жəмийет ҳəм мəмлекет мəплерине зыян келтирмесе,
мəмлекетлик органлар, олардың лаўазымлы шахслары
өзлеринен соралып атырған мəлимлемени он күн ишинде
усыныўы шəрт.
Мүрəжатты көрип шығып атырған мəмлекетлик орган,
зəрүр жағдайларда, мүрəжат орынның өзине барып көрип
шығылыўын тəминлеўи мүмкин.
Мүрəжат етиўши яки басқа шахс жоқлығында мүрəжатты
көрип шығыў имканы болмаса, олар мəмлекетлик
98
органның лаўазымлы шахсы тəрепинен шақыртылыўы
мүмкин. Шақыртылған мүрəжат етиўши келмеген жағдайда
мəмлекетлик органның лаўазымлы шахсы мүрəжатты оның
қатнасыўысыз көрип шығыў имканы жоқлығы туўралы
жуўап жибереди.
Мүрəжатқа жуўапты мəмлекетлик органның басшысы
яки басқа ўəкилликли лаўазымлы шахсы имзалайды.
Егер мүрəжатта қойылған мəселелер хожалық жүргизиўши
субъектлер искерлигине тийисли болса, олардың ўəкиллери
мүрəжатты көрип шығыўда қатнасыў ушын мəмлекетлик ор-
ганлар тəрепинен өз ўəкилликлери шеңберинде шақырылады.
Егер мүрəжатта хожалық жүргизиўши субъектлердиң ис-
керлигин тексериў, соның ишинде финанс-хожалық искер-
лигин тексериў (ревизия) зəрүрлиги жүзеге келсе, тексериў
нызам ҳүжжетлерине муўапық əмелге асырылады.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслар өз мүрəжатларын
олар көрип шығылғанға шекем ҳəм көрилип атырған
ўақытта мүрəжат бойынша қарар қабыл етилгенге ше-
кем жазба ямаса электрон формада арза бериў арқалы
қайтарып алыў ҳуқықына ийе.
Мүрəжатты қайтарып алыў туўралы арза мəмлекетлик
органлар тəрепинен нызам бузылыўларын анықлаў ҳəм
сапластырыў бойынша илажлар көрилиўин бийкарламай-
Do'stlaringiz bilan baham: |