Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Мүрəжатларды басқа шөлкемлерге жибериў тəртиби
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
3. Мүрəжатларды басқа шөлкемлерге жибериў тəртиби.
Жазба мүрəжатта ол берилген шөлкемниң ўəкиллигине де, басқа органлардың ўəкиллигине де тийисли болған мəселелер баянланған жағдайларда мүрəжатларды басқа органларға жибериў мəселесине айырықша тоқтап өтиў лазым. Бул жағдайда мүрəжат келип түскен шөлкемниң ўəкиллигине тийисли мəселелер бөлеги мүрəжат мазмуны бойынша көрип шығылады ҳəм белгиленген мүддетте мүрəжат етиўшиге жуўап жибериледи. Соның менен бирге, бес күнлик мүддетте мүрəжаттың көширме нусқасы қалған мəселелерди шешиў ўəкиллигине ийе органға жибериледи ҳəм бул туўралы мүрəжат етиўшиге хабар бериледи. Жазба мүрəжатларда бир неше ҳəр түрли шөлкемлердиң ўəкиллигине тийисли мəселелер баян етилген жағдайларда бул мүрəжатлардың көширме нусқалары бес күнлик мүддетте тийисли шөлкемге жибериледи ҳəм бул туўралы мүрəжат етиўшилерге хабар бериледи. Егер мүрəжатта тийисли органларға жибериў ушын зəрүр мағлыўматлар болмаса, мəмлекетлик органлар бес күнлик мүддет ишинде мүрəжат мазмунын көрместен қалдырыўы ҳəм мүрəжат етиўшилерге мүрəжатларда баян етилген мəселелерди шешиў ушын қайсы шөлкемге ҳəм қандай тəртипте мүрəжат етиў кереклиги туўралы түсиндириўлер менен хабар береди. Солай етип, Нызам мазмунына муўапық, мүрəжат етиўшиге ол ортаға қойған мəселелер шөлкемниң ўəкиллигине кирмейди деп ғана жуўап бериўге жол қойылмайды. Мүрəжат етиўшиге қайсы конкрет шөлкемге мүрəжат етиў кереклигин анық көрсетип бериў керек. 102 Еки альтернатив имканияттың (мүрəжатты тийисли ўəкилликке ийе шөлкемге жибериў ямаса мүрəжат етиўшиге қайсы шөлкемге мүрəжат етиў кереклигин түсиндириў) белгилениўи шөлкемниң ўəкиллигине кирмейтуғын барлық мүрəжатларға байланыслы қолланылатуғын улыўма қағыйда бо- лып есапланады. Бирақ нызам ҳүжжетлеринде бул қағыйданың тек биреўи қолланылатуғын жағдайлар белгиленген: бириншиден, суд қарарлары үстинен шағымнан ибарат жазба мүрəжат бес күнлик мүддетте мүрəжат бериўшиге суд қарарлары үстинен шағым етиў тəртиби туўралы түсиндириўлер менен қайтарылады. Бул өзгешелик суд ҳəкимиятының бийғəрезлиги принципинен келип шығады; екиншиден, таярланып атырған, исленип атырған яма- са исленген жынаят ямаса басқа ҳуқықбузарлық ҳаққында мағлыўматлардан ибарат мүрəжатлар бес күнлик мүддеттен кешиктирместен бул мүрəжатлар келип түскен шөлкемлер тəрепинен тийисли ҳуқық қорғаў яки басқа мəмлекетлик органларға жибериледи ҳəм бул туўралы мүрəжат етиўшиге ха- бар бериледи. Бундай түсиндириўлер арза бериўшиге өзиниң мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге асырыўына жəрдем береди. Бул илажлардың нəтийжелилиги көп жағынан олардың барлық зəрүр мəлимлемелерден ибарат екенлигине ямаса тек улыўма пикирлер менен шекленгенине байланыслы. Сонлықтан да мүрəжат етиўши мүрəжат етиўи тийис болған орган яки шөлкемниң мəнзили, оның қабыллаў ўақты (егер бар болса) ҳəм т.б. туўралы мағлыўматты алыў имканиятына ийе болыўы мақсетке муўапық. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling