Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
-статья. Мүрəжатларды көрип шығыўда
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 1. Мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик органлардың миннетлери.
22-статья. Мүрəжатларды көрип шығыўда
қолланылатуғын илажлар Мəмлекетлик органлар мүрəжатларды көрип шығыўда нызамға қайшы келетуғын ҳəрекетлерге (ҳəрекетсизликке) шек қойыў бойынша илажларды дəрҳал көриўи, өз ўəкилликлери шеңберинде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларының, еркинликлериниң ҳəм ны- замлы мəплериниң бузылыўына алып келип атырған се- беплер менен шараятларды анықлаўы, мүрəжат еткенлиги мүнəсибети менен физикалық шахс, оның ўəкили, олардың 120 шаңарақ ағзалары, юридикалық шахс, оның ўəкили ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң шаңарақ ағзалары қуўдаланыўына белгиленген тəртипте шек қойыўы шəрт. 1. Мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик органлардың миннетлери. Түсиник берилип атырған статья мəмлекетлик органларға мүрəжатларды көрип шығыўда физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў илаж- ларын көриў, сондай-ақ, мəмлекетлик органларға арзалар яки шағымлар менен мүрəжат еткен шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мəплерин бузыўға алып келетуғын себеплер менен шараятларды анықлаў миннетин жүклейди. Ҳəр қандай мəмлекетлик орган мүрəжатларды көрип шығыў барысында физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин бузатуғын нызамсыз ҳəрекетлерди (ҳəрекетсизликти) анықласа, өз ўəкилликлери шеңберинде бундай ҳəрекетлерге шек қойыўы тийис. Мəселен, төменги органның лаўазымлы шахсының нызамсыз бийлигин бийкарлаў, нызам ҳүжжетлерин бузған ҳəмелдарға интизамый тəсир (жаза) шараларын қолланыў ҳəм т.б. Егер бундай ҳəрекетлерге шек қойыў мүрəжатты көрип шығыўшы лаўазымлы шахстың ўəкилликлери шеңберине кир- месе, ол нызам бузыўшыға байланыслы материалларды ҳуқық қорғаў органларына яки судқа жибериўге ҳақылы. Пуқаралық процессуал кодекстиң (ППК) 48-статьясына муўапық, 1 мəмлекетлик басқарыў органлары, шөлкемлер ҳəм айырым пуқаралар нызамда нəзерде тутылған жағдайларда басқа шахслардың ҳуқықларын ҳəм нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў ушын судқа арза менен мүрəжат етиў ҳуқықына ийе. Түсиник берилип атырған Нызам бундай жағдайларды нəзерде тутқан ҳəм мəмлекетлик органларға басқа шахслардың 1 Өзбекистан Республикасы пуқаралық процессуал кодекси. – Т.: Адолат, 2012. 121 ҳуқықларын ҳəм нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў ушын судқа арза менен мүрəжат етиў ҳуқықын берген. Көбинесе бундай ҳуқықтан қəўендерлик органлары ҳəм ҳəкимиятлар пайдаланады. Мəмлекетлик органлар ППК 48-статьясында нəзерде тутылған тəртипте судқа мүрəжат еткен жағдайда олар ППК 34-статьясында нəзерде тутылған процессуал ҳуқықлардан пайдаланады, сондай-ақ, басқа шахслардың ҳуқықларын ҳəм нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў ушын берил- ген талапларды толығы менен ямаса олардың бир бөлегин қоллап-қуўатлаў, олардан ўаз кешиў, өзлери қойған талаплар бойынша түсиндириўлер бериў ҳуқықына ийе. 1 Көрсетилген органлардың, шөлкемлердиң ҳəм пуқаралардың басқа шахстың ҳуқықларын ҳəм нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў ушын судқа берген арзадан ўаз кешиўи бул шахстың исти маз- муны бойынша судта көрип шығыўды талап етиў ҳуқықын бийкарламайды. Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 7-статьясында 2 белгиленгениндей,мəмлекетлик органлар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары, жəмийетлик бирлеспелер ҳəкимшилик ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға, олардың ислениўине алып келиўши себеплер ҳəм шараятларды анықлаў жəне сапластырыўға, пуқараларды аңлы, интизамлы болыў, Өзбекистан Республикасы Конституциясы ҳəм нызам- ларын басшылыққа алыў руўхында тəрбиялаўға бағдарланған илажлар ислеп шығады ҳəм оларды əмелге асырады. Жергиликли мəмлекетлик ҳəкимият органлары Өзбекистан Республикасы Конституциясына, Қарақалпақстан Республика- сы аймағында болса Қарақалпақстан Республикасы Конститу- циясына да муўапық нызамлылық, ҳуқық тəртиби ҳəм пуқаралар 1 Сонда. ст. 34. 2 Өзбекистан Республикасының Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси. Т.: Адолат, 2014. 122 қəўипсизлигин тəминлей отырып, өз аймақларында барлық мəмлекетлик органлар менен жəмийетлик бирлеспелердиң ҳəкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша жу- мысларын муўапықластырып турады, ишки ислер органлары, жасы жетпегенлер ислери менен шуғылланыўшы комиссиялар ҳəм оларға есап беретуғын ҳəкимшилик ҳуқықбузарлықлар ме- нен гүрес жүргизиўши басқа органлар искерлигине басшылық етеди. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling