Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
тийисли ҳүжжетлер, қарарлар ҳəм басқа материаллар ме-
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
тийисли ҳүжжетлер, қарарлар ҳəм басқа материаллар ме-
нен танысып шығыў шəртлери. Түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлиминдеги режелер «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Режениң 58-бəнтинде де бекитилген болып, оған муўапық, физикалық ҳəм юридикалық шахсқа олардың ҳуқықларына, еркинликлери- не ҳəм нызамлы мəплерине тийисли ҳүжжетлер, қарарлар ҳəм басқа материаллар менен, егер оларда мəмлекетлик сырларды яки нызам менен қорғалатуғын басқа сырларды қурайтуғын мағлыўматлар бар болмаса, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларына, еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине, жəмийет ҳəм мəмлекет мəплерине зыян келтирме- се, танысып шығыў имканиятын тəминлеўи шəрт. 1 Мəселен, «Мəлмимлеме алыў принциплери ҳəм кепилли- клери ҳаққында»ғы Нызамның 10-статьясына муўапық, 2 егер соралып атырған мəлимлеме қупыя болса яки оны əшкара етиў нəтийжесинде шахстың ҳуқықларына ҳəм нызамлы мəплерине, жəмийет ҳəм мəмлекет мəплерине зыян келиўи мүмкин болса, мəлимлемени бериўден бас тартылыўы мүмкин. Соралып атырған мəлимлемени бериўден бас тартылғаны ҳаққындағы хабар сораў менен мүрəжат еткен шахсқа сораў алынған сəнеден баслап бес күнлик мүддет ишинде жибериледи. искерлигиниң кепилликлери ҳəм адвокатларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Ны- замы. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1990, № 1, 12- ст. 1 «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. // Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст. 2 «Мəлимлеме еркинлиги принциплери ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам. // Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2003, №1, 2-ст. 119 Бас тартыў ҳаққындағы хабарда соралып атырған мəлимлемени бериў мүмкин емеслиги себеби көрсетилиўи керек. Усы Нызамның 13-статьясы менен физикалық шахс ҳаққындағы мəлимлемеден оларға материаллық зыян ҳəм мəнаўий зыян келтириў, сондай-ақ, олардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин əмелге асырыўына тосқынлық етиў мақсетинде пайдаланыў қадаған етиледи. Шахстың мəлимлеме тараўындағы қəўипсизлиги оның мəлимлемеден еркин пайдаланыўы ушын зəрүр шараятларды ҳəм кепилликлерди жаратыў, жеке өмирине тийисли сырларды сақлаў, мəлимлеме қуралы арқалы нызамсыз рəўиште руўхый тəсир көрсетилиўинен қорғаў жолы менен тəминленеди. Физикалық шахсларға тийисли жеке мағлыўматлар қупыя мағлыўматлар категориясына киреди. Мəмлекеттиң мəлимлеме тараўындағы қəўипсизлиги төмендеги жоллар менен тəминленеди: бириншиден, мəлимлеме тараўындағы қəўипсизликке қəўиплерге қарсы ҳəрекетлер бойынша экономикалық, сиясий, шөлкемлестириў ҳəм басқа илажларды əмелге асырыў; екиншиден, мəмлекетлик сырларды сақлаў ҳəм мəмлекетлик мəлимлеме ресурсларын олардан рухсатсыз түрде пайдаланыўдан қорғаў; Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling