Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
-статья. Мүрəжатларды бериў мүддетлери
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2. Мүрəжатлар бериў мүддетлерин белгилеўдиң зəрүрлиги.
17-статья. Мүрəжатларды бериў мүддетлери
Мүрəжатларды бериў мүддетлери, əдетте, белгиленбей- ди. Айырым жағдайларда, егер мəмлекетлик органның мүрəжатты көрип шығыў бойынша имканиятларына, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин өз ўақтында əмелге асырыўды ҳəм қорғаўды тəминлеў зəрүрлигине бай- ланыслы болса, сондай-ақ, нызамларда нəзерде тутылған басқа тийкарларға көре тийисли мəмлекетлик органға мүрəжатты бериў мүддети белгилениўи мүмкин. Бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға арза яки шағым физикалық яки юридикалық шахсқа оның ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин бузыўшы ҳəрекет (ҳəрекетсизлик) исленгенлиги ямаса қарар қабыл етилгенлиги белгили болған ўақыттан баслап узағы менен бир жылдан кешиктирместен бериледи. Арза яки шағым бериўдиң тийкарлы себеплерге бола өткерип жиберилген мүддети арзаны яки шағымды көрип шығыўшы мəмлекетлик орган тəрепинен тикленеди. 95 1. Мүрəжатларды бериў мүддетлери. Түсиник берилип атырған статьяның биринши бөлиминде мүрəжатлар бериў ушын мүддет шекленбегенлиги ҳаққындағы реже бекитилген. Бул мүрəжаттың оны бериўге себеп болған ўақыя (ҳəдийсе) қашан жүз бергенине қарамастан берилиўи мүмкин екенлигин аңлатады. Мəселен, буннан бес ямаса он жыл бурын болып өткен ўақыя туўралы мəлимлеме бериўди илтимас етип арза бериў. Мүрəжатларды бериў мүддетиниң шекленбегенлиги көбинесе усы мүрəжатлардың мазмун-мағанасына байланыслы болады. 2. Мүрəжатлар бериў мүддетлерин белгилеўдиң зəрүрлиги. Мүрəжат етиўшилердиң ҳуқықлары бузылғаны ҳаққындағы арза ҳəм шағымлар бериўде болса пүткиллей басқаша жағдай жүзеге келеди. Мүрəжат етиўшилер тəрепинен арза яки шағымлар олар өзлериниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм (яки) нызамлы мəплери бузылғанлығын билген яки билиўи лазым болған күннен баслап бир жыл даўамында берилиўи мүмкин. Бундай норманың пайда болыў себеби соннан ибарат, арза яки шағым, бəринен де бурын, мүрəжат етиўшилердиң бузылған ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм (яки) нызамлы мəплерин қорғаў қуралы болып есаспланады. Қаншелли көп ўақыт өткен сайын жүз берген нызам бузыўшылықты дəлиллеў яки бийкарлаў соншелли қыйынырақ болады. Буннан тысқары, көп жағдайларда шағымды көрип шығыў нəтийжелери айып- керлерди жуўапкершиликке тартыўға алып келеди, бул да ис- ленген ҳуқықбузарлықтан соң белгили бир мүддет даўамында əмелге асырылады. Бундай жағдайда нызам шығарыўшы арза, шағым бериўдиң бир жыллық мүддетин белгилей отырып, мүрəжат етиўшилерди 96 өз ҳуқықларының, еркинликлериниң ҳəм (яки) нызамлы мəплериниң бузылыў жағдайларында дəрҳал ҳəрекет етиўге бағдарлайды. Шағым бериў ушын бир жыллық мүддет мүрəжат етиўшилер өзлериниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм (яки) нызамлы мəплери бузылғанлығын билген яки билиўи лазым болған күннен баслап есапланады (белгили бир ҳүжжетлерди алыў, мəлимлеме бериўден бас тартыў, лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳəрекетлери ҳəм т.б.). Белгиленген мүддет өз мазмунына бола үзил-кесил болып есапланады. Арза яки шағымның усы мүддет өтип кеткеннен соң берилиўи, улыўма қағыйдаға муўапық, арза яки шағым мазмунын көрип шықпастан қалдырыўға алып келеди. Соның менен бирге, өткерип жиберилген мүддет қайта тиклениўи мүмкин, егер ол мүрəжат етиўши тəрепинен усынылған тий- исли ҳүжжетлер менен тастыйықланған тийкарлы себеплерге бола өткерип жиберилген болса (аўыр кеселлик, майыплық, узақ мүддетли хызмет сапары ҳəм т.б.). Бул жағдайда арза яки шағымды көрип шығыўшы мəмлекетлик органның қарары ме- нен мүддет қайта тиклениўи тийис. Бизиң пикиримизше, көрсетилген пүткил мүддет даўамында ямаса оның көпшилик бөлегинде бундай жағдайлар орын алған болып, шағым яки арза бериўге тосқынлық еткен болса, мүддет қайта тиклениўи тийис. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling