Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet73/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

28-статья. Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам 
ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик
Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў, 
сондай-ақ, жала ҳəм кемситиўден ибарат мүрəжат бериў 
белгиленген тəртипте жуўапкерликке себеп болады.
1. Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў 
түсиниги.
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде 
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен 
ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Режениң 61, 62-бəнтлерине

1
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги 
Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //
Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.


140
муўапық, 
физикалық 
ҳəм 
юридикалық 
шахслардың 
мүрəжатларын қабыл етиўден ҳəм көрип шығыўдан нызамға 
қайшы рəўиште бас тартыў, оларды көрип шығыў мүддетлерин 
тийкарлы себеплерсиз бузыў, жазба ямаса электрон формада 
жуўап жибермеў, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
мүрəжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине қайшы 
келетуғын қарар қабыл етиў, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың бузылған ҳуқықларының тиклениўин, мүрəжат 
мүнəсибети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын 
тəминлемеў, физикалық шахслардың жеке өмири туўралы ямаса 
юридикалық шахслардың искерлиги туўралы мағлыўматларды 
олардың ыразылығысыз əшкара етиў, физикалық ҳəм 
юридикалық шахсты мүрəжат еткени мүнəсибети менен 
ямаса билдирилген пикири ҳəм мүрəжатындағы сын ушын 
қуўдалаў, сондай-ақ, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
мүрəжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин басқаша тəризде 
бузыў нызамға муўапық жуўапкерликке себеп болады.
Нызам ҳəм үлги Реже талапларын басшылыққа алыўды 
тəминлеў ушын жуўапкерлик мəмлекетлик органлар басшыла-
рына ҳəм олардың орынбасарларына, мүрəжатлар менен ислеў 
бойынша бөлимшелер ҳəм тийисли қурам бөлимлери басшыла-
рына жүкленеди.
Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары 
мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта ай-
ыпкер шахслардың жуўапкерлигин нəзерде тутады.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling