Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet53/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

4. 
Мүрəжатларды 
көрип 
шығыўда 
қосымша 
мағлыўматларды сорап алыў.
Жеке қабыллаў даўамында тийкарынан алғанда майда, 
онша əҳмийетли болмаған машқалаларды шешиў, салыстыр-


103
ма жеңил болған мəселе бойынша түсиниклер алыў мүмкин. 
Ал көпшилик мəселелер болса ҳəр тəреплеме талқылаўды ҳəм 
үйрениўди, арза бериўши келтирген мəлимлемени анықлаўды, 
айырым жағдайларда орынларға шығыўды ҳəм т.б. талап етеди 
ҳəм олар тиккелей жеке қабыллаў ўақтында шешилиўи мүмкин 
емес. 
Усыған байланыслы Нызамда бекитилгениндей, егер 
мүрəжатта баян етилген ҳəм мүрəжатты көрип шығып атырған 
шөлкемниң ўəкиллигине киретуғын мəселени шешиў ушын 
қосымша мағлыўматлар, мағлыўматнамалар, қосымша үйрениў 
талап етилген жағдайда мəмлекетлик органның усы мүрəжатты 
көрип шығып атырған лаўазымлы шахсы физикалық яки 
юридикалық шахстан, сондай-ақ, өз ўəкиллиги шеңберинде 
басқа мəмлекетлик органлардан қосымша мəлимлеме сорап 
алыўы мүмкин. 
Мəмлекетлик органлар, олардың лаўазымлы шахслары, егер 
мəлимлеме мəмлекетлик сырды яки нызам менен қорғалатуғын 
басқа сырды қурайтуғын мағлыўматларды өз ишине алған бол-
маса, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықларына, 
еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине, жəмийет ҳəм 
мəмлекет мəплерине зыян келтирмесе, өзлеринен соралып 
атырған мəлимлемени он күн мүддет ишинде усыныўы шəрт.
5. Мүрəжатларды тийкарсыз рəўиште басқа органларға 
өткериўдиң қадаған етилгенлиги.
Жоқарғы мəмлекетлик органларға келип түсетуғын 
мүрəжатларда ол яки бул мəселени шешип бериў туўралы ил-
тимас пенен бир қатарда, көбинесе ҳəкимшилик органларының 
хатларды бир инстанциядан екиншисине тийкарсыз өткергени, 
мүрəжатларды көрип шығыўды өзи боладылыққа салғаны 
үстинен шағымлар келтирилген болады. Əсиресе, бир 
қатар жағдайларда мүрəжат етиўши үстинен шағым еткен 
органның өзинен ақырғы жуўап келген жағдайлар айырықша 
наразылықларды келтирип шығарады.


104
Усыған 
байланыслы, 
түсиник 
берилип 
атырған 
статьяның үшинши бөлиминде мүрəжатларды ҳəрекетлери 
(ҳəрекетсизлиги) үстинен шағым етилип атырған шөлкемлерге 
жибериў қадаған етилетуғыны белгилеп қойылған, бундай 
категориядағы мүрəжатларды көрип шығыў тек ғана сол 
шөлкемлердиң ўəкиллигине киретуғын жағдайлардан басқа.
Соның менен бирге, нызамшылық ҳүжжетлери менен 
қадаған етилгенине қарамастан, бул норманы «жасырын түрде» 
бузыў жағдайларын жийи ушыратыў мүмкин, яғный бунда 
жоқары турыўшы орган тексериў илажларын өткериўди, базыда 
ҳəтте жуўап жойбарын таярлаўды ҳəрекетлери үстинен шағым 
етилип атырған органға тапсырады. Ақырғы шешим қабыллаў 
тийкарынан топланған мағлыўматлардың характерине бай-
ланыслы, сонлықтан да бундай схема арқалы ҳəрекет етиў, 
əлбетте, надурыс шешимлерге, нызамлылықтың бузылыўына 
алып келеди.
Бизиң пикиримизше, көрилип атырған норманы Нызамға 
тийисли тыйым (қадаған етиў) киргизилгени мақсетинен ке-
лип шығып талқылаў керек. Бул тыйым ортаға қойылған 
мəселелерди объектив көрип шығыўды ҳəм шешиўди 
тəминлеўге, ҳəрекетлери үстинен шағым етилип атырған 
органның ақырғы шешимге тəсир етиў мүмкиншилигин 
болдырмаўға, шешимниң жоқары турыўшы орган тəрепинен 
өз бетинше қабыл етилиўин тəминлеўге қаратылған. Соның 
менен бирге, төменги шөлкем тəрепинен қабыл етилген қарар 
үстинен берилген шағымды ҳəр тəреплеме ҳəм толық көрип 
шығыў дəслепки ҳүжжетлерди, түсиндириўлерди ҳəм т.б. алма-
стан турып мүмкин емес, ал шешим қабыллаўға тийкар болған 
бул ҳүжжетлер болса усы шөлкемниң өзинде болады.
Жоқарыда баян етилгенлерди есапқа алған ҳалда, 
ҳəрекетлери үстинен шағым етилип атырған органға өзиниң 
ҳəрекетлери үстинен берилген шағым бойынша тексериў илаж-
ларын өткериўди тапсырыўға, сондай-ақ, усындай органға 


105
жуўап жойбарын ямаса шағым бойынша мағлыўматнама 
таярлаў ушын шағымды жибериўге, ҳəтте жуўаптың өзи фор-
мал түрде жоқары турыўшы орган тəрепинен жиберилген 
жағдайда да, жол қойылыўы мүмкин емес. Жоқары турыўшы 
орган ҳəрекетлери үстинен шағым етилип атырған органнан 
үстинен шағым берилип атырған шешим қабылланыўына бай-
ланыслы дəслепки ҳүжжетлер менен материалларды талап 
етип алыўы, оларды көрип шығыўы ҳəм мүрəжат бойынша 
тийкарланған шешим қабыллаўы тийис.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling