Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
-статья. Мүрəжатларды қабыл етиў ҳəм көрип
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
13-статья. Мүрəжатларды қабыл етиў ҳəм көрип
шығыў кепилликлери Мүрəжатлар мəмлекетлик органлар тəрепинен қабыл етилиўи ҳəм көрип шығылыўы шəрт, усы Нызамның 20-статьясында нəзерде тутылған жағдайлар буған кирмей- ди. Физикалық яки юридикалық шахс мүрəжатты қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан нызамға қылап рəўиште бас тартылғанлығы үстинен бойсыныў тəртибинде жоқары 81 турыўшы органға яки тиккелей судқа шағым етиўге ҳақылы. 1. Мəмлекетлик органлар тəрепинен мүрəжатларды қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдың шəртли екенлиги. Түсиник берилип атырған статьяның 1-бөлимине муўапық, усы Нызамның 20-статьясында нəзерде тутылған жағдайлардан басқа ҳалатларда мүрəжатлар шəртли түрде қабыл етилиўи ҳəм көрип шығылыўы керек. Ал 20-статьяға муўапық, төмендегилер көрип шығылмайды: бириншиден, аноним мүрəжатлар; екиншиден, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы берилген мүрəжатлар, олардың ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда; үшиншиден, нызамда белгиленген басқа талапларға муўапық болмаған мүрəжатлар. Физикалық шахстың фамилиясы (исми, əкесиниң исми), оның жасаў орны туўралы мағлыўматлар яки юридикалық шахстың толық аты, оның жайласқан жери (почта мəнзили) туўралы мағлыўматлар көрсетилмеген ямаса олар туўралы жалған мағлыўматлар көрсетилген, сондай-ақ, имза (электрон санлы имза) менен тастыйықланбаған мүрəжатлар аноним мүрəжатлар деп есапланады. Физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер – исеним хатлары болып есапланады. Жазба мүрəжат мүрəжат етиўши физикалық шахстың им- засы яки мүрəжат етиўши юридикалық шахс басшысының ямаса ўəкилликли шахсының имзасы менен тастыйықланған болыўы лазым. Физикалық шахстың жазба мүрəжатын мүрəжат етиўшиниң имзасы менен тастыйықлаў имканы болмаған жағдайда, бул мүрəжат оны жазып берген шахстың имзасы ме- нен тастыйықланып, оның фамилиясы (исми, əкесиниң исми) да қосымша түрде жазып қойылыўы керек. 82 Электрон мүрəжат электрон санлы имза менен тастыйықланған ҳəм электрон ҳүжжеттиң оны идентификациялаў имкания- тын беретуғын басқа реквизитлерине ийе болған электрон ҳүжжет формасында болыўы керек. Электрон мүрəжат нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға сəйкес болыўы тийис. Мүрəжат етиўши физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы берилген мүрəжатларға олардың ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қоса тигиледи. Мəмлекетлик органлар тəрепинен мүрəжатлардың шəртли түрде қабыл етилиўи ҳəм көрип шығылыўының ҳуқықый кепилликлери Өзбекистан Республикасының Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 43-статьясында ҳəм Жынаят кодексиниң 144-статьясы биринши бөлиминде нызамшылық жолы менен бекитилген (12-статьяға берилген түсиниклерге қараң). Бул мəселелер түсиник берилип атырған Нызамның 6, 20-статьяларына берилген түсиниклерде толығырақ баян етил- ген. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling