Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


 Мүрəжатларды орынның өзине барып көрип шығыў


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet54/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

6. Мүрəжатларды орынның өзине барып көрип шығыў.
Түсиник берилип атырған статьяның алтыншы бөлиминде 
белгилеп қойылғанындай, мəмлекетлик органның қарары 
менен мүрəжатларды орынның өзине барып көрип шығыў 
шөлкемлестирилиўи мүмкин. Мүрəжатты орынның өзине 
барып көрип шығыў өз характерине бола дəстүрли жеке 
қабыллаўдан ҳеш қандай парқ қылмайды, тек бунда мүрəжатты 
көрип шығыў тийисли лаўазымлы шахстың жумыс орында 
емес, ал басқа шөлкемде, кəрханада ҳəм т.б. əмелге асырылады.
Нызам мүрəжатты орынның өзине барып көрип шығыў 
мақсетке муўапықлығы мəселесин шешиўди шөлкем 
басшысының ықтыярына берген.
Мəмлекетлик органлар яки шөлкемлердиң басшылары ай-
ырым машқалалы мəселелерди орынлардың өзинде шешиў 
зəрүрлиги туўылған жағдайларда көшпели жеке қабыллаўлар 
өткериў зəрүрлигин ҳəм олардың өткерилиў ўақтын 
белгилеўи мүмкин. Мəселен, мийнет дүзетиў мəкемелериниң, 
мийирбанлық үйлериниң басшылары үстинен берилген 
шағымлар бойынша ҳəм т.б.
7. Мүрəжатты арза бериўшиниң қатнасыўында көрип 
шығыў.
Мүрəжатты арыз етиўшиниң яки басқа шахстың жоқлығында 
көрип шығыў мүмкин болмаса, бул шахслар мəмлекетлик 


106
органның лаўазымлы шахсы тəрепинен шақыртылыўы 
мүмкин. Шақыртылған мүрəжат етиўши келмеген жағдайда 
мəмлекетлик органның лаўазымлы шахсы мүрəжатты оның 
қатнасыўысыз көрип шығыў имканы жоқлығы туўралы жуўап 
жибереди.
8. Мүрəжатты көрип шығыў нəтийжелери бойынша 
жуўап.
Мүрəжатқа жуўап хаты мəмлекетлик органның басшысы 
яки ўəкилликке ийе басқа лаўазымлы шахсы тəрепинен имза-
ланады.
Егер мүрəжатта ортаға қойылған мəселелер хожалық 
жүргизиўши субъектлер искерлигине тийисли болса, олардың 
ўəкиллери мүрəжатты көрип шығыўда қатнасыў ушын 
мəмлекетлик органлар тəрепинен өз ўəкилликлери шеңберинде 
шақыртылады.
Егер мүрəжатта хожалық жүргизиўши субъектлердиң ис-
керлигин тексериў, соның ишинде финанс-хожалық искерли-
гин тексериў (ревизия) зəрүрлиги жүзеге келсе, тексериў нызам 
ҳүжжетлерине муўапық əмелге асырылады.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслар өз мүрəжатларын 
олар көрип шығылғанға шекем ҳəм көрилип атырған ўақытта 
мүрəжат бойынша қарар қабыл етилгенге шекем жазба ямаса 
электрон формада арза бериў арқалы қайтарып алыў ҳуқықына 
ийе.
Мүрəжатты қайтарып алыў туўралы арза мəмлекетлик орган-
лар тəрепинен нызам бузылыўларын анықлаў ҳəм сапластырыў 
бойынша илажлар көрилиўин бийкарламайды.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling