екиншиден, ҳуқықый характердеги арзалар, шағымлар ҳəм
басқа ҳүжжетлерди дүзеди;
үшиншиден,
пуқаралық
ислер
ҳəм
Ҳəкимшилик
ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер бойынша судта, басқа
мəмлекетлик органларда, физикалық ҳəм юридикалық шахслар
алдында ўəкилликти əмелге асырады.
Адвокат төмендеги ҳуқықларға ийе:
бириншиден, нызамда белгиленген тəртипте истиң барлық
материаллары менен танысыў ҳəм оннан зəрүр мағлыўматларды
көширип алыў;
екиншиден, ис материаллары менен танысыў ҳəм исти суд-
та ҳəм басқа органларда көрип шығыў ўақтында даўыс жазыў
қурылмалары жəне басқа да техникалық қураллардан нызам
ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте пайдаланыў;
үшиншиден, егер жынаят исин жүритиўде, сондай-ақ,
пуқаралық, хожалық исин яки ҳəкимшилик жуўапкерлик
ҳаққындағы исти көрип шығыў ҳəм шешиўде қорғаўды ямаса
ўəкилликти əмелге асырыў зəрүрлиги талап етсе, мəмлекетлик
сырлар, коммерциялық сыр яки басқа сыр болып есапланған
мағлыўмат пенен нызам ҳүжжетлеринде нəзерде тутылған
тəртипте танысыў.
Адвокат:
бириншиден, юридикалық жəрдем сорап мүрəжат еткен
физикалық ҳəм юридикалық шахсларға олардың ҳуқықлары
ҳəм миннетлери туўралы мəслəҳəт бериўи;
екиншиден, юридикалық жəрдем сорап мүрəжат еткен
шахстың исине оның жағдайын аўырластыратуғын професси-
онал көз-қарас пенен жандаспаўы;
үшиншиден, исеним билдириўши шахстың (өз қорғаўы
астындағы шахстың) көз-қарасына көре, нызамсыз қарар
шығарылған жағдайда, бул қарар үстинен нызамда белгиленген
тəртипте шағым етиўи шəрт.
1
1
Өзбекистан Республикасының 25.12.1998-ж. қабыл етилген № 721-I «Адвокатлық
118
2. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың өз
ҳуқықларына, еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине
Do'stlaringiz bilan baham: |