90
кирин билдиргени, сынға алғаны мүнəсибети менен қуўдалаў
қадаған етиледи.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың олардың мүрəжат
етиўи мүнəсибети менен қəўипсизлигин тəминлеўдиң ҳуқықый
кепилликлери Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң
144-статьясы екинши бөлиминде
1
бекитилип қойылған.
Физикалық ҳəм юридикалық шахсты, оның ўəкилин, олардың
шаңарақ ағзаларын, юридикалық шахсты, оның ўəкилин
ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң шаңарақ ағзаларын олар
мəмлекетлик органға, мəмлекетлик мəкемеге яки пуқаралардың
өзин өзи басқарыў органларына мүрəжат еткени мүнəсибети ме-
нен ямаса билдирилген пикири ҳəм мүрəжатындағы сын ушын,
сондай-ақ, басқаша формада сынға алғаны ушын лаўазымлы
шахс тəрепинен қуўдалаў, – ең кем ис ҳақының
жигирма бес
есесинен елиў есесине шекемги муғдарда жəрийма
яки еки
жылдан үш жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки үш жылға
шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
1
Өзбекистан Республикасы Жынаят кодекси. – Т.: Адолат, 2014. –296-б.