы 
лазым болған мағлыўматлар дизиминиң 1-бəнтине
2
муўапық, 
физикалық шахсларға тийисли жеке мағлыўматлар қупыя 
мағлыўматлар категориясына киреди, соның ушын да 
физикалық шахстың ыразылығысыз оның жеке өмирине тий-
исли мəлимлемени, сондай-ақ, жеке өмирине тийисли болған 
сырын, хат жазысыўлар, телефонда сөйлесиўлер, почта, теле-
граф ҳəм басқа да байланысыў сырларын бузыўшы мəлимлеме 
топлаўға, сақлаўға, қайта ислеўге, тарқатыўға ҳəм оннан 
пайдаланыўға жол қойылмайды, нызам ҳүжжетлеринде белги-
ленген жағдайлардан басқа.
Физикалық шахслар ҳаққындағы мəлимлемеден оларға 
материаллық зыян ҳəм мəнаўий зыян келтириў, сондай-ақ, 
олардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин 
əмелге асырыўына тосқынлық етиў мақсетинде пайдаланыў 
қадаған етиледи, ал пуқаралар ҳаққындағы мəлимлемени 
алыўшы, ийелик етиўши ҳəм пайдаланыўшы юридикалық ҳəм 
физикалық шахслар усы мəлимлемеден пайдаланыў тəртибин 
бузғаны ушын нызамда көзде тутылған тəртипте жуўапкер бо-
лады.
Шахстың мəлимлеме қəўипсизлиги мəлимлемеден еркин 
пайдаланыў ушын зəрүр шараятлар ҳəм кепилликлер жаратыў, 
1
Қараң: «Мəлимлеме рекинлиги принциплери ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы Ны-
зам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2003, №1, 2-ст.
2
Қупыяластырылыўы лазым болған мағлыўматлар дизими. Өзбекистан Республи-
касы Министрлер Кабинетиниң 07.11.2011-ж. қабыл етилген №296 «Өзбекистан 
Республикасы Президентиниң 2011-жыл 8-июльде қабыл еетилген №ПП-1572 
«Мəлимлеме ресурсларын қорғаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын 
əмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына №2 қосымша. //Өзбекистан 
Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы 2011 г., № 45-46, ст. 472.


89
жеке өмир сырын қорғаў, нызамсыз мəлимлеме-психологиялық 
тəсирлерден қорғаў жолы менен тəминленеди.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling