Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
2. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери
арқалы берилген мүрəжатларды олардың ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда көрмей қалдырыў. Түсиник берилип атырған статьяның үшинши бөлиминде бекитилген қағыйдаға муўапық, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы берилген мүрəжатлар, олардың 1 «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. // Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст. 112 ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда көрилместен қалдырылады. Үлги Реже (44-б.) менен белгиленген тəртипке муўапық, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы берилген мүрəжатлар келип түскенде, мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимше яки қурам бөлими олардың ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң бар яки жоқ екенлигин тексе- реди. 1 Егер мүрəжатта физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ болса, бул туўралы мүрəжатлар менен ислеў бойын- ша бөлимшениң басшысы яки қурам бөлиминиң басшысы тəрепинен тастыйықланатуғын жуўмақ дүзиледи. Физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқлығы туўралы жуўмақ тастыйықланған ўақыттан баслап бул мүрəжат көрип шығылмайды, бул туўралы мүрəжат етиўшиге жазба түрде ха- бар бериледи. Физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер – исеним хатлары болып есапла- нады. ПКниң 135-статьясына муўапық, исеним хаты əпиўайы жазба формада ямаса нотариал формада рəсмийлестириледи. 2 Нотариал форманы талап етиўши келисимлерди дүзиў яма- са юридикалық шахсларға байланыслы ҳəрекетлерди əмелге асырыў ушын берилген исеним хаты нотариал тастыйықланған болыўы керек. Юридикалық шахс атынан берилетуғын исе- ним хаты баслық тəрепинен имзаланып, оған усы юридикалық шахстың мөри басылады (ПКниң 138-ст.) 3 1 Сонда, 44-б. 2 Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. –Т.: Адолат, 2012. 3 Сонда. 138-ст. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling