Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Мүрəжатты қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан ны-


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet41/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

2. Мүрəжатты қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан ны-
замсыз бас тартылғанлығы үстинен шағым етиў ҳуқықы 
ҳаққында.
Усы статьяның 2-бөлими менен физикалық яки юридикалық 
шахс ушын альтернатива белгиленген, яғный олар мүрəжатты 
қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан нызамсыз бас тартылғанлығы 
үстинен бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға яки 
тиккелей судқа шағым етиўи мүмкин.
Ҳəр қандай жағдайда да, ҳəтте мүрəжатлар мəмлекетлик 
органларға жоқары турыўшы мəмлекетлик органлар арқалы яма-
са тийислилиги бойынша басқа мəмлекетлик органлар арқалы 
келип түскенде де, олар көрип шығылады. Зəрүр жағдайларда 
пуқаралардың мүрəжатларын көрип шығыў жоқары турыўшы 
мəмлекетлик орган тəрепинен қадағалаўға алынады.
1
1
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 


83
Бул статьяда ҳəр бир шахстың өз ҳуқық ҳəм еркинликлерин 
суд арқалы қорғаў, мəмлекетлик органлар, лаўазымлы шахслар, 
жəмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ис-ҳəрекетлери үстинен 
судқа шағым етиў ҳуқықына берилген кепилликлер ҳаққындағы 
конституциялық реже сəўлеленген.
Мүрəжатларды қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан нызам-
сыз бас тартылғанлығы үстинен шағым етиў ҳуқықы, сондай-
ақ,«Пуқаралардың ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын 
ис-ҳəрекетлер ҳəм қарарлар үстинен судқа шағым етиў 
ҳаққында»ғы Нызамның 1-статьясында
1
да нəзерде тутылған 
болып, оған муўапық, ҳəр бир пуқара мəмлекетлик органлар, 
кəрханалар, мəкемелер, шөлкемлер, жəмийетлик бирлеспелер, 
пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары яки лаўазымлы 
шахслардың нызамсыз ис-ҳəрекетлери (қарарлары) менен өз 
ҳуқықлары яки еркинликлери бузылған деп есапласа, шағым 
менен судқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе. Пуқаралығы болмаған 
шахслар да усы Нызамға муўапық судқа шағым менен мүрəжат 
етиў ҳуқықына ийе. Ал сырт ел пуқаралары, егер Өзбекистан 
Республикасының халық аралық шəртнамалары ҳəм келисим-
леринде басқаша қағыйдалар нəзерде тутылмаған болса, усы 
Нызамда белгиленген тəртипте судқа шағым менен мүрəжат 
етиў ҳуқықына ийе.
Үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин болған мəмлекетлик 
органлар, кəрханалар, мəкемелер, шөлкемлер, жəмийетлик 
бирлеспелер, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары 
яки лаўазымлы шахслардың ис-ҳəрекетлерине (қарарларына)
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги 
Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //
Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.
1
30.08.1995-ж. қабыл етилген «Пуқаралардың ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин 
бузатуғын ис-ҳəрекетлер ҳəм қарарлар үстинен судқа шағым етиў ҳаққында»ғы Ны-
зам. // Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1995, №9, 183-
ст.


84
төмендеги ақыбетлерге алып келген коллегиал ҳəм жеке ис-
ҳəрекетлер (қарарлар) киреди:

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling