116
Мүрəжатты көрип шығыў барысы ҳаққындағы мəлимлемени
алыў ҳуқықы мəмлекетлик органның мүрəжат етиўшиден тий-
исли сораў алғаннан соң дəрҳал оған исти көрип шығыў ба-
рысы, мүрəжатты көрип шығыў бойынша исленген жумыслар
туўралы мəлимлеме бериў миннети менен тəминленеди.
Мүрəжат етиўши мүрəжат бойынша ис жүргизиўде
түсиндириўлер бериў, қосымша материаллар усыныў, яки
оларды басқа органлардан талап етип алыўды илтимас етиў
жолы менен өзиниң қатнасыўын талап етиў ҳуқықына ийе ҳəм
мəмлекетлик орган оған бундай мүмкиншилик жаратып бериўи
шəрт.
Усы статьяда нəзерде тутылған ҳуқықлар мүрəжат
авторының статусын түптен өзгертеди: бул ҳуқықлар мүрəжат
етиўшиге оның мүрəжатын көрип шығып атырған шахсқа өз
позициясын дəлиллеп бериў
имканиятын береди, мүрəжат
етиўшини ҳуқықый қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъек-
тине айландырады, мүрəжатларды «жабық есиклерде» көрип
шығыў ҳəм олар бойынша шешимлер қабыл етиў əмелиятына
тыйым салады, мəмлекетлик ҳəкимият пенен инсан арасындағы
ҳуқықый қатнасықларды жəне де айқынластырады.
Мəмлекетлик органлар тəрепинен мүрəжатлардың көрип
шығылыўында физикалық ҳəм юридикалық
шахс адвокат
жəрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе. Нызам ҳүжжетлерине
муўапық, белгиленген тəртипте адвокатлық искерлиги ме-
нен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензияны алған ҳəм
адвокатлық дүзилмелердиң: адвокатлар коллегиясының,
адвокатлық
фирмаларының,
адвокатлық
бюроларының
ағзалары болған шахслар адвокатлар болып есапланады.
Физикалық ҳəм юридикалық шахсларға юридикалық
жəрдем көрсетиў мақсетинде адвокат:
бириншиден, ҳуқықый мəселелер бойынша мəслəҳəтлер
ҳəм түсиндириўлер, нызам ҳүжжетлери бойынша аўызша ҳəм
жазба мағлыўматнамалар береди;