106
органның лаўазымлы шахсы тəрепинен шақыртылыўы
мүмкин. Шақыртылған мүрəжат етиўши келмеген жағдайда
мəмлекетлик органның лаўазымлы шахсы мүрəжатты оның
қатнасыўысыз көрип шығыў имканы жоқлығы туўралы жуўап
жибереди.
8. Мүрəжатты көрип шығыў нəтийжелери бойынша
жуўап.
Мүрəжатқа жуўап хаты мəмлекетлик органның
басшысы
яки ўəкилликке ийе басқа лаўазымлы шахсы тəрепинен имза-
ланады.
Егер мүрəжатта ортаға қойылған мəселелер хожалық
жүргизиўши субъектлер искерлигине тийисли болса, олардың
ўəкиллери мүрəжатты көрип шығыўда қатнасыў ушын
мəмлекетлик органлар тəрепинен өз ўəкилликлери шеңберинде
шақыртылады.
Егер мүрəжатта хожалық жүргизиўши субъектлердиң ис-
керлигин тексериў, соның ишинде финанс-хожалық искерли-
гин тексериў (ревизия) зəрүрлиги жүзеге келсе, тексериў нызам
ҳүжжетлерине муўапық əмелге асырылады.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслар өз мүрəжатларын
олар көрип шығылғанға шекем ҳəм көрилип атырған ўақытта
мүрəжат бойынша қарар қабыл
етилгенге шекем жазба ямаса
электрон формада арза бериў арқалы қайтарып алыў ҳуқықына
ийе.
Мүрəжатты қайтарып алыў туўралы арза мəмлекетлик орган-
лар тəрепинен нызам бузылыўларын анықлаў ҳəм сапластырыў
бойынша илажлар көрилиўин бийкарламайды.
Do'stlaringiz bilan baham: