114
IV бап. МҮРƏЖАТЛАРДЫ КӨРИП ШЫҒЫЎДА
ФИЗИКАЛЫҚ ҲƏМ ЮРИДИКАЛЫҚ
ШАХСЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲƏМ
МƏМЛЕКЕТЛИК ОРГАНЛАРДЫҢ МИННЕТЛЕРИ
IV баптағы берилген режелер менен мүрəжатларды көрип
шығыўда физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықлары
беккемленген.
Атап айтқанда, олар мүрəжат көрип шығылыўының барысы
ҳаққында мəлимлеме алыў, мүрəжатты тексериў
материаллары
менен танысыў, қосымша материаллар усыныў, ең əҳмийетлиси –
адвокат жəрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе ҳəм т.б. (21-ст.).
IV баптың 23-статьясы менен мүрəжатты көрип шыққан
мəмлекетлик органның миннетлери белгиленген.
Бунда
мəмлекетлик органға, оның лаўазымлы шахсларына мүрəжатты
көрип шығыў нəтийжелери бойынша қабыл етилген қарардың
орынланыўын қадағалаў ҳəм физикалық яки юридикалық
шахсқа оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплери
бузылыўы нəтийжесинде келтирилген зыянның орнын қаплаў
бойынша илажлар көриў миннети жүкленгенлиги айырықша
қызығыўшылық туўдырады.
Do'stlaringiz bilan baham: