Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги
Download 1.38 Mb.
|
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев
- Bu sahifa navigatsiya:
- Компоненталар палитрасы
Айналарды сазлаў5-версиядан баслап бас айна жоқарыдағы таблицаның Desktops группасында көрсетилген 3 жаңа интерфейс әмеллери менен байытылды. Бул инструментлер жәрдеминде программист Delphi диң қалған айналарын жайластырыўдың бирнеше вариантын таярлаўы ҳәм оларды сазланған файлда сақлаўы мүмкин. Әдетте, айналардың 2 ямаса 3 конфигурациясы таңланады: формаларды ислеў режими ушын, кодлаў ушын ҳәм отладка ушын. Формаларды ислеўде экранда форманың өзи, объектлер иерархиясы ҳәм объектлер инспекторы көринип турыўы керек. Бул айналардың сайкес өлшем ҳәм жағдайын сазлап, бундай сазлаўды, мысалы, Design Desk аты менен сақлаў мүмкин. Кодлаў режими ушын экранда әдетте максимал ашылған Code Explorer броузерли код айнасы ҳәм оған бириккен объектлер иерархиясы айнасы керек. Бундай конфигурацияны Code-Desc аты менен сақлаў мүмкин. Соң отладочный режимде код айнасына айырым отладочный айналарды қосыў мүмкин. Мысалы, Watches (өзгериўшилер/аңлатпаларды бақлаў айнасы) ҳәм Breakpoints (контроль тоқтаўлар точкасын жаратыў/сазлаў айнасы). Бундай конфигурацияны Debug Desk аты менен сақлаймыз. Енди, сол ямаса басқа режимге өтиўде дизимди ашыў ҳәм оннан керек настройканы таңлаў жеткиликли. Компоненталар палитрасыКомпоненталар политрасы бул Delphi диң бас байлығы. Ол бас айнаның оң бөлимин ийелейди ҳәм керек компонентти тез излеўди тәмийнлейтуғын белгиге ийе. Компонент дегенде белгили қәсийетлерге ийе ҳәм формалар айнасында жайластырылған қандайда бир функционал элемент түсиниледи. Компонентлер жәрдеминде программаның каркасы жаратылады, улыўма жағдайда-оның экрандағы сыртқы көриниси: айна, кнопкалар, дизимлер ҳ.т.б. Кнопкалар панелиндей, компоненталар политрасыда сазланады. Буның ушын арнаўлы редактор пайдаланады. Оның айнасы экранда компоненталар политрасының қәлеген пиктограммасында мыщтың оң кнопкасын шерткеннен ҳәм properties опциясын таңлағаннан соң пайда болады. Жаңа компонент жаратыўды еле билмейтуғын болсақ, онда қандайда бир компонентти өшириўге болмайды. Сонлықтан политралар редакторы менен эксперимент өткерген мақул. Download 1.38 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling