Тема Нефттиӊ физикалық-химиялық қәсийетлери
Download 191.87 Kb.
|
9-Лекция
- Bu sahifa navigatsiya:
- Нефт нефт ɵнимлериниӊ физикалық қәсийетлери
Тема 9. Нефттиӊ физикалық-химиялық қәсийетлери Реже Нефттиӊ қурамы, сыпаты Физикалық қәсийетлери Қайнаў температурасы, тығызлығы Нефттниӊ жапысқақлық қасийетин анықлаў Нефттиӊ молекуляр массасын анықлаў Нeфт ҳәм нeфт ɵнимлери углeвoдoрoдлaрдыӊ қурамалы араласпасынан қуралған. Бундaй араласпаларды анализ қылыў ушын бир углeвoдoрoдты aжрaтып алыў кɵп уақытты талап қылады. Соныӊ ушын тexнoлoгик есаплаўларда нeфт хәм нeфт ɵнимлери сыпатын анықлаў ушын тɵмендеги усылларқолланылады: 1. Химиялық - aнaлитик химия усыллары. 2. Физикалық - тығызлығы, жабысқақлығы, ериў хәм қатыў, қайнаў температурасын анықлаў. 3. Физикалық - химиялық - кaлoримeтрия, пoтeнциoмeтрия, титрлеў, xрoмaтoгрaфия. 4. Арнаўлы- oктaн хәм цeтaн санлaры, жаныўшы хәм от алыў температурасы. Май хәм жанылғылар турақлылығын анықлау. Нефт нефт ɵнимлериниӊ физикалық қәсийетлери Нефт хәм онын фракциялары индивидуал затлар емес, бәлким турли углеводородлар хәм оларды бирикпелериниӊ қурамалы араласпасы болғанлығы себепли, нефт фракциялары белгиленген температурада емес, бәлким температуралар аралығында қайнайды. Усыған байланыслы есаплаўларда орташа қайнаў температурасы тусинигинен пайдаланылады. Орташа жумысына қарап тɵмендеги қайнаў температурасынан парқланады: орташа-кɵлем (tор.кɵл), орташа-молекуляр (tор.мол.), орташа-массалық(tор.масс.), орташа-кубик(tўр.куб.), хәм орташа-орташаластырыў(tор.ор.). Усы қайнаў температурасыныӊ қатнаслары тɵмендеги тенлемелерден анықланыўы мумкин: орташа-кɵлем қайнаў температурасы орташа-массалық қайнаў температурасы орташа-молекуляр қайнаў температурасы Булл жерде Орташа-кубик қайнау температурасы Орташа-орташаластырылған қайнаў температурасы Бул жерде G1, G2, …, Gn – айрым фракциялар массалары (яки % (масс.)); V1, V2, Vn – айрым фракция (яки % (колем.)); N1, N2, Nn – айрым фракциялар моллери (яки % (мол.)); Mi– айрым фракциялар молекуляр массасы; t1, t2, tn, ti – фракциялар қайнаў температурасы орташа арифметик қатнаслары, 0C; хi – тор фракциялар муғдары, молли улеслерде; компонентныӊ кɵлемлик улеси. Орташа-кɵлем қайнаў температурасы (tор.кɵл.) ГОСТ бойынша айдаў мағлыуматларынан тɵмендегише әпиўайы анықланады: Кɵлемлик айдау кыйсық сызык жоқлығында tор.кɵл. ди фракцияны 50% тиӊ қайнап шығыў температурасына теӊ температура деп шамалап баҳалап, ҳақыйқый қайнаў температурасы кыйсық сызығынан пайдаланыг мумкин. Тар фракциялар ушын tор.кɵл. ди фракцияныӊ басланғыш хәм ақырғы қайнаў температурасыныӊ орташа арифметик муғдары сыпатында анықлаў мумкин. Характеристик қайнаутемпературасы, анық бетлерде берилетуғын графиктен, ГОСТ бойынша айдаў кыйсық сызығы аўып кетиў муйешин tор.кɵл. ге байланыслы ҳалда анықлаў мумкин. Download 191.87 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling