Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Материаллық зыянның орнын қаплаў ҳəм мəнаўий
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 27-статья. Биле-тура жалған мағлыўматлар баян етилген мүрəжатларды көрип шығыўда жумсалған қəрежетлердиң орнын қаплаў Биле-тура жалған
2. Материаллық зыянның орнын қаплаў ҳəм мəнаўий
зыянды компенсациялаў сыпатында мəмлекетлик орган тəрепинен төленген қаржылардың айыпкер лаўазымлы шахстан регресс тəртибинде өндирип алыныўы. Нызам шығарыўшы түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлиминде физикалық яки юридикалық шахстың арзасын яки шағымын көрип шығыўда нызам талаплары бузылғанлығы мүнəсибети менен оған келтирилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳəм мəнаўий зыянды компенсациялаў сыпатында мəмлекетлик орган тəрепинен төленген қаржылар айыпкер лаўазымлы шахстан регресс тəртибинде өндирип алыныўы мүмкинлигин нəзерде тутқан. 1 Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 28.04.2000-ж. №7 «Мəнаўий зыянды компенсациялаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мəселелери ҳаққында»ғы қарарының 13-бəнти 138 Айыпкер лаўазымлы шахстан физикалық яки юридикалық шахстың арзасын яки шағымын көрип шығыўда нызам тала- плары бузылғанлығы мүнəсибети менен оған келтирилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳəм мəнаўий зыянды компенсациялаў сыпатында мəмлекетлик орган тəрепинен төленген қаржыларды өндириў тəртиби Өзбекистан Республи- касы пуқаралық нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте ҳəм муғдарда əмелге асырылады. 27-статья. Биле-тура жалған мағлыўматлар баян етилген мүрəжатларды көрип шығыўда жумсалған қəрежетлердиң орнын қаплаў Биле-тура жалған мағлыўматлар баян етил- ген мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик ор- ган тəрепинен жумсалған қəрежетлер физикалық яки юридикалық шахстан судтың қарары менен өндирип алыныўы мүмкин. Түсиник берилип атырған статья физикалық яки юридикалық шахстан биле-тура жалған мағлыўматлар бая- ян етилген мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик ор- ган тəрепинен жумсалған қəрежетлерди судтың қарары менен өндирип алыў мүмкинлигин нəзерде тутады. Мəмлекетлик ор- ган мүрəжатта биле-тура жалған мағлыўматлар баян етилгенин анықлап, мүрəжатты көрип шығыўға жумсалған қəрежетлерди мүрəжат берген шахстан өндирип алыў ҳаққында судқа даўа арзасы менен мүрəжат етиўге ҳақылы. Суд, өз гезегинде, мүрəжат етиўшиниң инсапсыз ҳəрекет етип, биле-тура жалған мағлыўматлардан пайдаланғанын анықлап, оннан мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик орган тəрепинен жумсалған қəрежетлерди өндирип алыўы мүмкин. 139 Нызам шығарыўшы тəрепинен бул қағыйданың киргизилге- ни ақылға муўапық. Себеби, айырым жағдайларда физикалық яки юридикалық шахслар өзлериниң ғəрезғөйлик яки басқа да жеке мəплерин гөзлеп, мəмлекетлик органларға биле-ту- ра жалған мағлыўматлар баян етилген арзалар яки шағымлар менен мүрəжат етеди. Бул жағдайда жүзеге келетуғын қыйыншылық – мəмлекетлик органлар көрсетип өтилген мүрəжатларды көрип шығыўда жумсалған қəрежетлерин қалайынша есаплайды ҳəм тийкарлайды деген мəселе. Себеби мəмлекетлик хызметкерлердиң мүрəжатларды көрип шығыўға кеткен ис ўақтына жумсалатуғын қəрежетлер, мүрəжатлардың мазмунына қарамастан, олардың хызмет ўазыйпаларында нəзерде тутылған. Биле-тура жалған мағлыўматлар баян етил- ген мүрəжатларды көрип шығыўда хызмет сапары қəрежетлери жумсалған болса, оларды өндириў мүмкин. Ҳəр қандай жағдайда да мəмлекетлик орган мүрəжатты көрип шығыўда жумсалған өз қəрежетлерин судта дəлиллеп бериўи тийис бо- лады. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling